Мәмлекетимиз басшысының басшылығында қоршаған орталықты қорғаў мәселеси, глобал көлемде күтилип атырған экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы турыў, олардың алдын алыўға қаратылған улыўма миллий ҳәрекет мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бөлегине айланды. Өйткени, халқының ертеңги күни, келешеги ушын қайғыратуғын мәмлекетлер экологиялық мәселелерди раўажланыўдың ең әҳмийетли бағдарлары қатарына қоймақта.
Президентимиз алға қойған ҳәм бүгин шын мәнисинде улыўма миллий ҳәрекетке айланған ийгиликли басламалар тийкарында тек ғана бүгинги күнниң абаданлығы емес, ал келешек әўладлардың таза ҳаўадан нәпес алыўы, саламат тәбийғый орталықта камалға келиўи сыяқлы уллы мақсетлер жәмленген. Қоршаған орталықты жасылға бөлеўге қаратылған "Жасыл мәкан" улыўмамиллий ҳәрекети, сәл алдын қабыл етилген "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбары - булар ертеңги турмысымыз, мәмлекет ҳәм халқымыз тәғдири, саламат келешегимизге байланыслы стратегиялық жолдың ажыралмас бөлегине айланды.
Мәмлекетимиз басшысы 1-апрель күни "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде нәл егиў илажында қатнасып, Миллий дендрология бағын қурыўға старт берди. Өткен жылы да Президентимиз Ташкент қаласының "жасыл белбеўи" ушын нәл еккен еди. Бүгинги күнде буның қаншелли әҳмийетли екенлигин жетерли түсинбей атырғанымыз болыўы мүмкин, бирақ ҳәзирги экологиялық жағдайға тереңирек нәзер тасласақ, "тәбияттың ҳаўазы"на қулақ түрсек, ҳаўлығып кетиўимиз мүмкин. Мәмлекетимиз жетекшиси болса "жасыл" турмысқа өтиў қаншелли әҳмийетли екенин бәрқулла атап келеди. Ана тәбият теңсалмақлылығын тиклеў, елдиң ертеңги күнине бийпәрўа болмаў бағдарында жеке өзи халқымызға үлги көрсетпекте.
Бул ретки қайырлы баслама алдынғыларынан және бир әҳмийетли тәрепи менен айрықша ажыралып турды. Яғный елимиздеги министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, зыялылар, нураныйлар ҳәм жаслардың ўәкиллеринен тысқары сырт еллердиң мәмлекетимиздеги дипломатиялық корпусының ўәкиллери қатнасты. Бул - Өзбекстан аўызбиршилик, өз-ара исеним ҳәм тынышлықты қәдирлеў, турақлы раўажланыў жолынан исенимли баратырғанының айқын көриниси. БМШтың Тоғайлар бойынша форумының баслығы Исмоил Беленниң бул ҳәрекет Өзбекстан Президенти басшылығында дүнья мәмлекетлерин бирлестириўге шақыратуғын сиясий баслама екенин атап өткени ҳәммемизди бирдей мақтанышқа бөледи.
Ҳәзирги ўақытта тек ғана Орайлық Азия мәмлекетлери емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги климат өзгериўи себепли жүзеге келип атырған машқала ҳәм қәўип-қәтерлерге шешим табыўға ҳәрекет етпекте. Бул машқалалар қатарына атмосферада ыссыхана газлериниң көбейиўи, жердиң үстинги қабығы температурасының артыўы, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, тәбийғий апатлардың тез-тез тәкирарланыўы, шөллениў процесиниң жеделлесиўи ҳәм басқаларды киргизиў мүмкин. Қәнигелердиң атап өтиўинше, климат өзгериўи тәбийғый апатшылықлардың жаңа түрлериниң пайда болыўына шараят жаратыў менен бир қатарда, ҳәзирги тәбийғый апатшылықлардың зыян жеткериў көлемин бир неше есеге арттырыўы, ҳәттеки басқарып болмайтуғын дәрежеге жеткериўи мүмкин.
Халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий топарлар климат өзгериўи дүньяның бир қатар аймақларында ҳәр қыйлы дәрежедеги социаллық-экономикалық машқалаларды жүзеге келтиретуғынын болжамақта. Атап айтқанда, Жәҳән банкиниң мағлыўматына бола, климат өзгериўи күшли ишки миграцияға себеп болады, соның ишинде, 2050-жылға шекем дүньяның алты регионында жасап атырған 216 миллион адам жасап атырған жеринен басқа аймақларға көшип кетеди. Бул регионлар арасында Орайлық Азияның бар екенлиги бул машқаланың регион мәмлекетлери ушын қаншелли әҳмийетли екенин дәлиллейди.
Мағлыўматларға қарағанда, соңғы 50-60 жылда климат шараятының өзгериўи нәтийжесинде Орайлық Азияда музлықлардың бети 30 процент қысқарды. Бул тәреп дәрьялар ҳәм олардың экосистемасына тиккелей тәсир көрсетти. Соңғы бир неше он жыллықта орташа жыллық температура 1,5 дәреже көтерилди ҳәм әсир ақырына келип 2 дәрежеден 5,7 дәрежеге шекем артыўы болжанбақта.
Бундай экологиялық кризислер, әлбетте, мәмлекетимизди де шетлеп өтпейди. Елимизде әлле қашан басланған экологиялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў, шөллениўди азайтыў, суў жетиспеўшилигиниң алдын алыў, ҳаўа тазалығын тәмийинлеў, шаўқым менен патасланыў ҳәм шаң-тозаңды азайтыў, адамлардың нерв системасын турақластырыў ушын да бүгин терек егиўге үлкен итибар қаратыўымыз, барларын болса сақлаўымыз керек.
Климат өзгериўи ақыбетлери Өзбекстан халқының абаданлығына түрлише тәсир көрсетеди. 2030-жылға барып мәмлекет бойлап қала ҳәм аўылларда кеминде 8 миллион адам климаттың өзгериўи қәўпи оғада жоқары болған аймақларда жасайтуғыны күтилмекте. CCDR есап-санағына бола, егер климат өзгериўине бейимлесиў илажлары көрилмесе, 2050-жылға барып миллий экономика көлеми климат өзгериўинен зыян көрмеген жағдайдағы көрсеткиштен 10 процент төмен болыўы итималы жоқары. Бул халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматының сезилерли қысқарыўына алып келеди.
Биз жасап атырған аймақ шараятынан келип шыққан ҳалда, климат өзгериўиниң аўыр ақыбетлеринен бизди қорғайтуғын бирден-бир дәрек бул тереклер болып есапланады. Мине соның өзи соңғы бес жылдан берли мәмлекетимиз басшысының басламасы менен "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары әмелге асырылып, ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егилип атырғаны қаншелли әҳмийетли екенлигин тастыйықлайды.
Кейинги бир айда Президентимиз экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған онға шамалас жаңа ҳүжжетке қол қойды. Айырым нызам ҳүжжетлерине қоршаған орталықтың, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясының қорғалыўын күшейтиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиўге байланыслы нызам, "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша ҳәм "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ҳаққындағы пәрманлар, "Экомәденият" улыўма миллий жойбары шеңберинде экологиялық билимлендириў, илим ҳәм үгит-нәсиятлаўды жеделлестириўге байланыслы комплексли илажларға байланыслы қарар сыяқлы ҳүжжетлерде мәмлекетимизде экологиялық жағдайды жақсылаўдың әҳмийетли тәреплери атап өтилди.
Раўажланыў көрсеткишлери жеделлик пенен өзгерип атырған бир дәўирде халықтың жан басына неше терек туўра келиўине байланыслы мағлыўматлар бүгин ең тийкарғы өлшемлер қатарына шықпақта. Ҳәзирги күнде раўажланған мәмлекетлерде ҳәр бир адамға орташа 15-18 түп терек туўра келеди.
Илимпазларымыздың есап-санағына бола, орта жастағы бир инсанның бир жылда 700-740 килограмм кислородқа мүтәжлиги бар. Бизиң топырақ климат шараятымызда 10-12 метрли жапырақлы терек бир жылда орташа 100 килограмм әтирапында кислород ислеп шығарады. Демек, елатлы пунктлерде ҳәр бир адам ушын 10 метрден кем болмаған кеминде 7-8 түп терек болыўы керек. Және де анығырақ етип айтатуғын болсақ, 37 миллион адам ушын 260-300 миллион түп, Ташкент қаласының халқы ушын болса қалада 20-28 миллион түп 10 метрден зыят жапырақлы терек зәрүр.
Тек ғана Ташкент емес, ал елимиздеги басқа да ири қалаларда да ҳаўа сапасын жақсылаў мәселеси барған сайын қатаң түс алып атырғанының тийкарғы себеби тереклердиң санының азлығы, қала әтирапында жасыл аймақлардың жетерли емеслиги болып есапланады.
Пайтахтымыз жанында қурылып атырған Миллий дендрология бағы болса қалаға кирип келетуғын таза ҳаўаны тәмийинлейтуғын тийкарғы дәрекке айланады. Ҳәзирги ўақытта 65 гектар майданда 50 мың түп терек, 100 мың түп ҳәр қыйлы пута нәлин егиў жумыслары басланған. Келешекте бағ аймағын кеңейтиў нәзерде тутылған. Нәтийжеде бул бийбаҳа экологиялық таза аймақтың улыўма майданы 108 гектарға шекем жеткериледи. Бағда орташа 80-120 түрдеги терек ҳәм путалар коллекциясы жайластырылады. Қысқасы, жақын жылларда Миллий дендрология бағының ҳәр бир гектары жылына орташа 28 тонна шаңды, РМ10, РМ2,5 бөлекшелерин жутыўшы үлкен тәбийғый фильтрге айланады.
Ең әҳмийетлиси, Сурхандәрьяда 10 мың гектарда "жасыл мәкан", Сырдәрьяда 84 километрлик "жасыл дийўал" қурыў жумыслары да басланды. Қарақалпақстанда 1 миллион гектар, Наўайы ҳәм Бухарада 300 мың гектардан, Хорезмде 85 мың гектар шөл аймағында жаңа тоғайлар жаратылады.
Миллий дендрология бағын қурыўға старт берилген күнниң өзинде аймақларда 21 мыңға шамалас ўатанласымыз 164 гектар майданда 88 мың түп нәл отырғызды. Мине усының өзи бүгин ана тәбиятты қорғаў, халқымыздың ертеңги саламат турмысы ушын тийислилик сезими бүгин ҳәр бир ўатанласымыздың жүрек буйрығына айланғанының көриниси емес пе?! Бул аспанымызда жақын жылларда ҳақыйқый таза ҳәм саламат орталық орнайтуғынына исеним.
Бурын да ҳәр мәўсимде терек егиў кампаниялары ҳәўиж алып, қағазларда миллион-миллион түп нәл егилгени ҳаққында есабатлар толтырылатуғын еди. Олардың кейинги тәғдири, күтими ушын кимдур жуўапкер болыўы кереклиги ҳаққында, тилекке қарсы, ҳеш ким бас қатырмайтуғын еди. Қай жерге қандай терек егиў кереклиги, келешекте бул терек жерде тутып қалатуғыны ҳаққында-ақ қәниге түўе хәтте тәжирийбели бир бағманның пикирин тыңлап көриў ҳеш кимниң ойына келмес еди. Ақыбетинде қаншадан-қанша нәллер қурып, зая болды, орынсыз таңланған терек түрлери айырым инсанлар ушын кеселлик қоздырыўшы дәрегине де айланды.
Бүгин жағдай пүткиллей басқаша. Егилген ҳәр бир нәлге күтим ушын жуўапкер бириктирилген, яғный бир терек ержеткенше ғамхорлық ететуғын ийеси бар. Буннан тысқары, ҳәр бир нәлдиң тәғдири ҳәм тәрбиясы жәмийетшиликтиң қадағалаўында. Бир ғана биз - депутатлардың жумысын алайық. Ҳәр ай жуўмағында аймақларға, сайлаўшылардың алдына барғанда, әлбетте, сол аймақта егилген нәллердиң тәрбиясын көзден өткериў әдетке айланды.
Нәллерди таңлаў, қайсы аймақта қандай тереклерди өсириў келеси он жыллықта нелерди беретуғынын илимий тийкарда белгилеп атырғаны болса айрықша итибарға ийе. Мәмлекетимиз басшысының әйне нәллерди таңлаўда да илимий тийкарларға сүйениўди талап етип атырғаны, керек болса, әсирлерге шекем даўам етиўи мүмкин болған қәтениң алдын алыў болып есапланады. Соның ушын да Президентимиз аймаққа сай терек түрлерин таңлаў ҳәм егиўде Халықаралық молекуляр аллергология орайының усыныслары алынып атырғанын айрықша атап өтти. "Жасыл" университет аймағында "Илим - жойбар - әмелият" шынжыры тийкарында қурылып атырған инвитро лабораториясы, Дәрилик өсимликлер және Туқымгершилик ҳәм селекция орайлары усы жылдың өзинде иске қосылатуғыны үлкен әҳмийетке ийе.
Енди жасыл бағларды жаратыўда халық ҳәм депутатлардың қатнасы және де кеңейеди. Ашығын айтқанда, бул биз - депутатлар ушын, Экологиялық партия ушын оғада үлкен жуўапкершилик ҳәм исеним белгиси болып есапланады. Алдын "Мениң бағым" бағдарламасы шеңберинде ҳәр бир жойбарға бюджеттен 250 миллион сумға шекем қаржы берилген болса, енди бул муғдар 400 миллион сумнан арттырылады.
Усы мәўсимнен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәр бир депутатына өз округинде жасыл аймақ, жасыл бағ жаратыўы ушын 412 миллион сумнан қаржы береди. Мине усындай шексиз имканиятлар усынылып атырған бир ўақытта бизден талап етилетуғын тек ғана бир нәрсе: бир түп болса да нәл егиў, ҳәр бир терек ушын қайғырыў, ҳәр бир қарыс жасыл аймақты көздиң қарашығындай сақлаў ушын белди беккем буўыў.
Президентимиздиң атап өткениндей, халқымызда "Жақсыдан бағ қалады", "Бир нәл ексең - мың берекет", "Перзентли болсаң, той берсең, терек ек" деген терең мәнили ҳикметлер бийкарға айтылмаған. Бул сөзлер миллетимиздиң қан-қанына сиңип кеткен, әсирлер даўамында ата-бабаларымыздың турмысын сайқал берген жасаў философиясы, ата-бабаларымыздың гөззал турмысы болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлле баслықлары, нураныйларымыз ҳәм жасларымызға мүрәжат етип, ҳәр бир көше ҳәм шаңараққа пайыз беретуғын нәллер егиўде интакер болыўға шақырды. Бул шақырық ҳәр бир ҳүжданлы инсанның қәлбинде жаңғырық бериўи керек. Мәҳәлле ақсақаллары ҳәм аналарымыздың бул жумысларға бас-қас болыўы - жас әўлад ушын ең үлкен тәрбия мектеби. Оны күнделикли турмысымызда, қоршаған орталықтағы өзгерислерде айқын сезип турмыз.
Биз бул стратегиялық баслама ҳәм халқымыздың кеўлиндеги жақсы усыныслардан оғада қуўандық. Ийгиликли ислерге көпти көрген нураныйларымыз, күш-ғайратлы жасларымыз ҳәм барлық мийнет жәмәәтлериниң белсенди болып атырғаны ҳәммемизди руўхландырады. Соның ушын, бар күш ҳәм имканиятымызды жумсап, бул реформалардың орынланыўын тәмийинлеў, экологиялық мәдениятты арттырыўда ең алдынғы қатарларда болыўымыз шәрт. Ҳәр бир мәҳәлле ҳәм шаңарақта жасыллық дүньясын кеңейтиў, ана тәбиятты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў жолында депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтемиз.
Жақсы нийет ҳәм үлкен мақсетлер менен ана жерге егилген ҳәр бир нәл - өмирдиң даўамлылығы, таза нәпес ҳәм саламат келешек дегени.
Абдушукур ХАМЗАЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы фракциясының баслығы