Президентимиздиң жақында Қарақалпақстанға сапары мине усындай стратегиялық басламаларға жол ашты. Мәмлекетимиз басшысы халықаралық әҳмийетке ийе А-380 "Ғузар — Бухара — Нөкис — Бейнеў" автомобиль жолын реконструкциялаў жумысларын көзден өткерип, алдағы ўазыйпаларды белгилеп берди.

Ҳәзирге шекем Қоңырат районы арқалы өтетуғын магистральдың 240 километр бөлегинде 384 миллион долларлық цемент-бетон қапламасы төселди. Сондай-ақ, Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлары арқалы өтетуғын жолдың 92 километр бөлегин реконструкциялаў жумыслары басланды. Жойбардың баҳасы 233 миллион долларды қурайды. 2026 – 2030-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарға бола, жол төрт полосалы заманагөй магистральға айландырылады. Нәтийжеде аймақ арқалы өтиўши транзит жүк тасыў көлеми 1,5 есеге артыўы, Төрткүлден Қазақстан шегарасына жүк жеткерип бериў ўақты болса 1 суткадан 10 саатқа шекем қысқарыўы күтилмекте.

- Ҳәзир Қарақалпақстан аймағында 389 жөнелис бар. Оларда 140 кәрхананың 2522 автотранспорт қуралы халыққа хызмет көрсетпекте, — дейди Қарақалпақстан транспорт министри Бахытбай Сейтмуратов. - Аймақта 5 автовокзал, 17 автостанция ҳәм 1395 бәндирги бар. Усы жылдың январь-сентябрь айларында 70 автобус сатып алынды. Және 112 автобус Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң кредит қаржысы есабынан 2027-жылдың март айына шекем алып келинеди. Буннан тысқары, усы жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан ушын айрықша имканият жаратылып, заманагөй автобуслар алып келинетуғын болды. Сондай-ақ, қарақалпақстанлы нураный ҳәм пенсионерлер ушын авиация, темир жол ҳәм жәмийетлик транспорттан пайдаланыўда 50 процентлик жеңиллик берилген. Бул да халқымызға шексиз меҳир ҳәм итибардың жемиси. Субсидия берилиўи нәтийжесинде Нөкис қаласында 68 дана "Yutong" автобуси хызмет көрсетпекте. Бундай имканиятлар, биринши гезекте, халық ушын қолайлы шараят жаратады. Транспорт қәрежети арзанласып, аймақтың логистика имканияты және де кеңейеди.

- Транспорт тараўында 40 жыл мийнет еттим. Нөкис автовокзалын басқардым. Сонша жыл даўамында тараўда көзге тасланатуғын үлкен өзгерис болмады. Ашығын айцам, транспортлар жетиспейтуғын еди, адамлар көп ўақыт бәндиргиде автобус күтиўге мәжбүр еди, — дейди мийнет ветераны Гулнара Акимова. - Ҳәзир үлкен өзгерислер болып атыр. Кейинги жыллары адамлардың узағын жақын етип, мәнзилине өз ўақтында алып баратуғын электробуслар алып келинди. Олар халыққа жақсы хызмет көрсетпекте. Реформалар даўам етип, Қарақалпақстанға тез жүрер поезд да келеди екен. Булар халқымызға итибардың үлгиси.

Президентимиз Қарақалпақстанға сапары ўақтында “Sapsan Trans Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен де жақыннан танысқан еди.

- “Sapsan Trans Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 2025-жыл январьда жумыс баслаған. Нөкис қаласы бойынша алдын еки жөнелисте жолаўшы тасыўды жолға қойған еди. Енди 15А жөнелисине 20 автобус қосылды. Бул аймақ турғынлары, әсиресе, оқыўшы ҳәм студентлер ушын үлкен қолайлық болды, — дейди Қарақалпақстан Транспорт министрлигиниң сектор баслығының орынбасары Муратбай Жиемуратов. - Тараўды санластырыў бойынша да бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Бул хызмет сапасы ҳәм оперативлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Нөкис көшелеринде жәмийетлик транспорттың үзликсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы "А" жоллары сызылып, барлық зәрүр жол белгилери толық орнатылған. Сондай-ақ, брутто-шәртнама тийкарында хызмет көрсетиў жолға қойылған. Булардың барлығы жолаўшылардың көп күтип қалмаўына хызмет етеди.

- Кәрханамызда заманагөй диспетчерлик хызметлери бар. Усы арқалы ишки ҳәм сыртқы тәртип қадағалаўға алынған,-дейди “Sapsan Trans Nukus” кәрханасының жумыс басқарыўшысы Узақбай Қурбанниязов. - Транспорт қуралларының ҳәрекети “GPS” программасы арқалы турақлы бақланады. Ҳәммесине камера ҳәм басқа да заманагөй технологиялар орнатылған. Бул, өз гезегинде, айдаўшыға да қосымша қолайлық болмақта.

Кәрхана 100 ге шамалас автобус сыйымлылығына ийе. Онда барлық шараят жаратылған. Автобусларды техникалық тексериўден өткериў, айдаўшыларды медициналық тексериўден өткериў, дем алыў ханалары бар. Кәрханаға орнатылған қуяш панельлеринен автобуслар қуўатланады.

- Автошахтамызда жолаўшылар ушын барлық қолайлық жаратылған, — дейди "Нөкис автовокзал" жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының орынбасары Бахтияр Оразбаев. - Ана-бала бөлмеси, айдаўшылардың дем алыў бөлмеси, аўқатланыў ушын асханаларымыз бар. Быйыл 9 заманагөй автобус сатып алынды. Ҳәзир олар Нөкис — Ташкент, Ташкент — Нөкис жөнелисинде жолаўшыларға хызмет көрсетпекте. Буннан тысқары, Ташкент — Алматы, Ташкент — Үргенш, Төрткүл, Елликқала, Беруний жөнелислеринде де автобус ҳәм микроавтобуслар қатнаўға қойылған.

Әҳмийетлиси, кәрхана көрсетип атырған хызметлерден жолаўшылар разы. Автошахтадағы жолаўшылар менен сәўбетлесип, буған және бир мәрте исендик.

- Ҳаслы қарақалпақстаннанман. Ҳәзир Қазақстанда жасайман. Алматалы жигитке турмысқа шыққанман. Ата-анамды көриўге келген едим. Ҳәзирги автобуслар қатнаўымыз ушын жүдә ықшам, қолайлы! — дейди Арыўхан Дариева. - Соның ушын автобуста барып келемен. Автобуслар узақ жолға мөлшерленгени себепли, биймәлел жатып, дем алып кетиў имканияты да бар.

Қарақалпақстандағы системалы реформалар тек ғана жолларды жаңалаў менен шекленбейди. Олар аймақтың логистика имканиятларын кеңейтиў, транспорт қәрежетин азайтыў ҳәм экономикалық өсиўди жеделлестириўге хызмет етеди. Белгиленген режелердиң өз ўақтында орынланыўы болса Қарақалпақстанды ири транзит орайына айландырыў гиреўи болып есапланады.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы