Қайтыс болғанлар саны 162 ге артқаны, 823 адам аймақтан тысқарыда қалып атырғаны мәлим етилди.

558 адам, соның ишинде, 260 сырт ел пуқарасы бийдәрек жоғалған.

08:09

Кеминде 558 адам изсиз жоғалған деп есапланбақта Қытайдың Непал менен шегарасындағы "Гьиронг" шегара пунктинде жүз берген көшки ақыбетинде кеминде 558 адам изсиз жоғалған деп есапланбақта.

Бул ҳаққында Қытай Орайлық телевидениеси хабар берди, деп жазбақта “Report”.

Жәрияланған мағлыўматларға қарағанда, жоғалған 558 пуқараның 260 ы сырт ел пуқаралары болып есапланады.

Непал ҳәкимияты болса мәмлекет арқасындағы зыян көрген аймақларда излеў-қутқарыў жумысларын күшейтти.

Турақлы армия әллеқашан жәбирленген аймақларға ең зәрүр азық-аўқат өнимлери, шатырлар ҳәм жәрдем буйымлары, соның ишинде, дәри-дәрмақларды жеткерип берген. Бас министрдиң мәкемесиниң анықлық киргизиўинше, Тимур, Сябрубеси районлары ҳәм дәрья бойлап армия ҳәм жеке меншик компаниялардың вертолётлары, сондай-ақ, қурғақлықтағы излеў топарлары мобилизацияланған.

Алдынырақ Непалда көшки ақыбетинде 157 адам қайтыс болғаны, және үш адам Қытайда тәбийғый апатшылық қурбаны болғаны мәлим болған еди.