Бүгинги глобал өзгерислер, климат машқалалары ҳәм ресурслардың жетиспеўшилиги
шараятында бул мәселе және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Тәбият енди
шексиз байлық емес, ал абайлылық, саналы мүнәсибет ҳәм жуўапкершиликти талап
ететуғын тири система сыпатында аңланбақта. Соның ушын оны қәстерлеп сақлаў,
келешек әўладларға саламат орталық қалдырыў ҳәр бир инсанның миннетине
айланбақта.
Елимизде бул бағдарда әмелге
асырылып атырған жумыслар басқышпа-басқыш улыўма миллий ҳәрекетке айланып
бармақта. Әсиресе, терек егиў, жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм экологиялық
турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған басламалар кеңнен ен жайды. Мәмлекетимиз
басшысының "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егип,
Миллий дендрология бағын қурыўға старт бериўи бул бағдардағы реформалардың
әмелий ҳәм символикалық әҳмийетин және де күшейтти. Бул халқымыздың әзелий
қәдириятларын заманагөй экологиялық пикирлеў менен үйлестириўге хызмет етпекте.
Бүгинги күнде "жасыл" энергетикаға
болған талаптың артыўы да әне усы процесслер менен байланыслы. Дәстүрий энергия
дәреклериниң қоршаған орталыққа унамсыз тәсири глобал машқалаларды
кескинлестирип атырған бир ўақытта, қайта тиклениўши энергия дәреклерине өтиў экологиялық
турақлы раўажланыўдың әҳмийетли шәртине айланбақта. Бул процесс инсанның тәбият
үстинен ҳүкимдарлық етиўден гөре, оның менен биргеликте жасаўға умтылып
атырғанын көрсетеди.
Суў ресурслары менен байланыслы
машқалалар болса бул ҳақыйқатты және де айқын көрсетпекте. Климат өзгериўи,
халық санының өсиўи ҳәм суўдан ақылға уғрас пайдаланбаў нәтийжесинде суў
жетиспеўшилиги күшейип, аўыл хожалығы, санаат ҳәм халықтың турмысына айрықша
тәсир етпекте. Сонлықтан "жасыл" энергетиканы раўажландырыў ҳәм суў
ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў өз-ара байланыслы мәселелер сыпатында
қаралмақта.
Бул болса раўажланыў ҳәм тәбият
арасында жаңа теңсалмақлықты излеўди талап етпекте. Мәмлекетимиз басшысының
Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында усы жыл ушын белгиленген
бесинши тийкарғы бағдар - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў,
"жасыл" энергетиканы раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас
пайдаланыў мине усы турмыслық зәрүрликтен келип шығады.
Экономикалық турақлы
модель
Бул бағдар, бәринен бурын,
экономикалық өсиўди экологиялық жуўапкершилик пенен үйлестириўге қаратылған.
Ири кәрханаларда фильтрлер, тазалаў үскенелери ҳәм ҳаўаға шығарылып атырған
зыянлы элементлерди мониторинг етиў станцияларын орнатыў ушын 100 миллион
долларлық кредит линиясының ашылыўы мәмлекеттиң қоршаған орталықты қорғаўдағы
жедел ҳәм системалы қатнасын көрсетеди. Бул қарар санааттың раўажланыўы
тәбияттың есабынан емес, ал экологиялық стандартларға сүйенген ҳалда әмелге
асырылыўы керек екенлигин аңлатады. Себеби тәбиятты патаслап жаратылган
экономикалық өсиў турақлы бола алмайды.
Жыл сайын экология тараўында
халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў де әҳмийетли стратегиялық әҳмийетке ийе
болып бармақта. Самарқанд қаласында Глобал экологиялық фондтың гезектеги
ассамблеясы ҳәм Орайлық Азия халықаралық эко көргизбесиниң өткерилиўи
режелестирилгени Өзбекстанның регионаллық экологиялық басламалар орайына
айланып атырғанын көрсетеди. Бул илажлар тек ғана тәжирийбе алмасыў емес, ал
жаңа экологиялық жойбарларды әмелге асырыў, бизнес ҳәм аймақлар арасында узақ
мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў ушын да кең имканият жаратады.
Бүгин қалалардың экологиялық
жағдайы қанаатландырарлы емес. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятындағы
мыңлаған көмир ҳәм газде ислейтуғын ыссыханалар ҳаўаға жүз мыңлаған тонна
зыянлы элемент шығарып атырғаны инсан саламатлығы ҳәм қала орталығы ушын үлкен
қәўип болып есапланады. Фильтрсиз ислейтуғын қазанханалардан ўаз кешиў,
ыссыханаларды пайтахт әтирапынан көшириў ҳәм орайласқан қазанханаларға өтиў экологиялық
ҳәм қала қурылысы көзқарасынан да дурыс қарар болып есапланады. Агрокластерлердиң
шөлкемлестирилип, ыссыханаларға айрықша субсидиялар ажыратылыўы болса
"жасыл" экономиканы хошаметлеўдиң әмелий үлгиси болып есапланады.
Транспорт тараўындағы машқалалар да
экологиялық пикирлеўди өзгертиўди талап етпекте. Қалалардағы тығылыслар ўақыт
ҳәм нерв пенен бирге таза ҳаўаны да "жоғалтпақта". Экологиялық
стикерлер системасының енгизилиўи, жоқары дәрежеде патасландырыўшы
автомобиллердиң қалаларға кириўин шеклеў инсан саламатлығын экономикалық мәптен
үстин қойып атырған қатнас болып есапланады. Мәмлекет тәрепинен ески
автомобиллерди жаңалаў ямаса оларға фильтр орнатыў ушын финанслық жәрдем
берилиўи болса экологиялық талапларды социаллық әдиллик пенен үйлестиреди.
Жәмийетлик транспортты
раўажландырыў, арнаўлы жолларды шөлкемлестириў, транспорт ҳәрекетин
интеллектуаллық системалар арқалы басқарыў қалаларды қолайлы, экологиялық
турақлы мәканға айландырыўға хызмет етеди. Электромобиллерди көбейтиў бойынша
бес жыллық бағдарлама, жеңиллетилген кредитлер, зарядлаў инфраструктурасын
қоллап-қуўатлаў - булардың барлығы келешек қалалары қандай болыўы ҳаққында анық
көзқарасты қәлиплестиреди. Ең әҳмийетлиси, бул илажлар көрилсе, қалаларымыз экологиялық
транспорт аймақларына айланыўы мүмкин.
Экологиялық теңсалмақлық тек ғана
санаат ҳәм транспорт пенен шекленбейди. Шаң-тозаңлардың алдын алыў, климат
өзгериўиниң унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетиндеги кең көлемли
көклемзарластырыў жумыслары тәбиятты тиклеўге қаратылған узақ мүддетли
инвестиция болып табылады. Аралдың қурыған ултанында, шөллениўге бейим
аймақларда миллионлаған терек ҳәм пута нәллериниң егилиўи инсанның тәбият
алдындағы қарызын төлеўге урыныўын еслетеди.
Бул реформалар даўамлы болыўы ушын
билим ҳәм кадрлар шешиўши әҳмийетке ийе. "Жасыл" техникумлар ашыў, экология
менеджерлерин таярлаў, Орайлық Азия жасыл университети жумысын кеңейтиў экологиялық
машқалаларды тек ғана технология менен емес, ой-пикир менен шешиўге қаратылған
қатнас болып есапланады. Лабораториялар, илимий изертлеўлер, қалаларда тәбийий
вентиляцияны күшейтиў бойынша излениўлер экологияға байланыслы қарарларды
илимий тийкарда ислеп шығыўды талап етеди.
Быйыл экология тараўына 1 триллион
900 миллиард сум қаратылатуғыны мәмлекеттиң бул бағдарға стратегиялық
инвестиция киргизип атырғанын айқын көрсетеди. Негизинде бул қаржы тәбиятқа
емес, ал инсанның саламат турмысы, турақлы экономика ҳәм келешек әўладлардың
мүнәсип тәғдирине киргизилген инвестиция. Экологиялық теңсалмақлылықты
тәмийинлеў тәбият пенен бирге ислесиўге тийкарланған келешек жолы болып
табылады.
Энергетика тараўындағы реформалар экологиялық
теңсалмақлылықты тәмийинлеў жолындағы ең әҳмийетли қәдемлерден есапланады.
Кейинги бес жылда мәмлекетимизде қуўатлылығы 6000 мегаваттан артық болған қуяш,
самал ҳәм гидро электр станцияларының иске қосылғаны энергетика системасында
түпкиликли бурылыс жасады. Нәтийжеде улыўма электр энергиясы генерациясында
"жасыл" энергия үлеси 30 процентке жетти. Бул сан тек ғана техникалық
көрсеткиш емес, ал Өзбекстанның қайсы жолдан баратырғанын көрсетип береди.
Дәстүрий энергия дәреклерине
байланыслылықты азайтыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм
қоршаған орталыққа түсип атырған басымды жеңиллетиў "жасыл" энергетика
сиясаты артында турған тийкарғы мақсет болып есапланады. Себеби, бүгин энергетика
тараўында қабыл етилип атырған қарарлар келешек әўладлардың турмысына тәсир
етеди. Усы мәнисте, қайта тиклениўши энергия дәреклерине бағдарланып атырған
инвестиция экономикалық пайда менен бирге руўхый жуўапкершиликти де билдиреди.
Жақында халықаралық шериклер менен
биргеликте улыўма қуўатлылығы 3500 мегаватт болған, баҳасы 4 миллиард 200 миллион
долларлық жаңа "жасыл" энергетика қуўатлықларының қурылысына старт
берилгени избе-из ҳәрекетлердиң логикалық даўамы болып есапланады. Бул
жойбарлар электр тәмийнатын беккемлеў менен бирге экологиялық қәўипсизликти
тәмийинлеўде де шешиўши әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, усы жылдың өзинде 7
миллиард куб метр тәбийғый газдиң үнемлениўи ҳәм ҳаўаға 11 миллион тонна зыянлы
элементлердиң шығыўының алдын алыў күтилмекте.
Бул көрсеткишлер "жасыл" энергетика
экономикалық нәтийжелилик пенен экологиялық турақлылықты бирден-бир ноқатта
бирлестириў мәнисин ашып береди. Тәбийғый газди үнемлеў - ресурсты үнемлеў
емес, ал келешек ушын сақланып атырған байлық. Атмосфераға шығарылып атырған
зыянлы элементлердиң азайыўы болса инсан саламатлығы, қалалар ҳаўасының
тазалығы ҳәм улыўма турмыс сапасы ушын тиккелей әҳмийетке ийе.
Негизинде, "жасыл" энергетикаға
өтиў инсанның тәбият пенен қатнасындағы бурылысты аңлатады. Инсан тәбиятты
шексиз дерек сыпатында емес, ал қорғалыўы лазым болған улыўма үй сыпатында
қабыл ете баслайды. Өзбекстанда бул бағдардағы жумыслар экологиялық
теңсалмақлылықты тәмийинлеў экономикалық раўажланыўға қарсы емес, керисинше,
оның ең беккем тийкары болыўы мүмкин екенлигин көрсетпекте.
Усы мәниде, "жасыл" энергетика
тараўында ерисилип атырған нәтийжелер Мүрәжатта белгиленген бесинши тийкарғы
бағдардың әмелий көриниси болып, жаңа Өзбекстан раўажланыўының экологиялық,
экономикалық турақлы моделин қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Тамшысында өмир
жәмленген
Бүгин суў тамтарыслығы инсаният
алдында турған ең аўыр ҳәм турмыслық машқалалардан бирине айланбақта. Климат
өзгериўи, халық санының өсиўи, аўыл хожалығы ҳәм санаат талапларының артыўы суў
ресурсларына басымды кескин күшейтти. Суў енди тек ғана тәбийғый жемис емес, ал
миллий қәўипсизлик, азық-аўқат турақлылығы ҳәм социаллық раўажланыўды белгилеп
беретуғын стратегиялық ресурс сыпатында көзге тасланбақта. Сонлықтан, кейинги
жылларда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине
көтерилди.
Себеби, суў мәселесинде
кешиктирилген қарарлар ертең сапластырып болмайтуғын ақыбетлерге алып келиўи
мүмкин. Усы мәниде, жақында қабыл етилген, баҳасы 5,5 миллиард доллар болған
суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, суў имаратларын
модернизациялаў ҳәм суўғарыў системаларын жақсылаўға қаратылған үш жыллық
бағдарлама стратегиялық әҳмийетке ийе болмақта. Бул бағдарлама суў машқаласына
қысқа мүддетли емес, ал системалы ҳәм узақ мүддетли қатнас бар екенлигин
көрсетеди.
Бағдарлама шеңберинде суўды үнемлейтуғын
технологиялардың қамтып алыныўы 61 процентке, яғный 2,6 миллион гектарға
жеткерилиўи режелестирилген. Бул нәтийже аўыл хожалығында суўдан пайдаланыў
мәденияты түп-тийкарынан өзгерип атырғанын аңлатады. Нәтийжеде жылына 2,5
миллиард куб метр суў үнемлениўи, 200 мың тонна пуў газиниң шығыўының алды
алыныўы күтилмекте. Бул санлардың артында тек ғана экономикалық нәтийже емес,
ал экологиялық турақлылық ҳәм климат өзгериўине қарсы әмелий үлес жәмленген.
Суўды үнемлейтуғын технологияларды
енгизиўге усы жылдың өзинде 3 триллион 300 миллиард сум қаратылатуғыны
мәмлекеттиң бул тараўдағы қатаң сиясий ерк-ықрарын айқын көрсетеди. Себеби
суўды үнемлеў қәрежетти қысқартыў емес, ал келешек ушын ресурсларды сақлап
қалыў, жердиң өнимдарлығын сақлаў ҳәм аўыл халқының турмыс сапасын арттырыў
деген сөз.
Суў шығынларының үлкен бөлеги ески
ҳәм нәтийжесиз инфраструктура менен байланыслы екени инабатқа алынып, 1300
километр ири магистраль каналларды бетонлаў бойынша кең көлемли жумыслар
режелестирилген. Бул мақсетке 3 триллион сум қаратылып, жылына қосымша 500
миллион куб метр суўды үнемлеў имканияты жаратылады.
Соның менен бирге, ашық дренаж ҳәм
коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша айрықша бағдарламаның қабыл
етилиўи суў ресурсларын қорғаўда жаңа басқышты баслап береди. 2026-жыл ушын бул
мақсетлерге 100 миллион доллар ажыратылыўы, Қашқадәрьядағы Пахтаабад каналын
басымлы қубырға өткериў бойынша 134 миллион долларлық жойбардың әмелге
асырылыўы суўдан пайдаланыўда инновациялық қатнаслар енгизилип атырғанын
көрсетеди. Бул жойбарлар арқалы қосымша 20 мың гектар жер өзлестирилип, және 25
мың гектар майдан кепилленген суў менен тәмийинленеди.
Суў сиясаты тек ғана аўыл хожалығы
менен шекленип қалмастан, қала орталығын жақсылаўға да қаратылмақта. Бүгин
пайтахт ҳәм ири қалаларда "жасыл" аймақларды көбейтиў, салқын
микроклимат жаратыў суў айланысы системаларын қайта тиклеў менен тиккелей
байланыслы. Қала көшелериндеги салмаларда суў ағыўы тек ғана эестетикалық емес,
ал экологиялық ҳәм санитариялық әҳмийетке де ийе. Усы мақсетте 160 миллион
долларлық бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында жүзлеген километр канал,
коллектор ҳәм жабық дренаж системалары қурылады ҳәм оңланады.
Бул тәжирийбе басқа аймақларда да
енгизилип, ўәлаят басшылары тәрепинен қосымша инвестиция тартылыўы режелестирилмекте.
Бул ҳәрекетлер қалаларды жасыл, қолайлы ҳәм экологиялық турақлы мәканға
айландырыўға қаратылған улыўма миллий ҳәрекет қәлиплесип атырғанын аңлатады.
Бул реформалар инсан ҳәм тәбият
арасындағы қатнасықларды қайта көрип шығыўға ийтермелейди. Суўға итибарсызлық
келешекке итибарсызлық. Усы мәнисте, Өзбекстандағы суў реформалары тек ғана
техникалық илажлар комплекси емес, ал экологиялық пикирлеў, жуўапкершилик ҳәм
турақлы раўажланыў философиясының әмелий көриниси болып есапланады.
"Жасыл" энергетика және
суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўындағы жаңаланыўлар Өзбекстанның
экологиялық ҳәм экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде тийкарғы бағдарлардан
бирине айланды. Соңғы жылларда қурылған қуяш, самал ҳәм гидроэлектр станциялары
тек ғана энергия тәмийнатында еркинликти арттырып қоймастан, ал атмосфераға
шығатуғын зыянлы элементлерди сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын берди.
Соның менен бирге, суўды үнемлеўге қаратылған үлкен бағдарламалар, магистраль
каналлар ҳәм жабық дренаж системаларын қурыў, суўғарыў нәтийжелилигин арттырыў
арқалы аўыл хожалығы ҳәм қала орталығы ушын турақлы тийкар жаратпақта.
Бунда тек техникалық ҳәм
экономикалық илажлар әҳмийетли емес. Олар инсанның тәбият пенен қатнасын қайта
қәлиплестириў, экологиялық мәденият ҳәм жуўапкершиликти арттырыўда да үлкен
әҳмийетке ийе. Мәмлекеттиң тийкарғы стратегиясы арқалы өткерилип атырған
реформалар улыўма миллий ҳәм регионаллық әҳмийетке де ийе болып, Өзбекстанды
Орайлық Азияда экологиялық турақлылық ҳәм "жасыл" раўажланыў үлгисине
айландырмақта.
Бүгинги қәдемлер ертеңги әўлад ушын
тазалық, саламатлық ҳәм турақлы турмыс кепиллиги сыпатында хызмет етеди. Усы
мәнисте, экология ҳәм энергетика тараўындағы ҳәр бир инвестиция, ҳәр бир
инновациялық жойбар тек ғана экономикалық нәтийже емес, ал руўхый ҳәм
стратегиялық әҳмийетке ийе. Бүгин елимизде исленип атырған жумыслар мине
усындай турақлылық, тең салмақлық ҳәм жуўапкершилик принциплери тийкарында
қурылмақта. Себеби тәбиятты қәстерлеп сақлаў, ресурслардан ақылға уғрас
пайдаланыў ҳәм "жасыл" раўажланыўға умтылыў ҳәр бир пуқараның
турмыслық миннетине айланыўы керек. Ҳақыйқатында да, инсан ҳәм тәбият
арасындағы бул үнлеслик келешекке байланысқан ең әҳмийетли қәдем болып
есапланады.
Сардор ТОЛЛИБАЕВ,
"Янги
Ўзбекистон" хабаршысы