Имарат қаланың еки бөлегин тиккелей байланыстырып, транспорт ағымларын
жеңиллетиў ҳәм айланып өтиў зәрүрлигин сапластырыў имканиятын берди. Улыўма
баҳасы 271 миллиард сум болған бул жойбар мәмлекетимиз басшысының Әндижан
ўәлаятына алдынғы сапары ўақтында берилген тапсырма тийкарында әмелге асырылды.
Жол өткизгиштиң улыўма узынлығы 796 метр, ени 25,9 метр. Имараттың эстакада
бөлегиниң узынлығы 596 метр болып, және 200 метр бөлеги таяныш дийўаллы жол
бөлегине туўра келеди.
Жаңа жол өткели бәринен бурын халыққа үлкен қолайлық жаратты. Енди
Әндижан қаласы ҳәм Алтынкөл районының 140 мың халқы 5,3 километр артықша жол
баспайды.
Сондай-ақ,
арнаўлы хызмет машиналарының ҳәрекетлениў жөнелиси 15 километрден 9,3
километрге шекем қысқарды. Айланып өтиў ҳәм темир жол кесилиспесинде күтиўди
сапластырыў есабынан жолдағы ўақыт 17 минутқа қысқарады.
Бул, әсиресе,
қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўде жүдә әҳмийетли. Енди наўқасларды
қыстаўлы медициналық жәрдем орайына 14 минутқа тезирек жеткериў мүмкин.