"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 20-сентябрь, екшемби күни
Өзбекстан аймағында, қубла ўәлаятларынан тысқары, бултлылық артып, күндизги
температура 2-3 дәрежеге төменлеўи күтилмекте. Тек ғана Наманган ҳәм Ферғана
ўәлаятларының таўлы аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.
Республикамыздың шөл аймақлары ҳәм таўлы аймақларында 20-сентябрьде
самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен
жаўыўы мүмкин.
Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип
турады, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде - 18-20гр жыллы,
күндиз 18-19-сентябрьде - 32-34гр жыллы, 20-сентябрьде - 30-32гр жыллы.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.