Азанғы аўқат баланың оқыў күни даўамында мийнет қәбилетин сақлаўға жәрдем береди

Азанда аўқатланыў организмди жедел ақылый ҳәм физикалық искерлик ушын зәрүр болған энергия менен тәмийинлейди. Турақлы түрде азанғы аўқат ишетуғын балалар оқыў жүклемелерин жақсы орынлайды. Соның ушын баланы азанғы аўқатсыз мектепке жибериўге болмайды. Шийринлик ҳәм газленген ишимликлер орнына мийўе ҳәм таза ишимлик суўын берген жақсы.

Тез шаршаў кемқанлықтың белгиси болыўы мүмкин

Егер бала тез шаршап қалса, бўл ҳәр дайым да активликтиң жетерли емеслигин ямаса ериншекликти билдирмейди. Буның себеплериниң бири анемия, соның ишинде, темир жетиспеўшилигинен келип шыққан анемия болыўы мүмкин. Айырым жағдайларда баланың денсаулығы жағдайына ишек паразитлери де тәсир етиуи мүмкин.

Күшейген шаршаў белгилери пайда болғанда ата-аналар шыпакерге мүрәжат етиўи, зәрүр жағдайларда тексериўден өтиўи, қанның улыўма анализин өткериўи керек. Темир жетиспеўшилигиниң алдын алыў ушын рационға усы микроелементке бай өнимлерди, соның ишинде, гөш ҳәм собықлы өнимлерди киргизиў зәрүр. Сондай-ақ, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў, соның ишинде, аўқатланыўдан алдын қолларды жуўыў зәрүр.

Йодланған дуз баланың нормал раўажланыўы ушын әҳмийетли

йод қалқан тәризли бездиң дурыс ислеўи ҳәм нерв системасының толық раўажланыўы ушын зәрүр. Оның кемшилиги баланың ақылый раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Соның ушын үй тағамында йодланған дузды қолланыў усыныс етиледи, бунда қадақлаўдағы белгилерге итибар қаратылады. Соның менен бирге, дуздан пайдаланыўда да орташа муғдарға әмел етиў зәрүр.

Балаларды саламат аўқатландырыўдың тийкарғы принциплери:

күнделикли рационға жетерли муғдарда овощ, мийўе, гөш, балық, сүт ҳәм дән өнимлерин киргизиў;

таза ҳәм сапалы өнимлерден санитариялық-гигиеналық талапларға әмел еткен ҳалда тағам таярлаў;

аўқатланыўдың турақлы режимине әмел етиў - баланың жасын есапқа алған ҳалда күнине кеминде 3-4 рет;

қурамында қант, дуз ҳәм тойынған май муғдары жоқары болған өнимлер, сондай-ақ, чипс, фастфуд ҳәм газленген мазалы ишимликлерди шеклеў;

таза ишимлик суўы менен турақлы тәмийинлеў.

Ата-аналарға усыныслар:

баланың мектепте ямаса балалар бақшасында не менен аўқатланып атырғаны, усыныс етилген меню оған унай ма ҳәм жетерли дәрежеде аўқатланып атырғанын сорастырың;

балада саламат аўқатланыў әдетин қәлиплестириң, толық аўқатланыўға айрықша итибар бериң;

чипслер, мазалы затлар ҳәм газленген ишимликлер орнына жасыңыз ҳәм аллергиялық реакцияларыңызды есапқа алып, өзиңиз бенен мийўелер, кептирилген мийўелер ямаса ғозалар алыўды усыныс етиң.

Баланың денсаўлығын сақлаў, оның ҳәр тәреплеме раўажланыўы ҳәм табыслы оқыўының әҳмийетли шәрти - бала жасынан дурыс аўқатланыў әдетлерин қәлиплестириў болып есапланады.