Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи
нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма қаржылары
үнемленгени 180,1 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 204 телефон номери
сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 15 018 келисим дүзилген.
Цемент
Биржа саўдаларына 776 804,0 тонна цемент қойылып, соннан 381 305,0
тоннасы ямаса 49,1 проценти сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 76 261,0
тоннаны қураған.
Көрип шығылып
атырған дәўирде цементтиң күнлик орташа баҳасы тоннасы ушын 667,5 мың сумнан
604,7 мың сумға шекем арзанлады. Биржа саўдаларында күнине орташа 91 қарыйдар
қатнасты.
Пахта майы
Өткен ҳәптеде
биржа саўдалары арқалы 888,0 тонна пахта майы сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми
орташа 178,0 тоннаны қураған. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 4 қарыйдар
қатнасты.
Көрип шығылып
атырған дәўирде барлық сорттағы пахта майының күнлик орташа баҳасы бир тоннасы
ушын 19 408,3 мың сумнан 19 228,6 мың сумға түсти.
Полипропилен
Өткен ҳәптеде 2
065,0 тонна полипропилен сатыўға шығарылып, соннан 1 634,0 тоннасы ямаса 79,1
проценти сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 327,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып
атырған дәўирде барлық маркадағы полипропиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы
ушын 18 336,2 мың сумнан 18 074,6 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында ҳәр күни
орташа 34 қарыйдар қатнасты.
Барлық
товарлардың ҳәптелик баҳалары менен силтеме арқалы танысыў мүмкин.