Елимизде азық-аўқат өнимлерин турақлы жеткерип бериў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў ушын кең имканиятлар жаратылған. 4 миллион гектар егислик майданы, 1,5 миллион тонна сыйымлылықтағы қоймаханалар ҳәм 3,5 миллион тонна қайта ислеў қуўатлылығы халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, 4 миллиард долларлық экспорт етиў имканиятын береди.

Өзбекстан 2030-жылға шекем азық-аўқат өнимлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериў ҳәм экспорт географиясын және 100 мәмлекетке кеңейтиў нийетинде.

Мәжилисте бул мақсетлерге ерисиў ушын азық-аўқат қәўипсизлиги системасы халықаралық стандартларға толық жуўап бериўи керек екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнге шекем азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм қадағалаўы менен үш уйым шуғылланып келген. Нәтийжеде санитария, ветеринария ҳәм карантин уйымлары арасында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмеген, айырым ўазыйпа ҳәм функциялар бир-бирин тәкирарламақта. Соның ақыбетинде исбилерменлер экспорт ҳәм импорт процесинде артықша әўерегершиликке дус келмекте.

Өсимликлер карантини агентлигиниң 100, Ветеринарияны раўажландырыў комитетиниң 115, санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў системасында 44 ўазыйпа ҳәм функциясы бар екенлиги, өнимлерди жетистириўден тутыныўшыға шекем алып барыў системасы елеге шекем толық жолға қойылмағаны атап өтилди.

Экспорт тараўында да шешимин күтип турған мәселелер сақланып қалмақта. Атап айтқанда, Европа Аўқамы жергиликли өнимлер қурамында пестицидлер қалдығы бар екенлиги бойынша 25 мәрте ескертиў бергенлиги атап өтилди. Бул халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ушын өнимлердиң қәўипсизлигин қадағалаў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етеди.

Атап өтилгениндей, әмелде қадағалаў уйымлары тек ғана ақырғы өнимди тексериў менен шекленип қалып, өндирис шынжырының барлық басқышларында азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын халықаралық стандартларды енгизиўге жетерли итибар қаратылмаған.

Соның ушын азық-аўқат қәўипсизлиги системасын түп-тийкарынан реформалап, халықаралық талапларға жуўап беретуғын бирден-бир орайласқан система жаратыўға қарар етилди.

Оған бола, "атыздан дастурханға шекем" принципи тийкарында барлық қадағалаў процесслерин қамтып алатуғын Азық-аўқат қәўипсизлиги комитети шөлкемлестириледи. Ол Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Ветеринарияны раўажландырыў комитети ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық комитетиниң азық-аўқат қәўипсизлигине жуўапкер бағдары тийкарында қәлиплестириледи.

Жаңа системада исбилерменлик жумысына тосқынлық етип атырған ески тексериўлерден ўаз кешиледи. Азық-аўқат өнимлерин мәжбүрий сертификатлаў бийкар етилип, оның орнына қәўип-қәтерди баҳалаў тийкарында қадағалаў ҳәм тексериўлер өткериў тәртиби енгизиледи.

Бүгинги күнде бундай қатнас республика бойынша 80 мың объекттен тек ғана 1 мың 600не, яғный 2 процентке енгизилген. Келешекте қәўипли өним ҳаққында оператив түрде хабар бериў ҳәм оны айланыстан шақырып алыў бойынша электрон система жаратылады.

2029-жыл 1-январьдан мийўе-овош өнимлерин экспорт етиў тек ғана агрологистика орайлары арқалы әмелге асырылады. Экспорт потенциалы жоқары болған азық-аўқат санаатының ири кәрханаларын қәўип-қәтерди таллаў бойынша халықаралық стандартлар ҳәм "Алиментариус" Кодекси нормаларына өткериў бойынша бағдарлама ислеп шығылады. Бул көрсеткишти 2028-жылға барып 20 процентке, 2030-жылға барып 60 процентке, 2032-жылға барып 100 процентке жеткериў режелестирилген.

Мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген 20 районда ишки фитосанитария сертификатларын рәсмийлестириўге жәрдемлесетуғын жәмийетлик инспекторлар жумысы жолға қойылады. Енди мийўе-овош экспортының статистикасы қайсы аймақта жетистирилсе, сол аймақта есапқа алынады.

2027-жылдан лаборатория тексериўлери, ҳайўанларды шаншыў, дезинфекциялаў ҳәм идентификациялаў сыяқлы 6 мәмлекетлик функция басқышпа-басқыш жеке меншик секторға өткериледи. Ўәлаят ҳәкимлерине усы бағдарлар бойынша жылдың ақырына шекем кеминде еки жеке меншик лаборатория ҳәм ветеринария клиникаларын шөлкемлестириў илажларын көриў тапсырылды.

Ҳәр бир өним түри бойынша онлайн мониторинг системасы енгизиледи. "Агро жәрдемши" мобил қосымшасында фермер ҳәм дийқанлар ушын "Дала күнделиги" электрон системасы енгизиледи. Жасалма интеллект зыянкеслердиң тарқалыўын прогноз етип, дийқанларға керекли усынысларды береди.

Жедел ҳәм ҳадал дийқанлардың рейтингин жүргизип барыў, оларға қосымша жеңилликлер бериў нәзерде тутылған. 2027-жыл 1-мартқа шекем Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги бойынша бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме платформасы иске қосылады. Ол "бир айна" шегара қадағалаўы системасы менен интеграцияланып, экспортёрларды артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдалардан азат етеди.

Жаңа система нәтийжесинде импортта қадағалаў ўақты 9 күннен 2 күнге, экспортта 3 күннен 1 күнге қысқарады. Нәтийжеде исбилерменлер 70 миллиард сумлық қойма қәрежетлерин үнемлейди.

Мәжилисте шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў мәселелери де додаланды.

Таллаўларға бола, кейинги 25 жылда дүнья мәмлекетлериниң 42 процентинде қарамал бас саны 12 процентке азайған. Тийкарғы себеплер от-жемниң қымбатлығы, қурғақшылық, экологиялық факторлар, жоқары процент ставкалары ҳәм дәраматлардың азайыўы менен байланыслы. Нәтийжеде гөштиң дүньядағы орташа баҳасы рекорд дәрежеге жетти.

Өзбекстанда шарўашылықты раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Елимизде 16 миллион гектар жайлаў болса да, бул имканияттың дерлик 10 процентинен пайдаланылмақта.

Бул бағдарда Аўыл хожалығы министрлиги жанында Шарўашылық ҳәм жайлаўшылықты раўажландырыў агентлиги шөлкемлестириледи. Ол Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети негизинде өз жумысын баслайды.

Жаңа агентликке қарамаллардың санын 16,5 миллионға, қой-ешкилердиң санын 30 миллионға, қуслардың санын 141 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, гөш ҳәм сүтти қайта ислеў дәрежесин 50 процентке, нәсилли қара маллардың үлесин 90 процентке жеткериў, от-жем майданларын 1,5 есеге көбейтиў режелестирилген.

Азықлық базасын кеңейтиў ҳәм нәсилли шарўашылықты жетилистириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 1 район шарўашылыққа қәнигелестириледи.

Бул районларда пахта ҳәм ғәлле майданларының 50 процентине азықлық егинлер егиўге рухсат бериледи, оған 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Барлық фермер хожалықларына ижараға берилген 20 сотих жерде жеңил конструкциялы имаратлар, от-жем қоймаханалары ҳәм силос шуқырларын қурыўға артықша бюрократиясыз руқсат бериледи.

Жылдың ақырына шекем кеминде 10 гектар жери бар 28 мың 746 фермер хожалығында 2 миллион бас қарамал бағыўды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Шарўашылықты қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары да белгиленди. 1-июньнен коммерциялық банклер 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жылға шекемги мүддетке 10 процентлик ставкада кредит береди. 2029-жылға шекем нәсилли шарўа малларын импорт етиўшилер қосымша қун салығынан азат етиледи.

Банклерге 6 проценттен 1 триллион сум ҳәм 50 миллион доллар ресурс жайластырылады. Усы қаржылар есабынан усы жылы улыўма баҳасы 5,5 триллион сумлық 1 мың 500 жойбар әмелге асырылып, 25 мың жумыс орнын жаратыў, қарамалларды 400 мың басқа көбейтиў режелестирилген.

Кадрлар таярлаў ҳәм нәсилли қарамалды көбейтиў бойынша жаңа бағдарлама иске қосылады. 1-июньнан баслап аграр тараўдағы жетекши жоқары оқыў орынларында жасалма туқымландырыў бойынша 10 күнлик оқыў курслары шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы кеминде 1 мың қәнигени таярлаў ҳәм оларды зәрүр үскенелер менен бийпул тәмийинлеў режелестирилген.

Шаңарақларда жасалма туқымландырыў ҳәм эмбрионларды көширип өткериў арқалы алынған ҳәр бир нәсилли бузаў ушын 500 мың ҳәм 700 мың сумнан субсидия төленеди. Бул мақсетлер ушын қосымша 50 миллиард сум ажыратылады.

Мәжилисте жуўапкерлердиң есабаты, исбилермен ҳәм фермерлердиң усыныслары тыңланды. Орынларда жаңа системаны нәтийжели шөлкемлестириў, исбилермен ҳәм фермерлерди әмелий қоллап-қуўатлаў, шарўашылықта от-жем базасын, нәсилшилик, қайта ислеў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.