Гәп сонда, узақ жыллар илимий жумыс дегенде тек диссертация қорғаў, академик атағын алыў ҳәм китапханалар ушын қалың томлы китаплар жазыў түсинилип келинди. Нәтийжеде теория ҳәм турмыс арасында үлкен үзилис пайда болды. Бирақ тарийхтың гүўалық бериўинше, инсаният ерискен ең уллы жетискенликлер әйне теория ҳәм әмелияттың бирлескен ноқатында туўылған. Сол себепли бүгинги дәўир талабы "илимий ис илимий ис ушын" емес, ал "өмир ушын илим" принципи болып табылады. Бул принцип илимпазлардан билим топлаўдан тысқары жәмийеттиң ең аўыр машқалаларына реал шешим табыўды талап етеди. Илимниң әмелият пенен үнлеслиги үш әҳмийетли бағдарда стратегиялық үстинлик береди.
Бириншиден,
социаллық машқалалардың жедел шешими. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм
экология сыяқлы тараўлардағы машқалалар тек кабинетте отырып емес, ал реал
жағдайды илимий таллаў арқалы шешиледи.
Екиншиден,
инновация ҳәм бәсекиге шыдамлылықты жүзеге келтиреди. Жаңа технологиялар ҳәм
басқарыў усыллары күнделикли талаплардан келип шығып жаратылғанда ғана мәмлекет
жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы бола алады.
Үшиншиден,
жас илимпазлардың жуўапкершилигин арттырады. Изертлеўши өз жумысының нәтийжеси
қайсы бир кәрхана ямаса тараўда қолланылатуғынын билсе, оның жәмийет алдындағы
жуўапкершилиги ҳәм ықласы бир неше есеге артады.
Президентимиз
атап өтип атырған ең әҳмийетли тәреплерден бири машқаланы орнында үйрениў болып
табылады. Ҳақыйқый алым - өмирдиң ишине кирип барған инсан. Аўыл хожалығы
илимпазы атызда фермер менен ийинлес турыўы, ал билимлендириў тараўының
изертлеўшиси мектеп партасындағы орталықты сезиўи шәрт. Сонда ғана илимий жумыс
пайда келтиретуғын күшке айланады.
Германия,
Қубла Корея ҳәм Сингапур сыяқлы мәмлекетлердиң экономикалық әжайыбаты
тийкарында әйне университетлер ҳәм өндирис арасындағы беккем көпир жатады.
Оларда ҳәр бир илимий идея базарда ямаса социаллық тараўда өз сәўлелениўин
таппаса, ол толық қунға ийе деп есапланбайды. Соның ушын бүгин жаңа Өзбекстанда
да илимий изертлеўлерди баҳалаў нормалары түп-тийкарынан өзгермекте. Енди
тийкарғы итибар мақалалардың санына емес, ал сол изертлеўдиң әмелий әҳмийетине
қаратылмақта. Мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған инновациялық орайлар,
стартаплар ҳәм илимий грантлар мине усы илимди турмысқа жақынластырыўға хызмет
етпекте. Илим болса жәмийетти ҳәрекетке келтириўши күш. Егер ол әмелияттан
ажыралса, өз мәнисин жоғалтады.
Инсаният
тарийхында илимниң раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы муҳаддис Имам
Бухарийдиң илимий мийрасында орайлық орынлардан бирин илим ҳәм әмел үйлесимлиги
идеясы ийелейди. Бүгинги күнде "илим турмыс ушын хызмет етиўи керек"
деген принцип Имам Бухарийдиң буннан он бир әсир алдын алға қойған тәлийматлары
менен үнлес болып есапланады. Имам Бухарий өзиниң шешиўши шығармасы болған
"Саҳиҳул Бухорий"де айрықша бир бапты "Илим сөз ҳәм әмелден
алдын турады" (Ал-илму қабла ал-қовли вал-амал) деп атаған. Бул тек ғана
диний емес, ал дүньялық раўажланыўдың да алтын қағыйдасы болып табылады. Оның
пикиринше, илимсиз әмел - қәте. Дурыс билимге таянбаған ҳәр қандай ҳәрекет
алжасыўға ямаса нәтийжесиз жуўмаққа алып келеди. Әмелсиз илим - нәтийжесиз.
Илим инсанның ақылында ямаса қағазда қалып қойса, ол мийўе бермейтуғын терек
сыяқлы пайдасыз. Инсан, дәслеп, дурыс илимге ийе болыўы, соңынан мине усы илим
тийкарында сөйлеўи ҳәм ҳәрекет етиўи керек. Бул жәмийетте тәртипсизлик ҳәм
жүзекиликтиң алдын алыўшы тийкарғы фактор болып есапланады.
Имам
Бухарий тәлийматына муўапық, ҳақықый алым тек көп мағлыўмат топлаган шахс емес,
бәлким билгенине әмел еткен инсан. Илим инсанның әдеп-икрамлылығын тәрбиялаўы,
оның ишки дүньясын өзгертиўи керек. Егер илим әмелге айланбаса, ол тек
мағлыўматлар топламы болып қала береди ҳәм оның жәмийетке тәсири сезилмейди.
Бул идея бүгинги күн илимпазлары, басшылары ҳәм изертлеўшилери ушын жүдә үлкен
жуўапкершилик жүклейди. Ҳәр бир илимий излениўдиң артында инсаният мәпи ҳәм
әмелий пайда болыўы шәрт. Бүгинги жедел раўажланыў дәўиринде Имам Бухарийдиң
илим ҳәм әмел ҳаққындағы көзқараслары жаңаша мазмунға ийе болмақта. Бәринен
бурын, бүгинги дүньяда тек ғана билим жетерли емес, билимди экономикаға,
өндириске ҳәм социаллық абаданлыққа айландырыў — дәўир талабы.
Турмысты
басқарыўда да басшылардан машқалаға илимий қатнас пенен қараўды талап етпекте.
Заманагөй дүньяда басқарыў өнери тек ғана интуция ямаса тәжирийбеге сүйениўден
шегинип атыр. Бүгинги күн басшысынан исенимлиликтен тысқары машқаланың ишки
мәнисин илимий тийкарда аңлаў потенциалы талап етилмекте. Заманагөй басқарыў
теориясында "илимий-әмелий синтез" деп аталыўшы концепция - басшының
илимий анализ ҳәм эмпирикалық (турмыслық) тәжирийбени бир ноқатта бирлестире
алыўы нәтийжелиликтиң бас өлшемине айланды. Илимий қатнас машқаланы дәлиллер
менен тексериў ҳәм системалы жуўмақ шығарыўды үйретеди.
Илимий
потенциал ҳәм әмелий қатнасыўдың үнлеслиги басшыға системаны "ишинен"
көриў имканиятын береди. Сингапур бас министри Ли Куан Ю әйне усы принципти
мәмлекет басқарыўына алып кирди. Ол реформаларды тек теориялық дереклерден
излемеди, "орнында тексериў" (on-ground governance) арқалы әмелге
асырды. Нәтийжеде теория ҳәм турмыс арасындағы аралық максимал дәрежеде қысқарды.
Илимий дәрежеге ийе басшыларда узақ мүддетли режелестириў ҳәм институционаллық
яд күшли раўажланған болады.
Илимий
изертлеў менен шуғылланған басшылар жаңалыққа ашық ҳәм социаллық әдиллик
мәселелеринде оғада сезгир болады. Экономист илимпаз, Нобель сыйлығының лауреаты
Амартия Сен тәрепинен алға қойылған "инсан капиталын раўажландырыў" (capability
approach) теориясы бүгинги күнде көплеген раўажланған мәмлекетлердиң басқарыў
стратегиясына тийкар болмақта. Оның пикиринше, мәмлекеттиң ўазыйпасы тек ғана
ЖИӨн арттырыў емес, ал инсанның қәбилети ҳәм еркинликлерин кеңейтиў болып
табылады.
Елимиздеги
кәрханаларды илимий-инновациялық раўажландырыў бағдарындағы сиясат ҳәм
стратегиялық басламалар да ҳәр тәреплеме илимий тийкарда раўажланыўды нәзерде
тутады. Себеби, бүгинги күнде глобал экономикалық майданда тек ғана тәбийғый
ресурсларға сүйенгенлер емес, ал интеллектуаллық потенциал ҳәм инновацияларды
өндириске интеграциялаған мәмлекетлер жетекшилик ете алады. Президентимиздиң
баянатларында қайта-қайта атап өтилетуғын бас идея да университетлер ҳәм санаат
кәрханалары арасындағы "көпир"ди беккемлеў болып табылады. Кәрхана
халықаралық базарда бәсекиге шыдамлы болыўы ушын ол тек ғана арзан жумысшы күши
ямаса шийки затқа емес, ал билим ҳәм инновацияларға сүйениўи керек. Бул
процесте илимий қолланбаларды коммерцияластырыў (commercialization) ҳәм илимди
экономикалық қунға айландырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленген. Бул бағдарда
ҳуқықый тийкар беккемленбекте. Стратегиялық қарарлар ҳәм концепцияларға итибар
берилмекте. Мәселен, 2018-2021-жыллар аралығында тараўды түп-тийкарынан
реформалаўға қаратылған бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилген болса,
кейинги басқыш - 2022-2026-жылларда тийкарғы итибар "санлы экономика"
ҳәм "ақыллы өндирис" (smart industry) системасына өтиўге қаратылды.
Бүгинги
күнде ҳәр бир ири кәрханада илимий изертлеў бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи
мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық талабына айланды. Қалаберди, "илимий
жумыс - әмелий нәтийже" принципине өтилди. Илимий жәмийет алдына қатаң
талап қойылды. Бул қатнас бир қатар унамлы өзгерислерди келтирип шығарды.
Илимий жойбарларды грант тийкарында қаржыландырыўда олардың өндириске
енгизилиўи имканияты баслы норма етип белгиленди. Кәрханаларда инновациялық
орталық жаратыў ушын жас илимпазлар ҳәм илимий хызметкерлерди тиккелей санаат
объектлерине тартыў системасы жолға қойылды. ЖООлар ҳәм кәрханалар арасындағы
бирге ислесиў шәртнамалары студентлерди әмелиятқа бағдарлаў ҳәм илимий
қолланбаларды сынақтан өткериў майданына айланды. Реформалардың жемиси
сыпатында бүгинги күнде бир неше табыслы жойбарларды көриў мүмкин. Бәринен
бурын, технологиялық парклер қурылды. Санлы технологиялар тараўындағы мыңлаған
стартаплар ҳәм экспортқа бағдарланған хызметлер экосистемасы жаратылды. Аўыл
хожалығында суўды үнемлейтуғын технологиялар, жаңа селекция жумыслары ҳәм
агротехнологиялық изертлеўлер азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет
етпекте. Санаатта санластырыў системасы, автоматластырылған басқарыў ҳәм
энергия үнемлеўши системалар кәрханалардың қәрежетлерин азайтып, нәтийжелиликти
арттырмақта.
"Илим
→ инновация → өндирис → бәсекиге шыдамлылық" шынжырлы модельи қәлиплести.
Бунда илим тек ғана теориялық билим емес, ал экономикалық өсиўди тәмийинлеўши
ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўшы тийкарғы драйвер ўазыйпасын атқарады.
Қуўанышлы тәрепи, илимге мүнәсибет түп-тийкарынан өзгерди. Енди ҳәр бир кәрхана
инновациялық, ҳәр бир изертлеў әмелий ҳәм ҳәр бир илимпаз жәмийеттиң
раўажланыўына үлес қосатуғын күш болыўы, бул стратегиялық зәрүрлик ҳәм
келешектеги раўажланыў кепиллигине айланыўы керек.
Илимди
раўажландырыўға қойылып атырған талапларды әмелге асырыўда социология пәниниң
әҳмийети шексиз. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде
социология пәниниң қайта тиклениўи ҳәм жоқары оқыў орынларында маман
социологларды таярлаўдың жолға қойылыўы тек ғана академиялық өзгерис емес. Бул
басқарыў системасының илимий тийкарға өтип атырғанынан дәрек береди.
Социологияны
тек тана "диагностика ететуғын илим" деп шеклеў қәте. Себеби ол тек
ғана жәмийетти таллап қоймастан, ал оны түсиндиреди, болжап береди ҳәм ҳәтте
өзгертиў механизмлерин усынады. Социология жәмийеттеги машқалаларды анықлайды
(жумыссызлық, теңсизлик, миграция). Себеплерин анализлеп, ақыбетлерин
баҳалайды, шешимлер бойынша илимий усыныс береди. Усы мәнисте енди
социологиялық изертлеўлер мәмлекетлик сиясаттың бағдарларын белгилеп бериўши
тийкарғы фактор болыўы шәрт. Бул процесстеги ең әҳмийетли бурылыс бир мәртелик
сораўлардан турақлы мониторинг системасына өтиў болып табылады. Енди
жәмийеттеги кейпият, халықтың мәмлекетке исеними қай жерде артып атырғаны ҳәм
қай жерде әззилеп атырғаны турақлы түрде талланып барылады. Қайсы қарар халыққа
пайда келтирип атыр, қайсысы болса әдалатсыз деп қабыл етилип атыр - булардың
барлығы санлар ҳәм илимий жуўмақлар тийкарында Президентке усынылады. Мәмлекетимиз
басшысының тапсырмасына бола, аймақ ҳәм тармақлар басшыларының рейтингин
анықлаў бойынша жаңа методология ислеп шығылады. Бул рейтинг жәмийетлик пикир
ҳәм халықтың реал разылығына тийкарланады. Басшының жумысына баҳаны сол аймақ
ямаса тармақта жасап ҳәм ислеп атырған адамлар береди. Бул система басшыларды
"төменге түсип", адамлардың машқаласы менен тиккелей шуғылланыўға
мәжбүр ететуғын күшли механизм болады.
Жуўапкершиликти
сезбеген, немқурайлыққа жол қойған ҳәм өзгерислерди ислеўди қәлемеген басшылар
бойынша ашық, қалыс ҳәм сын көзқарастан мағлыўматлар қәлиплестирилип барылады.
Бул “Listening State” — "Тыңлайтуғын мәмлекет" концепциясының ең
жоқары басқышы болып, онда халықтың даўысы қарар қабыл етиўшилер ушын ең жоқары
миннетлеме есапланады.
Социологиялық
изертлеўлердиң мәмлекет басқарыўына избе-из енгизилиўи еки стратегиялық
мақсетке хызмет етеди.
Бириншиден,
қарарлардың сапасы артады. Ҳәр бир пәрман ямаса қарар халықтың талапларынан
келип шығып қабыл етиледи.
Екиншиден,
жуўапкершилик күшейеди. Басшылар өз жумысының айнасы халықтың пикири екенин
сезинип ислей баслайды. Солай етип, жаңа система Өзбекстанда реформалардың
нәтийжелилигин арттырыўда тек ғана илимий тийкар емес, ал күшли социаллық
қадағалаў қуралы болып хызмет етеди. Халықтың разылығы енди тек ғана руўхый
мақсет, ал анық өлшенетуғын ҳәм есап берилетуғын мәмлекетлик стандарт болып
табылады. Заманагөй басқарыў системасында ҳәр қандай реформа ямаса социаллық
жойбардың табысы оның қаншелли илимий тийкарланғаны ҳәм жәмийеттеги реал
жағдайды сәўлелендириўи менен байланыслы.
Социологиялық
изертлеў қарары белгили бир социаллық машқаланы илимий тийкарда үйрениў,
талқылаў ҳәм әмелий шешимлер ислеп шығыў мақсетинде қабыл етилетуғын
шөлкемлестириўшилик-методологиялық ҳүжжет. Ол изертлеўдиң машқаланы қойыўдан
баслап, нәтийжелерди турмысқа енгизиўге шекемги барлық басқышларын анық
белгилеп береди. Социологиялық изертлеў қарарының ең әҳмийетли басқышы күтилген
нәтийжелерди әмелиятқа интеграциялаў болып есапланады. Изертлеў нәтийжесинде
ислеп шығылған усыныслар мәмлекетлик уйымларға, кәрханаларға ямаса нызамшылық
бағдарламаларына киргизиледи. Бул қатнас басшыға машқаланы "китаптан
оқып" емес, ал халықтың ишине кирип, санлар ҳәм жанлы сөйлесиўлер
тийкарында "иштен" түсиниў имканиятын береди. Бул болса социаллық
сиясаттың нәтийжелилигин кескин арттырады. Жаңа Өзбекстанның басқарыў
системасында бундай илимий тийкарланған қарарлардың көбейиўи жәмийеттеги ҳәр
бир социаллық машқалаға ең оптимал ҳәм әдил шешим табыўдың кепили болып хызмет
етеди.
Тошполат МАТИБАЕВ,
социология илимлериниң докторы, профессор