Әпиўайы түрде айтқанда адамды адам орнында көриў деген сөз. Мәмлекетшилик ҳәм халық ортасындағы қәдир түсиниги болса және де кеңирек мәниске ийе болады. Оның ең қысқа түсиндирмеси төмендегише: ҳәммеге тең ҳәм мүнәсип турмыс шараятын жаратыў. Арзыўларына жол ашып, умтылысларын қоллап-қуўатлаў.
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың көлеми, мазмуны жағынан бул тәреплерге толық үнлес болып есапланады. Буның дәлили ушын қәлеген тараўдағы жаңаланыўларды кешеги күн менен салыстырып көриў жеткиликли. Тек ғана денсаўлықты сақлаў системасында жүдә үлкен өзгерислер болды. Бир ғана мысал, тез жәрдем машинасы барлық аймаққа бирдей тез жетип баратуғын болды. Ең қурамалы хирургиялық операциялар ушын сырт елге барыўға мәжбүр едик. Ҳәзир бундай операция ўәлаятлардағы емлеўханаларда әмелге асырылмақта. Реформалардың нәтийжелилиги болса инсанлар тәғдиринде қаншелли айқын сәўлелениўи менен өлшенеди. Жаңа Өзбекстан медицинасындағы жаңаланыўлар реал турмыста үлкен өзгерислер жасады.
"Янги Ўзбекистон" газетасының ўәлаятлардағы хабаршыларының бул ретки дөгерек сәўбети әйне усы тема әтирапында өтти. Онда ҳәр бир аймақта көбирек тарқалған кеселликлер ҳәм оларға қарсы гүресиўде жаңа Өзбекстанның тәжирийбеси ҳәм жетискенликлерин әпиўайы адамлардың турмысы мысалында, қәнигелердиң пикири менен тийкарлап сәўлелендириўге ҳәрекет еттик.
Редакция
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ, Қарақалпақстан:
— Жаңа Өзбекстан медицинадағы жаңаланыўларды бирме-бир санап өцем де газетамыздың бетин толтырып жиберемен. Соның ушын пикирлеримди илажы барынша қысқартып, айырым фактлерге тоқтап өтсем. Қарақалпақстанда түрли жуқпалы кеселликлер ҳәўиж алған еди. Әсиресе, экологиялық машқала себепли бул көлем жыл сайын артып баратуғын еди. Билесиз, сол ўақытлары Ташкентте жасаў ушын "прописка" талап етилетуғын еди. Бирақ Қарақалпақстанлылар ушын белгили жыллар "прописка" алыў ушын "имканият есиги" де жаратылған еди. Яғный ҳаўа-райының қолайсызлығы денсаўлығына үлкен қәўип туўдыратуғын шахслар биймәлел Ташкентте жасаўы мүмкин еди. Тилекке қарсы, сонда экологияны жақсылаў, медицинаны реформалаўдың орнына аңсат жол таңланған еди.
Бүгин жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Аралдың қурыған ултанында жаратылған жасыл қапламалар себепли экологиялық мәселеге шешим табылды. Бул тәрепте медицинадағы имканиятлар кеңейтилди. Мәселен, ҳәзир Қарақалпақстанда ҳәр қыйлы халықаралық қайырқомлық акциялары шөлкемлестирилмекте. Оларда сырт елден тәжирийбели шыпакерлер қатнаспақта. Олар халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына бийпул медициналық жәрдем көрсетпекте. Қурамалы операцияларды әмелге асырмақта. Оған Нөкис қаласындағы Балалар миллий медицина орайы Аралбойы клиникасында өткерилген "Табассум улашамиз" қайырқомлық акциясы шеңбериндеги қурамалы операциялар мысал болады.
Оның шеңберинде 200 ге шамалас бала қәнигелердиң тексериўинен өткериў ҳәм 60 қа шамалас наўқасқа хирургиялық әмелиятларды орынлаў режелестирилген. Халықаралық команда қурамында Беларусь, Россия, Түркия ҳәм Өзбекстан медицина қәнигелери бар. Олар өз тәжирийбелери менен ортақласып, балалардың саламатлығын тиклеў ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға үлес қоспақта.
Қарақалпақстанда медициналық жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған және бир халықаралық қайырқомлық акциясы Кувейт мәмлекетиниң "Ал-Амал" ("HOPE") халықаралық қайырқомлық шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылды. Нөкис қаласында шөлкемлестирилген бул медициналық-гуманитарлық акция Аралбойы регионында жасайтуғын жоқары технологиялық хирургиялық әмелиятларға мүтәж наўқасларға бийпул медициналық жәрдем көрсетиўди мақсет еткен.
Бул қайырқомлық акциясында 40 қа шамалас маман сырт елли шыпакер қатнаспақта. Бағдарлама шеңберинде 300 ге шамалас бала, ҳаял ҳәм еркекти медициналық тексериўден өткериў ҳәм зәрүр жағдайларда хирургиялық әмелиятларды орынлаў режелестирилген. Бул қурамалы емлениўге мүтәжлиги жоқары ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж наўқаслар ушын әҳмийетли имканият.
Хирургиялық әмелиятларды сапалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге де айрықша итибар берилген. Соның ишинде, Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы, Республикалық көп тармақлы медицина орайы, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайларының аймақлық филиалында зәрүр имканиятлар жаратылды. Бундай басламалар арқалы наўқаслар емлениў имканиятына ийе болмақта. Қалаберди, өзимиздиң медицина хызметкерлеримиз халықаралық қәнигелер менен ислеп тәжирийбе топлап атыр. Бул медицинамыздың және де раўажланыўына хызмет етеди. Аралбойы халқының денсаўлығын сақлаў жолындағы жумыслар шеңберинде таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесиниң кескин артқанын да санап өтиў керек. Әйне суў себепли көплеген кеселликлердиң алды алынбақта.
Сарвар ТЎРАЕВ, Сурхандәрья ўәлаяты:
— Минажатдин аға, ишимлик суў жөнинде жүдә орынлы пикир айттыңыз. Бурынлары Сурхандәрья ўәлаятының қубла районларында жасаўшы халықтың салмақлы бөлеги жер асты артезиан ҳәм қудық суўларынан пайдаланатуғын еди. Бул суўларда дуз ҳәм зыянлы минераллар муғдары да жүдә жоқары болған.
Президентимиздиң 2021-жыл 1-2-июнь күнлери Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында "Тўпаланг" суў сақлағышының имканиятларынан толық пайдаланыў, суў ресурсларын халықтың абаданлығы жолында жумсаў, заманагөй тармақларды қурыў ўазыйпасы қойылды. Усы тийкарда улыўма баҳасы 287 миллион доллар болған "Тўпаланг суў сақлағышының суўларынан пайдаланыў есабынан Сурхандәрья ўәлаятының ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў" жойбары жедел пәтлерде әмелге асырылды. Нәтийжеде ири жойбар Сурхандәрья ўәлаятында 1 миллион 700 мың тутыныўшыны таза, мөлдир суў менен тәмийинледи. Сариосиё, Денов, Олтинсой, Шўрчи, Қумқорған, Бандихон, Қизириқ, Термиз районы ҳәм Термиз қаласы, Жарқорған, Ангор ҳәм Шерабад районларының халқы избе-из экологиялық таза ишимлик суўынан пайдалана баслады.
- Сексен алты жасқа кирип, турмыстың да, суўдың да ашшысын да, душшысын да татып көрдик, — дейди термизли нураний Чори Жумаев. - Дәслеп таўлы аўылларға барсақ, ол жерден ыдысларға таза булақ суўларын ғамлап қайтар едик. Себеби, шыпакер досларымыз жер астынан алынып атырған суў өт қалтасына, асқазанға зыян екенин айтар еди. Әтирапымызда болса көпшилик аўылласлар усындай кеселликлер менен аўырған еди. Сол ўақытта 300 шақырымнан Термизге шекем булақ суўы алып келинип, пүткил ўәлаят халқы таза ишимлик суўынан пайдаланады, десе исенбейтуғын едик. Мәмлекетимиз басшысының үлкен тәжирийбеси ҳәм басламасы менен сурхандәрьялылар шыпалы "Тўпаланг" суўынан пайдаланбақта.
Мойынлаў керек. Бул өзгерислер тек муғдар емес, ал сапа жағынан да әмелге асырылды. Яғный суўдың қаттылық дәрежеси дерлик еки есеге төменледи. Нәтийжеде медицинада көплеген кеселликлерди келтирип шығаратуғын себеплерге шешим табылды. Буннан сегиз-тоғыз жыл алдын ўәлаят халқының орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыныў дәрежеси 47 процент еди. Ҳәзир бул көрсеткиш 67,5 процентке жеткен.
- Таза ишимлик суўы инсанның саламатлығын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли роль атқарады. Әсирлер даўамында инсанлардың жарамсыз суўдан пайдаланыўы ақыбетинде бир қатар кеселликлер тез-тез ҳәўиж алып турған. Мәселен, Сурхандәрьяда жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек кеселликлери, эндокрин кеселликлер көп ушырасатуғын еди, — дейди жоқары категориялы шыпакер Карим Ханнаров. - Таза аймақлық суў жойбары себепли бир қатар кеселликлердиң алды алынбақта. Мәселен, бүйрек ҳәм қуўықта дуз ҳәм таслардың топланыўы, организмде дуз алмасыўының бузылыўы менен байланыслы буўын кеселликлери қәўпин азайтады.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, көплеген кеселликлер, атап айтқанда, өткир ишек инфекциялары әйне сапасыз, сақланған суў арқалы жуғады. Сурхандәрьялылардың таза булақ суўы менен тәмийинлениўи артынан қарын тифи ҳәм дизентерия яғный иш өтиў кеселликлери, суў арқалы жуғатуғын Гепатит А ҳәм Е вирусларының тарқалыўына шек қойылады. Және бир жағдай, бурын оазис халқы суўды ашық бассейнлерден алғанда ямаса үй шараятындағы қудықларда сақлағанда оған түрли паразитлердиң мәйеклериниң түсиў қәўпи жоқары болған. Енди ағын суў тәризинде, жабық ҳәм зыянсызландырылған қубырлар арқалы алып келинетуғын "Тўпаланг" суўы себепли бундай қәўиплердиң алды алынбақта.
Буннан тысқары медицинадағы инфраструктура, материаллық-техникалық база да беккемленип бармақта. Мағлыўматларға қарағанда, соңғы он жылда мәмлекетимизде 10 миллион халыққа хызмет көрсететуғын жаңа поликлиника ҳәм емлеўханалар иске қосылып, 58 мың емлеў орны жаратылған. Заманагөй емлеўханалар көбейип, жеке меншик секторға кең имканият берилгени себепли медициналық хызметлер көлеми үш есеге артты. Гәпти қысқартып, бир мысал келтирсек. Кейинги жылларда ўәлаятлық көп тармақлы медицина орайында жүректиң ашық ҳәм жабық хирургиялық әмелияты жолға қойылды. Усы операцияларды орынлаў мақсетинде 7,5 миллиард сумға ангиограф аппараты сатып алынды. Бурын бундай баҳадағы медициналық үскенелерди республика орайындағы ири емлеўханаларда табыў да қыйын еди.
Расулжон КАМОЛОВ, Ферғана ўәлаяты:
- Дурысы, бурын емлеўхана делинсе көз алдымызға қараңғы бөлме көринетуғын еди. Себеби, машқала көп еди. Медициналық хызметтеги сапа төмен, шараят аўыр, әпиўайы диагноз ушын да орайлық емлеўханаларда узақ нәўбет күтиўге мәжбүр едик. Жақсы еслеймен, әтирапымызда қантлы диабет пенен аўырған адамлар көп ушырасатуғын еди. Ҳәзир ойлап қарасам, бизде бул кеселликти келтирип шығаратуғын факторлар көп болған екен. Халықаралық диабет федерациясының мағлыўматларына бола, бул кеселликти келтирип шығаратуғын тийкарғы факторлар надурыс аўқатланыў, аз ҳәрекетлилик ҳәм эмоционаллық депрессия екен.
Бизде усы ўақытқа шекем дурыс аўқатланыў ҳаққында ҳеш қандай түсиник болмаған. Президентимиз жеке өзи бул бағдарда үлкен реформаларды баслап берди. Арнаўлы ҳүжжетлер қабыл етилип, саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў басланды. Мәҳәллелерде спорт пенен шуғылланыўға шараят жаратылмақта. Биз тек ғана сейил етиў ҳәм исбилерменлик ушын жақсы шараят деп билетуғын 24/7 режиминдеги көшелер де соған хызмет етпекте. Шаңарақлық сейил етиў руўхый күш болады, ақыры!
Нәтийжеде, кеселликтиң алдын алыў, ерте анықлаў, емлеўге байланыслы илажлар көлеми күннен-күнге артып бармақта. Академик Ёрқинжон Тўрақулов атындағы республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайының Ферғана филиалында диабет кеселлигине шалынған наўқаслар жоқары маманлықта емленбекте. Буннан тысқары, кеселликтиң алдын алыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, диабетке шалыныў санын имканы болғанынша азайтыў бағдарында ибратлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Қантлы диабет созылмалы кеселлик. Оны өз ўақтында анықлап емлеў шәрт, — дейди Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Ферғана филиалы директоры ўазыйпасын атқарыўшы Әзамжон Исроилов. - Соның ушын барлық қала ҳәм районлардағы патронаж мийирбийкелерге де эндокрин кеселликлер, оның белгилери ҳәм профилактикасы ҳаққында түсиник берип келмектемиз. Буннан тысқары, районлық медицина бирлеспелеринде имканият дәрежесинде қәўип топарындағы пуқаралар ушын орынлар ажыратылған. Ең көп ушырасатуғын 6 назология бойынша наўқас маршруты ислеп шығылды ҳәм 1473 шаңарақлық шыпакер ҳәм 1227 мийирбийкелер оқытылды. Алдын 100 мың халыққа 1 эндиокринолог штаты бар еди. Ҳәзирги күнде бул муғдар 30 мыңды қурайды.
Филиал жанында шөлкемлестирилген "Диабет мектеби"нде кеселлик пенен аўырған наўқасларға илимий тийкарланған усыныслар бериў, пайдалы көнликпелерди қәлиплестириўге жәрдем берип келинбекте.
Қантлы диабет асқазан асты бези хызметиниң бузылыўы, инсулин ислеп шығарылыўының кемейиўи нәтийжесинде пайда болады. Буған тийкарынан надурыс аўқатланыў, аз ҳәрекетлилик, артықша салмақ ҳәм нәсиллик бейимлик себеп, — дейди "Диабет мектеби" бас инструкторы Мамурахон Ёқубова. - Көп жағдайларда кеселлик белгилерине итибар бермеймиз. Наўқаслар диета сөзин еситиўи менен өзин жүдә қыйын ўазыйпа алып атырғандай сезеди. Биз оларға өзин-өзи қадағалаўды, әпиўайы етип айтқанда, "қандлы диабет пенен жасаўды" үйретемиз. Шынығыўлардан дурыс жуўмақ шығарып, күнделикли турмысында саламат турмыс тәризине әмел етип, кеселликти жеңип атырғанлар көпшиликти қурамақта. Келешекте "Саламат аўқатланыў орайы"н шөлкемлестириўди режелестиргенбиз. Бул жерде диеталық тағамлар писириледи, сондай-ақ, фитобар, фитнес ханалары жумыс алып барады, қәнигелердиң лекциялары, дөгерек сәўбетлери өткериледи.
Оқыў сабақлары даўамында жуқпалы болмаған кеселликтиң келип шығыўынан баслап, асқыныўларға қарсы емлеў илажлары, турмыс тәризин режелестириў ҳәм пайдалы аўқатланыў усыллары ҳаққында түсиниклер берилип барылады, аўыр басқышлардың алдын алыў бойынша көнликпелер қәлиплестириледи.
Булардың барлығы жаңа Өзбекстан медицинасының бүгинги келбети қаншелли өзгерип, халықшыл болып атырғанын көрсетеди. Және бир әҳмийетли тәреп ҳаққында айтпақшыман. Елимизде аўыр кеселликке шатылған наўқасларды емлеўде халқымыз Өзбекстан социаллық мәмлекет екенин жүректен сезинип, Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўынан разы болмақта.
Мине бир турмыслық мысал. Қува районында жасаўшы Мафтуна Аҳмедовада түйинли зоб қалқан тәризли без өспеси кеселлиги анықланған. Кеселликтиң күшейиўи нәтийжесинде наўқас түрли клиникаларда зәрүр медициналық тексериўлерден өткен. Бирақ хирургиялық операцияны өткериў ушын шаңарақтың экономикалық имканияты жол қоймайтуғыны себепли емлене алмаған. Республикалық қәнигелестирилген эндокринология илимий-әмелий медицина орайы Ферғана филиалы жанында эндокринология бойынша арнаўлы хирургия бөлими жумысы жолға қойылған. Сол себепли адамлар аўыры жеңил, узағы жақын болып атыр.
- Кеселлик ҳаққында еситип түсиник таптым, — дейди наўқас Мафтуна. - Емлениў ушын сырт елге барыў, хирургиялық операция ушын үлкен қаржы талап етилетуғын еди. Өзимизде де бундай қурамалы операция өткерилип атырғанын еситип, өмирге болған үмитим артты. Бул жерде операция ушын үлкен қаржы шәрт болмады. Әмелияты табыслы өтти. Басқалар қатары саў-саламат турмыс кешириў имканиятына ийе болдым.
Заманагөй медициналық үскенелер ҳәм инвентарьлар ушын қаратылып атырған инвестициялар және тараўдағы илимий потенциалдың артып атырғаны кеселликлерди ерте анықлаў имканиятын бермекте. Ең әҳмийетлиси, наўқаслардың узақ жол басып, артықша қәрежет жумсамай, өзлери жасап атырған аймақта сапалы емленип, саўалып атырғаны көплеген шаңарақларға ҳақыйқый қуўаныш ҳәм шадлық алып келмекте.
Акбар РАҲМОНОВ, Қашқадәрья ўәлаяты:
- Расулжан аға, жүдә әжайып пикир айттыңыз. Ҳәзир барлық аймақта шөлкемлестирилип атырған спорт майданлары, пиядалар ушын жоллар, сейил көшелери инсан саламатлығында оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бизлер әдетте денсаулықты сақлаў дегенде емлеўхананы, ақ халатлы шыпакерларды ҳәм үсти-үстине берилетуғын укол-дәрилерди түсинемиз. Себеби, халқымызда медициналық мәденият деген түсиник усы дәрежеге түсип қалған еди. Қашан жығылсақ шыпакерге баратуғын едик.
Ҳәзир жети жастан жетпис жасқа шекем денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы ушын заманагөй спорт майданшалары қурылды. Спорт комплекслери де халық пайдаланыўы ушын күни-түни ашық етип қойылды. Нәтийжеде халық арасында медициналық мәденият қәлиплесип, саламат турмыс тәризине әмел етиў жақсыланды. Ҳәр бир адам өз денсаўлығы ҳаққында қайғыратуғын болды. Атап айтқанда, саламат аўқатланыў тәртибине әмел етилип, жыллар даўамында көбейип барған кеселликлер артқа шегинди.
Қашқадәрья ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасы жуўапкерлери тәрепинен усынылған мағлыўматқа бола, алдын көп ушырасатуғын кеселликлер соңғы үш-төрт жылдың өзинде әдеўир азайған. Таллаўларға бола, ўәлаятта көп ушырасатуғын кеселликлерден бири - жүрек-қан тамыр кеселликлери болып есапланады. Буны есапқа алған ҳалда қатаң илажлар ислеп шығылған. Әмелге асырылған реформалар болса өз нәтийжесин бере баслады. Соның ишинде, бүгинги күнде жүрек-қан тамыр кеселликлери 2024-жылға салыстырғанда бираз азайған. Мысал ушын 2024-жылы бул кеселлик пенен 22 505 адам кеселленген болса, 2025-жылы бул 13 414 адамда дизимге алынған. Сондай-ақ, өткир миокард инфаркти де сезилерли дәрежеде азайған. Соның ишинде, 2024-жылы ўәлаят бойынша 133 өткир миокард инфаркти дизимге алынған. 2025-жылы 47 адам усы кеселлик пенен дизимге алынған. Бир жылда 87 ге азайыўына ерисиў бул үлкен нәтийже. Усы жылдың ақырына шекем көрсеткиш және де төменлеўи күтилмекте.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, жүрек-қан тамыр кеселликлериниң қәўип факторларын үйрениў ҳәм профилактика жумысларына кейинги ўақытта айрықша итибар артқан. Тек ғана 2026-жылдың өткен 9 айында ҳәр қыйлы қатнаслар тийкарында 18 жастан үлкен 2 121 пуқара сораўнама ҳәм медициналық тексериўден өткерилген. Олардың 21 процентинде жоқары артериал басым, 8,1 процентинде қантлы диабет, 26 процентинде семизлик, 39,2 процентинде артықша салмақ белгиленген. 8,2 проценти алдын инфаркт ямаса инсульт өткерген. Олардың 74,96 проценти спорт пенен шуғылланбайтуғыны анықланған. Қәнигелер бул көрсеткишлерди терең таллап, саламат турмыс тәризине әмел етиў бойынша усыныслар берип бармақта. Алдын бундай система жоқ еди. Болса да спорт пенен ғалаба шуғылланыў мүмкин емес еди.
Және бир гәп. Денсаўлықты сақлаў жуўапкерлериниң пикиринше, бүгин айырым кеселликлердиң артқаны тараўдың раўажланып атырғанынан дәрек береди. Негизинде тек ғана кеселлик көбейип атырғанында емес, ал дурыс диагноз қойыў жолға қойылғанында екенин аңлаў керек. Яғный, бирлемши кеселликлер санының артыўы төмендеги әҳмийетли факторлар, халық арасында ғалабалық скрининг тексериўлери өткерилгенлиги, медициналық тексериўлер сапасының жақсыланыўы нәтийжесинде жасырын жағдайлардың ашылғанлығы, алдын анықланбаған кеселликлер жедел түрде ерте басқышта анықланғанлығы менен байланыслы. Бул аймақларда бирлемши кеселликлердиң өсиўи реал кеселликтиң көбейиўинен емес, ал анықланыў дәрежесиниң артқаны менен түсиндириледи. Әпиўайы етип айтқанда, негизинде кесел болғанбыз ҳәм буннан өзимиз хабарсыз болғанбыз.
Жаңа Өзбекстандағы реформалардың өмир бағышлаўшылығы да сонда, дәслеп мәселе ҳәр тәреплеме үйрениледи. Анализлер тийкарында илимий шешим табылады. Барлық шараят жаратылады ҳәм соннан кейин ғана нәтийже талап етиледи. Жаңа Өзбекстанның келбети, түп мәниси әне усындай мәниске ийе.
Сәўбетти “Янги Ўзбекистон” хабаршысы