Сөйлесиўде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин нәтийжели қорғаў,
тәжирийбе алмасыў, парламентлер, омбудсманлар ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў
бойынша миллий институтлар арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да
раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде халық пенен тиккелей
пикирлесиўдиң әҳмийетине айрықша итибар қаратылды. Сенаторлардың аймақларда
халық пенен ушырасыўлары ҳәм көшпели қабыллаўлары, пуқаралардың мүрәжатларын
үйрениў, парламентлик қадағалаў механизмлери арқалы нызамлар ҳәм мәмлекетлик
бағдарламалардың орынланыўын таллаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат
берилди.
Бул процессте
жергиликли Кеңеслер менен тығыз бирге ислесиў, аймақлардағы реал талап ҳәм
машқалалардан келип шығып, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў
әҳмийетли бағдарлардан бири екени атап өтилди.
Сөзге шыққанлар
Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы халықаралық басламалары,
ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, инсан
ҳуқықлары менен еркинликлерин кепиллеў механизмлерин жетилистириў бағдарында әмелге
асырылып атырған реформаларды айрықша атап өтти.
Атап
өтилгениндей, мәмлекетимизде әмелге асырылған конституциялық реформалар инсан
ҳуқықларын қорғаўдың ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкарларын және де
беккемледи. Соның ишинде, Сенат ҳәм Омбудсман нызамшылық усынысларын киргизиў
ҳуқықына ийе.
Омбудсманның
ўәкилликлери кеңейтилип, оның Конституциялық судқа мүрәжат етиў, инсан
ҳуқықлары бузылған жағдайларды тексериў, ескертиў ҳәм усыныслар киргизиў, зәрүр
жағдайларда шахсларды жуўапкершиликке тартыў сыяқлы әҳмийетли ўәкилликлери
беккемленди.
Сөйлесиў
даўамында инсан ҳуқықлары улыўмаинсаныйлық қәдирият ҳәм ҳәмме ушын улыўма
жуўапкершилик екени атап өтилди. Халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм алдынғы сырт
ел тәжирийбесин үйрениў, тәжирийбе алмасыў ҳәм әҳмийетли мәселелерди биргеликте
шешиў инсан ҳуқықларын қорғаў нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны
атап өтилди.