Бунда бир ғана "әжайып өним"ди излеў керек емес: саламатлықты сақлаў ушын ҳәр түрли ҳәм тең салмақлы аўқатланыў әҳмийетлирек.

Цинк ҳәм селенниң дереклери асқабақ туқымлары, ғоза, теңиз өнимлери, түйе таўық, мәйек. Д витаминин майлы балықлардан - сельд, лосось, скумбрийден алыў мүмкин.

Сондай-ақ, қурамында биологиялық актив элементлери бар сарымсақ, пияз, имбирь пайдалы есапланады. Ишеклердиң саламатлығын сақлаў ушын рационға пробиотиклерге ийе өнимлер - йогурт, кефир, ряженканы киргизиў мүмкин.

Солай етип, гүз мәўсиминде аўқатланыўды ҳәр түрли етиў, яғный овощлар, мийўелер, балық, ғоза, ашытылған сүт өнимлери ҳәм организм ушын зәрүр болған витамин ҳәм микроэлементлерге бай басқа да өнимлер бериў усыныс етиледи.