Елимизде санаат қуўатлықлары кеңейип, халықтың талаплары артып атырғаны
тәбийий газ ҳәм нефть өнимлерине талапты арттырмақта. Бундай шараятта ишки
базарды зәрүр ресурслар менен турақлы тәмийинлеў, мәўсимлик талапларды алдыннан
есапқа алыў ҳәм баҳалардың тийкарсыз өсиўине жол қоймаў үлкен әҳмийетке ийе.
Презентацияда нефть ҳәм газ қазып шығарыў, импорт етиў, қайта ислеў,
резервлеў ҳәм тутыныўшыларға жеткерип бериў жағдайы көрип шығылды. Тармақлар
ҳәм аймақлардың талабын анық есап-санақ етиў, ишки талапты тийкарғы тәмийинлеў
ҳәм жеткерип бериў графиклерине қатаң әмел етиў зәрүрлиги атап өтилди.
“Өзбекнефтьгаз”
акционерлик жәмийетинде тәбийий газ қазып шығарыў пәтлерин турақлы сақлаў,
кәнлердиң имканиятынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа қудықларды өз ўақтында
иске қосыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.
Август айында 27
қудықты иске қосыў режелестирилген. “Янги Култак”, “Ниёз”, “Қаратаў”,
“Марварид” ҳәм “Тегирмон” кәнлериндеги жумыслар есабынан қосымша 887 мың куб
метр тәбийий газ қазып шығарыў имканияты жаратылады.
Қудықларды
бурғылаўдан баслап, оларды газ жеткерип бериў тармағына жалғаўға шекемги
процесслерди күнлик қадағалаўға алыў, электр тәмийнаты ҳәм өндирис
инфраструктурасының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Нефть ҳәм газди
қайта ислеў кәрханаларын шийки зат пенен турақлы тәмийинлеў, бар қуўатлықлардан
нәтийжели пайдаланыў ҳәм ишки базарда талап жоқары болған өнимлер ислеп
шығарыўды көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Углеводород
ресурсларын аймақларға өз ўақтында ҳәм жетерли көлемде жеткерип бериў, зәрүр
резервлерди алдыннан қәлиплестириў және ислеп шығарыўшы, тасыўшы ҳәм сатыўшы
кәрханалардың жумысын өз-ара муўапықластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Баҳалардың
турақлылығын сақлаў ушын базарда жетерли усынысты тәмийинлеў, өнимлерди биржа
саўдаларына талаптан келип шығып шығарыў, өндирис ҳәм логистика қәрежетлерин
қысқартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ресурсларды тийкарсыз услап турыў,
жасалма жетиспеўшилик жүзеге келтириў ҳәм баҳаларды арттырыўға қаратылған
жағдайлардың алдын алыў бойынша тәсиршең қадағалаў орнатыў тапсырылды.
Ишки базарда
талап ҳәм усыныс тең салмақлылығын сақлаў, углеводород ресурсларын жеткерип
бериўде үзилислерге ҳәм баҳалардың тийкарсыз өсиўине жол қоймаў мақсетинде
“Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетине нефть ҳәм газ қазып шығарыў бойынша
белгиленген прогноз көрсеткишлерин сөзсиз тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Суйылтылған
газ ислеп шығарыў көлемин жылдың ақырына шекем режедеги 520 мың тонна орнына
606 мың тоннаға жеткериў тапсырылды.
Жуўапкерлерге
ишки базар талабын күнлик таллап барыў, тәмийнат пенен байланыслы
қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм зәрүр илажларды өз ўақтында көриў бойынша
көрсетпелер берилди.