Энергетика ҳәм нефть-газ тараўларында жетекши компаниялардан бири болған усы компаниялар менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Энергетика тараўындағы табыслы кооперация қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. SOCAR компаниясы Үстирт тегислигиндеги углеводород кәнлерин өзлестириў жойбарын әмелге асырыўда Өзбекстанның шериги болып есапланады. Өзбекстанда SOCAR ўәкилханасын ашыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Бул кең көлемли жойбарға Уллы Британияның British Petroleum компаниясының қосылғаны жоқары баҳаланды.

Нефть-газ тараўында, углеводород шийки затын излеў, қазып алыў ҳәм терең қайта ислеў, нефть ҳәм нефть өнимлерин узақ мүддетли жеткерип бериўди жолға қойыў, тармақ ушын кадрлар таярлаў бойынша қоспа жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Буннан тысқары, Әзербайжан футбол федерациялары ассоциациясының баслығы Ровшан Нажаф 2027-жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда футбол бойынша U-20 жаслар арасындағы жәҳән чемпионатын өткериўге биргеликте таярлық көриўде көрсетилген жәрдем ушын мәмлекетимиз жетекшисине миннетдаршылық билдирди.