Мәмлекетимиз басшысы сапар алдынан белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың шаңарағында болды. Қуран оқылып, марҳумның ҳақына пәтия етилди.

Мәмлекетимиз басшысы оның мүнәсип өмир жолын, елимизди раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли жумысларын еске алды. Өткенлердиң естелигин қәдирлеў, кекселерге ҳүрмет көрсетиў жасларға ибрат екенин атап өтти.

Усы жылдың февраль айында қайтыс болған Қәллибек Камалов узақ жыллар Қарақалпақстанда басшылық лаўазымларында ислеп, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, санаат ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаўға үлкен үлес қосқан еди.

Соңғы жыллары нураныйлар жәмийетлик кеңесиниң баслығы сыпатында кексе әўлад ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў, татыўлықты беккемлеў, жаслар тәрбиясында белсене қатнасты. Оның хызметлери "Шуҳрат" медалы ҳәм "Ел-юрт ҳурмати" ордени менен сыйлықланған.