2026-2027-жыллар гүзги-қысқы мәўсимде халықты, социаллық тараў объектлери
ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў бойынша
ислеп шығылған комплексли илажлар көрип шығылды. Тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ
жеткерип бериў, магистраль ҳәм аймақлық газ тармақларын оңлаў, жанылғы резервин
қәлиплестириў, авария-тиклеў бригадаларының таярлығын тәмийинлеў бойынша анық
ўазыйпалар белгиленди.
Газ тәмийнаты
системасын мәўсимге таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда,
мәўсим басланыўына шекем магистраль газ қубырларының 53,7 километр дефектли
бөлегин алмастырыў, компрессор станцияларында 77 газ өткериў агрегатын капитал
оңлаў режелестирилген.
Буннан тысқары,
881 мәҳәлледеги 220 мың шаңарақтың газ тәмийнатын жақсылаў, технологиялық
жоғалтыўларды азайтыў мақсетинде үш басқышлы тарқатыў системасын еки басқышлы
системаға өткериў нәзерде тутылған. 711,9 километр газ тармақлары ҳәм 400 газ
бөлистириў пунктлери капитал оңланады ҳәм реконструкцияланады.
Халық ҳәм
социаллық тараў объектлерин суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў мәселеси де
көрип шығылды. Гүз-қыс мәўсиминде 325,7 мың тонна суйылтырылған газ, соның
ишинде, барыў қыйын болған 229 елатлы пунктте жасайтуғын 104,7 мың тутыныўшыға
8,2 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериў режелестирилген.
Гүз-қыс мәўсими
ушын жанылғы резервин қәлиплестириў илажлары да көрилмекте. Атап айтқанда,
декабрь-январь айлары ушын 120 мың тонна автобензин резерви жаратылыўы
режелестирилген. Жылытыў мәўсими даўамында ыссылық электр станцияларына 4 миллион
161 мың тонна көмир жеткерип берилиўи мөлшерленбекте.
"Өзбекнефтьгаз"
системасындағы кәрханаларда технологиялық турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде 90
технологиялық қурылмада оңлаў жумыслары әмелге асырылады. Бул өндирис
қуўатлықларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, халық ҳәм экономика тармақларын
энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў имканиятын береди.
Таярлық жумыслары
тек ғана нефть-газ тараўы менен шекленип қалмаўы керек екенлиги атап өтилди.
Оларды энергетика ҳәм коммуналлық тараўлар менен биргеликте әмелге асырыў
зәрүр. Усы мақсетте республикалық ҳәм аймақлық комиссиялардың жумысын
шөлкемлестириў, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын муўапықластырыў ҳәм
турақлы қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берилди.
Жуўапкерлерге
белгиленген илажлардың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды тәмийинлеў,
гүзги-қысқы мәўсимге таярлықты өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў, халық ҳәм
социаллық тараў объектлерин тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ және басқа да
жанылғы түрлери менен турақлы тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.