Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрмановтың басшылығында пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм олардың машқалаларына шешим табыў мақсетинде гезектеги қабыллаў өткерилди.
Усы қабыллаў даўамында ҳәр қыйлы бағдарлардағы мүрәжатлар тыңланып, олардың ҳәр бири ҳәр тәреплеме үйренилди.
Қабыллаў процесинде пуқаралар тәрепинен тийкарынан турақ жай, бәнтлик, социаллық жәрдем, банк, кредит, кадастр ҳәм инфраструктура мәселелерине байланыслы мүрәжатлар билдирилди. Ҳәр бир мүрәжат бойынша жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллерине тийисли тапсырмалар берилип, машқалаларды шешиў бойынша анық илажлар белгиленди.
Айрым мәселелер орнында өзиниң унамлы шешимин тапқан болса, қосымша үйрениўди талап ететуғын мүрәжатлар орынлаўға қаратылып, қадағалаўға алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.