Форум биринши мәрте Евроазия омбудсманлар альянсы мәжилиси, халықаралық илимий-әмелий конференция ҳәм Жаслар форумын бирлестирген жаңа форматта өткерилмекте.
Илажда 70 мәмлекеттен 450 ден аслам ўәкил, соның ишинде, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша миллий институтлар, халықаралық экспертлер ҳәм жас ҳуқық қорғаўшылар қатнаспақта.
Форумның биринши күни Евроазия омбудсманлар альянсының жумысына бағышланды. Қатнасыўшылар оның қурамын кеңейтиў, инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, жасларды интернеттеги зыянлы мәлимлемелер тәсиринен қорғаў мәселелерин додалады.
Додалаўлар даўамында Өзбекстан Омбудсманы орынбасары балалар ҳәм жаслар ҳуқықларын қорғаў, олар ушын қәўипсиз санлы орталық жаратыў, интернеттеги зыянлы мәлимлемелер тәсириниң алдын алыў бағдарындағы мәмлекетимиз тәжирийбеси менен таныстырды.
Буннан тысқары, санлы мәканда инсан ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин жетилистириў, халықтың санлы саўатлылығын арттырыў, жаслардың ҳуқықый мәдениятын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Форум бағдарламасында инсан ҳуқықларын қорғаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша тәжирийбе алмасыў, омбудсманлар институтлары арасында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў нәзерде тутылған.