Өзбекстан ҳәм Чехия арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң
бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары көрип
шығылды.
Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси бул сапар етиў Өзбекстан
- Чехия көп қырлы қатнасықларының тарийхында жаңа басқышты баслап беретуғынын
айрықша атап өтти.
Бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны
қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар
дәрежесинде тығыз байланыслар жолға қойылды, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық
алмасыўлар жеделлести.
Парламентлерде "дослық топарлары"
шөлкемлестирилди. Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта.
Кейинги жыллары товар алмасыў дерлик 2 есеге артты.
Елимизде Чехия капиталының қатнасыўындағы 37 қоспа кәрхана
табыслы жумыс алып бармақта. Кооперацияның бир қатар жаңа бағдарлары үстинде
жумыс алып барылмақта.
Өз-ара саўда көлемин арттырыў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды. Товар алмасыў көлемин, соның ишинде, жеткерип бериў номенклатурасын
кеңейтиў есабынан 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Өз-ара саўданы хошаметлеў мақсетинде Чехияда Өзбекстанның
биринши сертификатлаў филиалы шөлкемлестирилмекте, чехиялы шериклер менен
биргеликте Евро-6 стандарты ҳәм квант эталонындағы автомобиллерди сертификатлаў
бойынша заманагөй лаборатория қурылмақта.
Чехияның жетекши компаниялары менен Машина қурылысы,
"жасыл" энергетика, геология ҳәм әҳмийетли шийки зат, химия,
фармацевтика ҳәм басқа да бағдарларда жойбарларды әмелге асырыўды өз ишине
алған Технологиялық кооперация бағдарламасын таярлаўға келисип алынды.
Инфраструктураны раўажландырыў ҳәм "ақыллы
қалалар"ды жаратыў, инженерлик, санластырыў тараўларындағы бирге ислесиў
перспективалары да атап өтилди.
Усы мәниде, күни кеше болып өткен Өзбекстан-Чехия
бизнес-форумында билдирилген жойбар басламалары қоллап-қуўатланды.
Тәреплер Экспорт кредитлерин қамсызландырыў агентлиги ҳәм
Чехия Экспорт банкиниң Өзбекстанда жойбарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў
бағдарындағы нийетлерин қоллап-қуўатлады.
Барлық экономикалық күн тәртибин алға қойыў ушын
Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳәм усы жылдың август айында Ташкент
қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў усыныс
етилди.
Мәдений-гуманитарлық тараўда билимлендириў ҳәм академиялық
алмасыўларды, соның ишинде, еки дипломлы бағдарламалар бойынша кеңейтиўден еки
тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.
Өз-ара мәденият ҳәм кино күнлери, көргизбе ҳәм концертлерди
турақлы өткерип барыў, туристлердиң ағымын көбейтиў әҳмийетли екени атап
өтилди.
Усы мақсетте еки мәмлекет пайтахтлары арасында тиккелей
авиақатнаўларды тиклеў мәселеси көрип шығылады.
Шөлкемлескен мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиў
перспективалары айрықша көрип шығылды.
Халықаралық әҳмиетке ие мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Жуўмағында қабыл етилген қарарларды өз ўақтында әмелге
асырыў бойынша биргеликтеги "жол картасы"н таярлаўға келисип алынды.