Бул Президенттиң 2026-жыл 19-октябрьдеги "Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-380-санлы қарарында белгиленген.

Қарарға муўапық, Билимлендириў ҳәм илим министрлиги билимлендириў, илим ҳәм илимий жумыс тараўындағы ўәкилликли республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы есапланады.

Министрликте аутсорсинг тийкарында халықтың мүрәжатлары, шағымлары, усыныслары ҳәм наразылықларын қабыл етиў, оларды жедел көрип шығыў және тийисли шөлкемлерге жибериў ушын "Call-орай" шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, халық ҳәм билимлендириў-илим системасы хызметкерлери менен системалы қарым-қатнасты тәмийинлеў, билимлендириў хызметлериниң сапасы ҳәм ғалабалығы, машқалалар бойынша оператив мәлимлеме алыў және оны таллаў мақсетинде қайта байланыс системасы енгизиледи.

Билимлендириў ҳәм илим министриниң жанында билим алыўшылар, студентлер, ата-аналар, педагоглар ҳәм жумыс бериўшилердиң ўәкиллеринен ибарат Билимлендириў бойынша жәмийетлик кеңес шөлкемлестириледи.

Министрлик коллегиясы министр, оның орынбасарлары, министрлик жанындағы агентликлер директорлары, сондай-ақ, жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң ректорлары, илимпазлар ҳәм педагоглар арасынан қәлиплестириледи. Коллегия қурамы жәми 15 ағзадан ибарат болады.

Қарар менен министрге бурынғысынан басқаша тәризде 2027-жыл 1-февральға шекем министрликтиң орайлық аппаратына хызметкерлерди тиккелей сәўбет тийкарында жумысқа қабыл етиў ўәкиллиги бериледи.

Ҳүжжетте инсан капиталын раўажландырыў ҳәм билимлендириў тараўындағы стратегиялық изертлеўлерге байланыслы жаңа структураларды шөлкемлестириў де нәзерде тутылған. Соннан:

Президент Администрациясы жанында Инсан капиталын раўажландырыў ҳәм үзликсиз билимлендириў стратегиясын ислеп шығыў бойынша арнаўлы жумысшы топар шөлкемлестириледи;

министрлик жанында Инсан капиталын раўажландырыў қоры дүзиледи;

Билимлендириў ҳәм илим бойынша стратегиялық изертлеўлер ҳәм баҳалаў орайы шөлкемлестириледи;

министрлик жанында Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги шөлкемлестириледи.

Соның менен бирге, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы Билимлендириўди раўажландырыў орайының жумысы сапластырылады.