Соңғы жыллары мәмлекетимизде халық ҳәм бизнес ушын мәмлекетлик хызметлердиң қолайлығы, жеделлиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Мәмлекетлик хызметлер менен қамтып алыў 10 есеге артып, 61 миллионнан асты, хызметлердиң 80 проценти онлайн тәризде көрсетилмекте. Тек ғана 2025-жылдың өзинде исбилерменлик жумысы тараўындағы 2 мыңнан аслам мәжбүрий талаплар бийкар етилди.
Соның менен бирге, бул тараўда елеге шекем артықша тәртип-қағыйдалар, қағазпазлық ҳәм бир-бирин қайталайтуғын талаплар сақланып қалмақта. Бүгинги күнде мәмлекетлик уйымларда 5 мың 650 функция, бизнести тәртипке салыў бойынша 42 мыңнан аслам мәжбүрий талаплар, 1 мың 41 мәмлекетлик хызмет бар.
- Бундай көп санлы функциялар ҳәм талаплар системаны нәтийжесиз, қымбат ҳәм гейде әдалатсыз етип қойыўы мүмкин. Соның ушын бирден-бир дурыс жол - тәртиптен шығарыў, санластырыў ҳәм әпиўайыластырыў, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстанды 2030-жылға шекем артықша бюрократиядан жырақ аймаққа айландырыў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте "Бюрократияны сапластырыў - 2030" бағдарламасы басланды. Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги жанында өз алдына жойбарлаў офиси шөлкемлестирилди.
Бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик уйымлардың жумысын 30 процентке қысқартыў, бизнеске қойылатуғын талапларды 20 процентке шекем оптималластырыў, электрон мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 90 проценттен арттырыў нәзерде тутылған.
Презентацияда "сервис мәмлекети" модельи тийкарында мәмлекетлик хызметлер системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды. Тийкарғы итибар хызметлерди тез, ашық-айдын ҳәм қолайлы - бирде-бир артықша ҳүжжет талап етпей көрсетиўге қаратылған.
Атап айтқанда, 783 түрдеги мәмлекетлик хызметлерде "бюрократияға шек қойыў" принципин енгизиў усыныс етилди. Бул 550 хызметти электрон формаға өткериў ҳәм оларды көрсетиў басқышларын 2 есеге қысқартыў имканиятын береди. Және 80 хызметти проактив ҳәм композит форматқа өткериў режелестирилген. Нәтийжеде халықтың ҳәр қыйлы уйымларға барыўы менен байланыслы жылына 35 миллиард сумға шекемги транспорт қәрежетлери үнемленеди.
Және 80 хызметти көрсетиў мүддети 2-3 есеге қысқарып, орташа 13 күннен 6 күнге жетеди. Он хызмет толық автоматластырылыўы режелестирилген. 25 түрдеги хызметлер ушын төлемлердиң азайтылыўы есабынан халықтың ықтыярында жылына 851 миллиард сумға шекем қаржы қалады.
10 хызмет жеке меншик секторға өткерилип, 15 түрдеги мағлыўматнама ҳәм ҳүжжетлер санластырылады. Бул 270 тен аслам хызмет бойынша мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди қайта сораў зәрүрлигин сапластырыў имканиятын береди.
Мәжбүрий талапларды қайта көрип шығыўға айрықша итибар қаратылды. Мәселен, базар жумысына байланыслы 20 ҳүжжетте 500 ден аслам талап бөлек-бөлек қолланылмақта. Оларды системаластырыў талаплардың 30 проценттен асламын оптималластырыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, санитариялық талапларға муўапықлық актин ҳәм медициналық тексериўден өткерилетуғын хызметкерлердиң дизимин электрон система арқалы қәлиплестириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул арқалы жылына 1 миллиард сум бюджет қаржылары үнемленеди ҳәм хызметкерлердиң 24 мың жумыс сааты оператив жумысларға бағдарланады.
Есап-санақларға бола, ҳәкимшилик жүктиң қысқарыўы экономикаға жылына 1,5 миллиард доллар муғдарында тиккелей нәтийже келтиреди. Тәртипке салыў сапасының жақсыланыўы қосымша 800 миллион доллар сырт ел инвестицияларын тартыўға хызмет етеди. Мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы бирге ислесиўди жеңиллетиў нәтийжесинде жыллық мийнет өнимдарлығы 750 миллион долларға артады. Улыўма етип айтқанда, бюрократияны қысқартыў илажлары 2026-2030-жылларда мәмлекетимиз экономикасын қосымша 13 миллиард долларға арттырыў имканиятын береди.
Презентацияда reestr.gov.uz бирден-бир платформасында мәмлекетлик функциялар, мәжбүрий талаплар ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң реестрлерин жүргизиў, уйымлардың жумысын «Bureaucracy radar» системасы тийкарында баҳалаў ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде таллаў, "Бизнес калькулятор" арқалы исбилерменлердиң қәрежетлерин есаплаў системасын енгизиў усынысы билдирилди.
Президентимиз мәмлекетлик хызметлер инсан мәплерин тәмийинлеў, бизнес ушын қолайлы орталық жаратыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигине тиккелей байланыслы екенин атап өтти. Ҳәр бир министрлик ҳәм уйым өз функцияларын қайта көрип шығып, артықша талап ҳәм ҳүжжетлерди бийкар етиўи, хызметлерди санластырыўды жеделлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге бюрократияны сапластырыў бойынша қарар жойбарын киргизиў, онда ҳәр бир министрлик ҳәм уйым кесиминде санластырыў, мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў ҳәм жеке меншик сектордың үлесин арттырыў бойынша анық режелерди белгилеў тапсырылды.
Сондай-ақ, алдыңғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, барлық мәмлекетлик уйымларда "бюрократияға шек қойыў" принципин избе-из енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.