Бухараға сапары шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтти.
Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасы ҳәм әййемги Бухараның тарийхый естеликлерин зыярат етти.
Жетекшилерге ўәлаят ҳәкимлигиниң ситуациялық орайы, жасалма интеллект жойбарлары ҳәм санаат кәрханасының жумысы таныстырылды.
Бухара халықаралық аэропортындағы илажлар жуўмағында жоқары мәртебели мийманды мәмлекетимиз басшысы шығарып салды.
Усының менен Президентимиз Бухараға сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтты.