Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйеп, көргизбе-ярмарканың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Өткерилген кѳргизбе ярмаркасына 212 мәкеме ҳәм кәрханалар 1500 ден аслам жумыс орынлары менен қатнасты. Сондай-ақ, жасларымызға өзин-өзи бәнт етиў ҳәм өзлериниң бизнесин жолға қойыўы ушын 100 ге жақын зәрүрли әсбап-үскенелер, үй шараятында бизнес баслаў ушын коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген кредит пакетлери усынылды.

Соның менен бирге, илаж шеңберинде бос жумыс орынлары ярмаркасы, жумыс бериўшилер менен ушырасыўлар, әмелият ҳәм стажировка бағдарламалары бойынша презентациялар, стартап жойбарлар көргизбеси, «Өзмиллийбанк» тәрепинен жеңиллетилген кредитлер ҳәм финанслық саўатлылық темасында семинарлар шөлкемлестирилди.

– Быйыл Нөкис техника университетин питкерип, усы өткерилип атырған ярмаркаға өзиме қолайлы жумыс излеп қатнастым ҳәм пайтахтымызда жайласқан оқыў орайына жумысқа орналастым, – дейди илаж қатнасыўшыларының бири Айнура Балтабаева. – Усы орында ярмарканы шөлкемлестирген барлық мәкеме ҳәм шөлкем басшыларына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Өткерилген илажға Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.