Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи
нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма үнемленген қаржылары
89,2 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 157 телефон номери
сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 18 265 келисим дүзилген.
Полиэтилен
Өткен ҳәптеде биржа саўдаларына 3 363,0 тонна полиэтилен қойылып, соннан
3 353,0 тоннасы ямаса 99,7 проценти сатылды. Орташа суткалық саўда көлеми 671,0
тонна.
Көрип шығылып
атырған дәўирде полиэтиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 18 675,8
мың сумнан 18 103,4 мың сумға шекем төменледи. Биржа саўдаларында ҳәр күни
орташа 94 қарыйдар қатнасты.
Шелуха
Биржа
саўдаларында 3 199,0 тонна шелуха сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 3
қарыйдар қатнасты. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 800,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып
атырған дәўирде шелуханың күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 402,4 мың
сумнан 3 402,4 мың сумға шекем арзанлады.
Аммиаклы селитра
Өткен ҳәптеде
биржа саўдаларында 19 514,0 тонна аммиак селитра сатылды. Биржа саўдаларында
ҳәр күни орташа 1 101 қарыйдар қатнасты. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 3
903,0 тоннаны қурады.
Көрип шығылып
атырған дәўирде аммиаклы селитра өниминиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын
3 813,2 мың сумнан 3 766,5 мың сумға шекем төменледи.
Барлық
товарлардың ҳәптелик баҳалары менен силтеме арқалы танысыў мүмкин.