"Бишкек-Арена" стадионында болып өткен илажда ШБШ
мәмлекетлериниң жетекшилери ҳәм басқа да мирәт етилген мийманлар қатнасты.
Турнирде дүньяның 90 нан аслам мәмлекетинен 3 мыңнан аслам спортшы, соның
ишинде, 141 Өзбекстан ўәкиллери қатнаспақта. Ўатанласларымыз гүрес, самбо,
армрестлинг, оқ жай атыў, ат спорты ҳәм басқа да 30 түрдеги беллесиўлерде
қатнасады.
Қатнасыўшыларға көшпели халықлардың бай мәденияты ҳәм тарийхы, дәстүр ҳәм
үрп-әдетлерине бағышланған театрластырылған тамаша көрсетилди.