- Биз Бухара экономикасы ҳәм адамлардың күнделикли турмысына унамлы өзгерислер алып келетуғын 30 миллиард долларлық жаңа басламалар менен келдик, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте бул жумыслардың нәтийжеси, бәринен бурын, халық ушын зәрүр инфраструктураны раўажландырыў, жаңа дәрамат дәреклерин жаратыўда өз көринисин табыўы керек екенлиги атап өтилди. Соннан келип шығып, ишимлик суўы ҳәм канализация тармақларын раўажландырыў, жолларды жаңалаў, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў режелери көрип шығылды.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен суў тәмийнаты ҳәм канализация системасын жақсылаў бойынша баҳасы 385 миллион долларлық жойбар әмелге асырылмақта. Жойбардың екинши басқышын әмелге асырыў ушын қосымша 248 миллион доллар тартылады. Нәтийжеде 1 миллион 700 мың халықтың суў тәмийнаты жақсыланады, 775 мың халық орайласқан канализация тармағына жалғанады. Халықты орайласқан суў менен қамтып алыў дәрежеси ҳәзирги 80 проценттен 95 процентке жеткериледи. Президентимиз, бәринен бурын, ишимлик суўы тармақларына жалғаныўы күтип турған 55 мәҳәлле кесиминде анық мүддетлерди белгилеп, жумысларды жеделлестириў бойынша тапсырма берди.
Сондай-ақ, регионның транспорт байланыслылығын кеңейтиўге қаратылған жойбарлар додаланды. Усы жылы Бухара ўәлаяты аймағынан өткен А-380 автомобиль жолын реконструкциялаў жумыслары жуўмақланады. Келеси жылы ўәлаят аймағындағы М-37 автомобиль жолының 69 километр бөлегин жаңалаў басланады. Бул жойбар шеңберинде ўәлаят орайын айланып өтиўши 4,5 километр айланба жол қурыў да нәзерде тутылған.
Самарқанд – Бухара жөнелисинде цемент-бетон қапламалы төлемли автомобиль жолы, сондай-ақ, жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлар ушын жаңа темир жол қурыў режелестирилген. Жаңа автомобиль жолы жолға кететуғын ўақытты ҳәзирги бес сааттан бир ярым саатқа шекем қысқартыў имканиятын береди. Жуўапкерлерге ҳәр еки жойбардың мастер-режесин ислеп шығыўды жуўмақлап, потенциаллы шериклер менен сөйлесиўлерди баслаў бойынша тапсырмалар берилди.
Бухарада 300 миллион долларлық жаңа халықаралық аэропорт қурылмақта. Ол бир ўақыттың өзинде 20 самолёт ҳәм 1 мың 200 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады.
Аэропорт пенен қала орайын 24 километрлик автомобиль жолы байланыстырады. Автобуслар ушын 5,5 километрлик арнаўлы BRT жолы қурылады. Түркияның Пегасус авиакомпаниясы Бухараға тиккелей пәрўазларды жолға қоймақта. Келеси жылы Малайзия, Индонезия, Кувейт, Египет ҳәм Бахрейн менен де авиақатнаўларды жолға қойыў режелестирилген.
Мәжилисте жаңа жоллар ҳәм аэропорт қурыў менен бирге, ўәлаят ишинде ҳәрекетлениў қолайлылығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы жылы жоллардың жағдайын жақсылаўға 900 миллиард сум ажыратылғанына қарамастан, 2 мың километр жергиликли жоллар ҳәм 266 көпир оңлаўға мүтәж. Оларды жаңалаў ҳәм сақлаўға жеке меншик инвестицияларды тартыў, тийкарғы туризм маршрутларын өз-ара байланыстыратуғын альтернатив төлемли жоллар қурыў имканиятларын үйрениў бойынша тапсырмалар берилди.
Жәмийетлик транспорт жетерли дәрежеде раўажланбағаны себепли халықтың 80 проценти күнделикли қатнаўы ушын жеңил автомобильлерден пайдаланады. Соның ушын ўәлаятқа 120 автобус жеткерип бериў процеси жеделлестириледи. Сондай-ақ, аэропорт ҳәм темир жол вокзалларында хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, Бухараның климат өзгешеликлери ҳәм тарийхый келбетин есапқа алған ҳалда көклемзарластырыўда бирден-бир қатнасты қолланыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Ўәлаят экономикасын раўажландырыўда туризм әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады. Усы жылы Бухараға 3,5 миллион сырт ел туристи келиўи күтилмекте. Бул көрсеткишти 2 есеге арттырыў, туристлердиң ўәлаятта болыў мүддетин созыў, туризм мәўсимин жылдың басқа айларына да кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буның ушын Ески қала, Жети пир, Чорбакр, Пайкент, Варахша, Вардонзе сыяқлы тарийхый комплекслер бир-бирине байланысып, бирден-бир туристлик концепция тийкарында қурылады. Гүлшарбақ мәҳәллесинде 50 гектар майданда туризм орайы, Жалал Икромий мәҳәллесинде халықаралық илажлар өткериў ушын конгресс-холл, «Hilton» ҳәм «Holiday Inn» мийманханалары қурылмақта. Қалада 8 орайлық көше жаңаланып, 6 қыябан шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, Бухара районында 1 мың гектар майданда баҳасы 500 миллион долларлық туризм кластерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Президентимиз жаңа имаратлар қурыў менен бирге туризм хызметлериниң көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Бухарада туризм мәўсиминиң даўамлылығы 4 айдан 6 айға шекем көбейди. Келеси жылы 30 ға шамалас халықаралық илаж өткериў режелестирилген. Бирақ ўәлаятта бес жулдызлы мийманханалар жоқ, ири саўда ҳәм кеўилашар орайлар жетерли емес, бар объектлер менен хызметлердиң тийкарғы бөлеги Бухара қаласында жайласқан.
Жуўапкерлерге сырт елли туристлердиң ағымын 7 миллионға жеткериў бойынша айма-ай реже ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Онда жаңа туристлик пакетлер, илажлар, ўәлаят районларында ашылатуғын объектлер, туристлерди тартыў ушын мәнзилли базарларды анық көрсетиў зәрүр.
Мәжилисте быйыл ўәлаяттың экономикасы биринши мәрте 100 триллион сумлық көрсеткиштен артып, 10,1 процентке өсиўи атап өтилди. Сораў нәтийжелерине бола, Бухара халқының 98 проценти турмыс сапасы жақсыланғанын, исбилерменлердиң 83 проценти келеси үш жыл перспективаларын оптимизм менен баҳалап атырғанын билдирген. Соның менен бирге, ўәлаяттың экономикалық өсиўи елеге шекем тәбийғый ресурсларға тийкарланған санаат ҳәм аўыл хожалығына байланыслы. Экономикада олардың үлеси 43 процентти қураса, хызметлер тараўының үлеси соңғы он жылда тек ғана 33 проценттен 36 процентке артқан.
Президентимиз экономиканы диверсификациялап, шийки затты терең қайта ислеў, ҳәр бир районда "өсиў ноқатлары"н анықлаў ўазыйпасын қойды. Санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы көрсеткишлерди 1,5 есеге арттырыў бойынша анық режелер ислеп шығылады.
Атап өтилгениндей, Бухара ўәлаятының шийки зат ҳәм энергия ресурсларын аймақтың исбилерменлик потенциалы менен бирлестирип, үш жылда санаатта улыўма баҳасы 28 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў мүмкин. Соннан 17 миллиард доллары нефть-газ ҳәм химия санаатына туўра келеди. Бухара нефтьти қайта ислеў заводының қуўатлылығын арттырыўға жетекши технологиялық компанияларды тартыў, Когон районында нефть-химия илимий-санаат кластерин шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Энергетика тараўында қысқа ўақытта дерлик 2 мың мегаваттлы электр станциялары иске қосылды. Келеси үш жылда жәми 3,1 мың мегаваттлы самал электр станциялары ҳәм 1 мың мегаваттлы энергия сақлаў системаларын қурыў режелестирилген. Жаңа генерация қуўатлықларын иске қосыў менен бирге, ўәлаятта электр энергиясын жеткерип бериў ҳәм бөлистириў инфраструктурасын раўажландырыў, соның ишинде, 745 километр электр тармақларын қурыў нәзерде тутылған.
Жеңил санаатты раўажландырыў мәселесине де тоқтап өтилди. Халықаралық брендлер менен бирге ислесиў тәжирийбеси тийкарында Бухара тоқымашылық өнимлериниң сырт ел базарларындағы орнын кеңейтиў ўазыйпасы қойылды. Келеси жылы тармақта кеминде 1 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырып, экспорт көлемин 2 есеге арттырыў нәзерде тутылған.
Социаллық тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылып, жеке меншик мектепке шекемги ҳәм улыўма билимлендириў мәкемелериниң санын көбейтиў, мектеп питкериўшилериниң 50 процентин техникумларға тартыў, техникумлардың ири исбилерменлер ҳәм инвесторлар менен бирге ислесиўин жолға қойыў бойынша ўазыйпалар додаланды. Ўәлаяттағы 10 мәмлекетлик ҳәм жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемесинде дуал билимлендириўге қамтып алыўды 2 есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Усы жылы 29 емлеўхана ҳәм поликлиниканы жаңалаў жумыслары әмелге асырылды. Президентимиз медициналық хызметлердиң сапасын, бәринен бурын, басланғыш буўында арттырыў, тараўға инвестициялар тартыў, сырт елде тәжирийбе арттырған ўатанласларымыздың потенциалынан кеңирек пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәжилисте тармақ ҳәм аймақ басшыларының есабатлары, келеси жылға мөлшерленген режелери тыңланды.
Президентимиз Алат районы ҳәкими Наргиза Нематованы районды комплексли раўажландырыўда айрықша пидайылық көрсетип атырғанын атап өтип, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети және жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдағы хызметлери ушын оны "Фидокорона хизматлари учун" ордени менен сыйлықлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенин жәриялады.
Усының менен Президентимиз Бухара ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.