Уллы мәмлекетлик ғайраткер, жеңилмес сәркарда, илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендерлери Саҳыпқыран Әмир Темур ҳәм Темурийлердиң өмири ҳәм мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға мүнәсип үлес қосып киятырған бәршеңизди бүгинги халықаралық илимий конференцияның ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Форумда қатнасыў ушын дүньяның түрли мәмлекетлеринен белгили илимпазлар - профессор ҳәм академиклер, ири университет ҳәм илимий орайлардың ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, белгили музей ҳәм китапханалардың, көплеген ғалаба хабар қуралларының жетекши хызметкерлери келгенлиги пүткил дүньяда халқымыздың әййемги тарийхы ҳәм бай мәдениятына қызығыўшылық артып баратырғанынан дәрек береди.

Конференция Өзбекстанның үш мың жыллық тәкирарланбас илимий-мәдений мийрасының дүрданалары жәмленген Ислам цивилизациясы орайында Әмир Темурдың 690 жыллығын елимизде кеңнен белгилеў шеңберинде өткерилип атырғанын айрықша атап өтиў керек. Әлбетте, бул илимий әнжуман үлкемиз тарийхындағы уллы ҳәм жарқын дәўир - Екинши Ояныў - Темурийлер Ренессансын терең талқылаў, және де салмақлы додалаўлар өткериў, биргеликте жаңа жойбарларды әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қәдирли дослар!

XIV әсирдиң оғада қыйын шараятында Ўатанның азатлығы, тынышлығы ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў жолында үлкен мәртлик көрсетип, ҳәзирги Өзбекстан жеринде қүдиретли мәмлекетке тийкар салған уллы бабамыз Әмир Темурдың дүнья цивилизациясы тарийхында қандай өшпес из қалдырғанын сиз жақсы билесиз. Ҳәзирги күнде дүньяның онлаған мәмлекетлери аймағында Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўирине тийисли архитектуралық естеликлер сақланып киятырғаны, ҳәр қыйлы регион ҳәм мәмлекетлерде Саҳыпқыран ҳәм оның әўладларына бағышланған көплеген көркем ҳәм илимий мийнетлер, сүўретлеў өнери шығармалары жаратылып атырғанын атап өтиў керек.

Бизге белгили, Амир Темур туўылған Шаҳрисабз қаласында оның пәрманы менен қурылған саўлатлы архитектуралық естелик - Оқсарой сарайының порталына "Әдиллик - мәмлекеттиң ҳәм ҳүкимдарлардың искерлигиниң тийкары" деген әййемги ҳикмет жазылған. Бул сөзлер бүгинги күнде де әҳмийетли болып есапланады. Себеби, илим, ағартыўшылық, көркем өнер, әдебият ҳәм мәденият тек ғана тынышлық ҳәм әдиллик ҳүким сүрген жерде раўажланады.

Бул бағдарда Темурийлер Ренессансы тек ғана Туран емес, ал пүткил Шығыс дүньясы мәмлекетлеринде илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына күшли тәсир көрсетти, жаңа руўхый раўажланыўды баслап берди. Дүньяның көплеген илимпазлары тән алғанындай, династияның белгили ўәкиллери - Мырза Улығбек, Байсынқур Мырза, Ибрайым Султан, Султан Хусайн Мырза, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза ҳәм Бабурийлердиң уллы илимий ашылыўлары, жоқары көркем шығармалары мине усындай сийрек ушырасатуғын мәдений-цивилизациялық қубылыстың нәтийжеси болды.

Жаңа Өзбекстанда Әмир Темур ҳәм Темурийлер мийрасының жәҳән цивилизациясы тарийхындағы орны ҳәм әҳмийетин үйрениў, оны елимизде ҳәм сырт елде кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы мүнәсибети менен өз алдына қарар қабыл етилди. Оған муўапық, ҳәр жылдың апрель айы елимизде "Амир Темур айы" деп жәрияланып, республикалық ҳәм халықаралық илимий-әмелий конференциялар, руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериледи.

Бүгинги форум бул бағдардағы және бир әмелий қәдем болып есапланады. Биз Өзбекстанның ҳақыйқый дослары, Темурийлер Ренессансы ҳәм пүткил бай тарийхый мийрасымызды терең үйренип киятырған сиз, тынымсыз илимпазлар ҳәм изертлеўшилер менен елимизде социаллық-руўхый тараўда әмелге асырылып атырған реформаларды дүня жәмийетшилигине және де кеңнен таныстырыў бойынша бирге ислесиўди избе-из даўам еттиремиз.

Конференция даўамында сиз халқымыздың данышпанлығы менен жаратылған тарийхый, архитектуралық, мәдений естеликлер, қолжазбалар ҳәм китаплардың бийбаҳа фонды менен тиккелей танысып ғана қоймастан, оларды үйрениў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша өз усыныс ҳәм усынысларыңызды бере аласыз, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, ийгиликли жумысыңызда жаңа жетискенликлер, әнжуманның жумысына табыслар тилеймен.


Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев