Буннан еки ай бурын Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги шөлкемлестирген баспасөз әнжуманында биз, журналистлер жуўапкерлерге агентлик системасында билим алып атырған жаслардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери, бәнтлик дәрежеси бойынша сораўлар берген едик. Жуўапкерлер болса нәтийжелер ҳәрекетке жараса болып атырғаны, система өзин ақлап атырғаны ҳаққында сөз еткен еди.
Жақында ғана Муҳаммед ал-Хорезмий мектебинде болып өткен питкериўшилер саммитинде сораўларымызға анық, әмелий жуўап тапқандай болдық. Қуўаныштан көзлери жайнап турған ул-қызлар - үлкен жетискенликлер ийелери менен сәўбетлестик.
Жаслар тән алып атырғанындай, Президент мектеплери қәбилетли жаслар ушын жаңа имканиятлар есигин ашпақта. Бул мектеплердиң питкериўшилери тек ғана билимлендириў емес, ал илимий излениў, стартап жойбарлар ҳәм халықаралық көлемдеги жетискенликлери менен мәмлекеттиң раўажланыўына үлес қосып атырғаны да ҳақыйқат. Қәбилетли жаслар менен ислесиў системасы, билимлендириў процесслерине сырт ел тәжирийбеси ҳәм халықаралық стандартлар енгизилгениниң нәтийжеси сыпатында, билимли жасларымыз дүнья илим майданларында бәсекиге кирисип, интеллектуаллық потенциалымызды көрсетпекте.
Усы жерде Президент мектеплери Cambridge, CIS, Cognia.Inc ҳәм Pearson-Edexsel сыяқлы халықаралық билимлендириў шөлкемлериниң аккредитациясынан өткерилип, халықаралық мектеп статусына ийе болғанын атап өтиў керек. Сондай-ақ, бул мектеплер IELTS, SAT, A-level ҳәм AS-level сертификатлары ушын имтиханлар өткерилетуғын British Council, College Board, Cambridge ҳәм Pearson-Edexsel шөлкемлериниң рәсмий орайларына айланды. Мырза Улығбек ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеплер, Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернат Халықаралық бакалавриат шөлкеми бағдарламалары бойынша аккредитациядан өтти.
2025-2026-оқыў жылында агентлик системасындағы 228 мектепте 9 мың педагог 75 мың оқыўшыға билим береди. Президент мектеплериниң 327 питкериўшисинен 171 и сырт ел жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабыл етилген болса, қәнигелестирилген мектеплердиң 8640 питкериўшисинен 1564 и мүддетинен алдын студент болды. 99 питкериўши 100 процент грант (жәми 12,5 миллион АҚШ долларынан артық) пенен студентликке қабыл етилип, 89 ы ТОП-300 диң университетлерине жол алды.
Быйылғы питкериўшилер арасында да заманласларын руўхландырған, ата-аналарда ҳәўес оятқан жигит-қызлар көп. Соның ишинде, Муҳаммед ал-Хорезмий мектебиниң питкериўшилери Элбек Зоҳиджонов ҳәм Асилбек Суннатов Массачусетс университетине қабыл етилген болса, Ферғана Президент мектебиниң оқыўшысы Дилафруз Собирова Гарвард университетиниң грантын жеңип алды, Нурафшон президент мектебиниң оқыўшысы Муҳсинжон Мовуталиев болса Гонконг университетиниң студенти болды.
Сариосиё районы қәнигелестирилген мектеп-интернат оқыўшысы Жасурбек Кароматов АҚШтың 12 абырайлы университетине бир ўақыттың өзинде қабыл етилди. Оның абырайлы жоқары оқыў орынларынан алған улыўма гранты 667 мың доллардан аслам.
Бундай жаслар дизимин даўам еттириў мүмкин. Ҳәр бир ат артында уйқысыз түнлер, оқылған жүзлеген китаплар ҳәм ең әҳмийетлиси, айдын келешекке шексиз исеним турады. Соның ушын ата-аналар бүгин перзентлериниң мине усындай мектеплерде оқыўын қәлейди. Бул мектеплерге таярлаўшы оқыў курсларына талап кескин артқан. 2023-2025-жылларда системадағы билимлендириў мәкемелериниң саны кеңейиўи нәтийжесинде 1 600 ден аслам жумыс орны ҳәм 12,5 мыңнан аслам оқыўшы орны жаратылды.
2023-2025-жылларда Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде оқыў тилегинде болған талабанлардың саны 222 мың 561 ден 255 мың 613 ке жетти. Усылардан келип шыққан ҳалда быйыл системадағы билимлендириў мәкемелериниң саны және де кеңейтиледи. Қашқадәрья, Наманган ҳәм Наўайы ўәлаятларында Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп филиалларының шөлкемлестирилиўи ҳәм 5-10-классларға оқыўшылардың қабыл етилиўи көплеген талапкерлерди қуўандырды.
"Жаңа Өзбекстан" университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилетуғын инженерлик мектеплери де усы бағдар қызығыўшылары ушын үлкен имканият. Бул мектеплерде оқыў процеси STEM модельи тийкарында шөлкемлестириледи. Дәслепки 3 жылда физика, математика ҳәм шет тили, кейинги 2 жылда инженерлик пәнлери бойынша басланғыш таярлыққа итибар қаратылады. Мектеплерге аймақлардағы инженер таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелери бириктириледи. Интегралластырылған пәнлер усы жоқары оқыў орнының профессор-оқытыўшылары тәрепинен оқытылып барылады. Инженерлик мектеплериниң және бир тартымлы тәрепи сонда, жетерли талапларды орынлаған питкериўшилерге инженерлик билимлендириў бағдарламасы бойынша тийисли билимлендириў бағдарында бир жыллық қосымша мәмлекетлик грант тийкарында 2-курстан тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз оқыўды даўам еттириў ҳуқықы бериледи.
Бүгин илимде өсемен, ең бийик шыңларды ийелеймен, деген жасларға мәмлекеттиң өзи, пүткил халық тилеклес. Мәселен, мәҳәлледе бир жигит ямаса қыз сырт ел жоқары оқыў орнына грант тийкарында оқыўға кирди десе, тап өз перзенти ушын қуўанғандай қуўанып атыр. Жақында Наўайы қаласындағы Президент мектебиниң 7 питкериўшиси “Эл-юрт умиди” стипендиясын қолға киргизип, дүньяның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў имканиятына ийе болды.
Мәмлекет мине усы жолдағы, мақсети жақсы жаслардың қатарын кеңейтиўден мәпдар. Себеби, олар шынында да раўажланыўға үлес қосатуғын, дөретиўши жаслар сыпатында қәдирленеди. Бул болса - ең дурыс жол.
"Жаңа заман питкериўшилери - жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" деп аталған питкериўшилер саммитинде сырт елли мийманлар елимизде жаслардың билим алыўына берилип атырған айрықша итибарды атап өтти. Атап айтқанда, илаж мийманлары арасында Қытайдың Yinghua Academy билимлендириў мәкемесинен келген 18 оқыўшы ҳәм оқытыўшыдан ибарат делегация Өзбекстанның билимлендириў системасы ҳәм жасларының турмысы менен жақыннан танысты. Қызғын ҳәм жыллы пикирлерге, жарқын тәсирлерге бай болған бул сапар етиў еки мәмлекет арасында билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.
Саммитте, сондай-ақ, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен инвесторлар сыйлықланды. Олардың питкериўшилеримиздиң жойбарларына инвестиция киргизиўге таяр екени жасларды және жаңадан-жаңа жойбарлар, стартаплар тәрепке ийтермелегенине гүман жоқ. Усы мәнисте бундай илажлар Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң питкериўшилери ерискен жетискенликлерди тән алыў, илимий, инновациялық ҳәм стартап жойбарларын кең жәмийетшиликке таныстырыў, сондай-ақ, жаслар ҳәм инвесторлар арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў ушын әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарады.
Муножат МЎМИНОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы