Бирақ бул формуланың ең үлкен кемшилиги сонда, ол тәбиятты есапқа алмайды. Тәбийий ресурслар сарпланады, экосистемалар изден шығады, бирақ бул жоғалтыўлар экономикалық есап-санақларда сәўлеленбейди. Нәтийжеде парадокс жүзеге келеди: цифрларда өсиў бар, бирақ оның тийкары әззилеп барады.

Негизинде экономика ҳәм экология арасында бәсеки жоқ. Олар бир-бирине қарама-қарсы емес, ал өз ара байланыслы. Жер, суў, ҳаўа ҳәм биологиялық ресурслар экономиканың сыртқы фактори емес, керисинше тийкарғы капиталы. Оларды есапқа алмай турып турақлы раўажланыў ҳаққында айтыў теориялық жақтан да, әмелий жақтан да надурыс.

Кейинги он жыллықларда бул ҳақыйқатлық және де айқын көзге таслана баслады. Климат өзгериўи глобал экономикаға тиккелей тәсир көрсетпекте. Суў ресурслары жетиспеўшилиги аўыл хожалығында өнимдарлықты төменлетпекте. Жер деградациясы өндирис баҳасын арттырмақта. Ҳаўа патасланыўы болса денсаўлықты сақлаў қәрежетин көбейтип, мийнет өнимдарлығын төменлетпекте.

Дүньяда атмосфера патасланыўы менен байланыслы экономикалық жоғалтыўлар жылына триллионлап долларға баҳаланбақта. Айырым есап-санақларға бола, тек ғана ҳаўаның патасланыўының өзи глобал ЖИӨниң 5-7 процентине тең экономикалық зыян келтирмекте. Бул болса экологиялық машқалалар әллеқашан экономикалық қәўип дәрежесине шыққанын аңлатады.

Мәмлекетимиз мысалында бул байланыслылық және де айқын көринеди. Экономикамыздың үлкен бөлеги ресурсларға, әсиресе, суўға байланыслы. Аўыл хожалығы ЖИӨниң шама менен 20-25 процентин тәмийинлейди. Бәнтликте болса үлеси 25 проценттен жоқары. Соның менен бирге, суў ресурсларының 80 проценттен асламы мине усы секторда жумсалады.

Бул санлар бир қарағанда әпиўайы көриниўи мүмкин. Бирақ машқала сонда, суўдан пайдаланыў нәтийжелилиги төмен. Айырым есап-санақларға бола, ирригация системасында суў жоғалтыўы 30-40 процентке шекем жетеди. Демек, экономикалық өсиўдиң бир бөлеги нәтийжесиз ресурс жумсаў есабынан тәмийинленбекте.

Енди тийкарғы сораў пайда болады: биз ҳақыйқый өсиўди көрип атырмыз ба ямаса ресурслар есабынан жаратылған ўақытша нәтийжени?

Дәстүрий макроекономикалық көрсеткишлер арқалы бул сораўға жуўап таўып болмайды. Себеби, ЖИӨди есаплаўда тәбийий капитал азайыўы, экосистема хызметлериниң жоқ болыўы ҳәм экологиялық зыянлар есапқа алынбайды. Нәтийжеде экономикалық өсиў толық емес жағдайда сәўлеленеди.

Сол себепли соңғы жылларда халықаралық әмелиятта "жасыл ЖИӨ" түсиниги қәлиплести. Оның мәниси әпиўайы: экономикалық өсиўден тәбиятқа жеткерилген зыян алынады. Бирақ бул жантасыў әпиўайы формула емес - ол экономикалық пикирлеўдиң түпкиликли өзгериўин анлатади. Себеби бул жағдайда экономикаға биринши рет тәбияттан ғәрезсиз емес, ал оның бир бөлеги сыпатында қаралады.

Халықаралық тәжирийбе экологиялық факторларға сүйенип есапланған экономикалық көрсеткишлер дәстүрий ЖИӨдан сезилерли дәрежеде парықланатуғынын көрсетпекте. Айырым мәмлекетлерде "жасыл ЖИӨ" дәстүрий ЖИӨ ден 10-15 процентке шекем төмен шығыўы атап өтилген. Бул болса рәсмий өсиўдиң белгили бир бөлеги тәбият есабынан тәмийинленип атырғанын көрсетеди.

Бул жағдай, әсиресе, аграр секторда айқын көринеди. Суў ресурсларынан интенсив пайдаланыў жерлердиң шорланыўына ҳәм өнимдарлықтың төменлеўине алып келмекте. Айырым аймақларда жердиң 40-50 процентине шекем ҳәр қыйлы дәрежеде деградацияға ушырағаны атап өтилген. Бул болса төмендеги парадоксти жүзеге келтиреди: бүгинги өнимдарлық ертеңги жоғалтыўлар есабынан тәмийинленбекте.

Санаат тараўында да уқсас жағдай бақланады. Энергия сыйымлығы жоқары тармақлардың үлеси үлкен болып қалмақта. Елимизде энергияның жумсалыўы ЖИӨ бирлигине салыстырғанда раўажланған мәмлекетлердегиге қарағанда бир неше есе жоқары. Бул болса экономиканың нәтийжелилиги төмен екенин аңлатады. Соның менен бирге, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлеси еле шекленген. Бул болса келешекте энергетика қәўипин күшейтиўи мүмкин.

Ең үлкен қәўип - экологиялық процесслердиң артқа қайтпайтуғынлығында. Биокөптүрлиликтиң жоқ болыўы, топырақ өнимдарлығының кескин төменлеўи ямаса суў резервлериниң жетиспеўшилиги - буларды кейин ала тиклеў оғада қымбатқа түседи ямаса улыўма мүмкин емес. Усы көзқарастан қарағанда, экология тек тәбиятты қорғаў мәселеси емес, ал экономикалық қәўипсизлик мәселеси болып табылады.

Бул ҳақыйқатты ең айқын көрсеткен мысал - Арал кризиси. Ол тек ғана экологиялық апатшылық емес, ал надурыс экономикалық қарарлардың ақыбети сыпатында пүткил бир аймақтың экономикалық системасын изден шығарған жағдай. Бул тәжирийбе тәбиятты есапқа алмаған экономикалық сиясат ақыр-аяғында экономикалық жоғалтыўға алып келетуғынын көрсетеди.

Соның ушын бүгин тийкарғы ўазыйпа анық: экологиялық факторларды экономикалық қарарлар орайына алып шығыў. Бул болса тек ғана экологиялық реформа емес, ал экономикалық пикирлеўди өзгертиў мәселеси де болып есапланады.

Экологиялық ҳәм экономикалық мәплер арасындағы теңсалмақлылықты тәмийинлеў мәселеси теориялық додалаўлар шеңберинен шығып, анық сиясат қарарларын талап ететуғын басқышқа өтти. Бул процессте ең әҳмийетли сораў: қайсы тараўларда өзгерис биринши болыўы керек ҳәм бул өзгерислер қандай экономикалық механизмлер арқалы әмелге асырылады?

Мәмлекетимиз шараятында бул сораўға жуўап анық: трансформация орайында суў, энергетика ҳәм санаат сиясаты турыўы керек. Себеби, мине, усы үш бағдар экономикалық өсиў ҳәм экологиялық басым арасындағы тийкарғы байланысты белгилейди.

Бәринен бурын, суў ресурслары мәселеси. Мәмлекетимизде суў ресурсларының шама менен 80-90 проценти аўыл хожалығына жумсалады. Бирақ бул жумсалыўдың үлкен бөлеги нәтийжесиз. Ирригация инфраструктурасының ескиргени, ашық каналлар арқалы шығынлар ҳәм заманагөй технологиялардың жетерли емеслиги нәтийжесинде улыўма суўдың кеминде үштен бир бөлеги өндириске жетпей жоғалады.

Бул санлар бир нәрсени анық көрсетеди: машқала ресурс жетиспеўшилигинде емес, ал оны басқарыў нәтийжелилигинде.

Усы көзқарастан, суў сиясатында үш принципиал өзгерис зәрүр. Бириншиси - экономикалық сигналларды өзгертиў. Суў әмелде бийпул ресурс сыпатында қабыл етилип атырған шараятта оны үнемлеўге хошамет жоқ. Егер ресурс баҳасы нолге жақын болса, оның нәтийжелилиги де нолге жақын болады. Соның ушын басқышпа-басқыш тариф реформасы зәрүр. Бул, әлбетте, социаллық қорғаў механизмлери менен бирге әмелге асырылыўы керек.

Екиншиси - технологиялар трансформациясы. Тамшылатып суўғарыў ҳәм суўды анық есапқа алыў системалары енгизилмесе, нәтийжелиликти арттырыў мүмкин емес. Ҳәзирги жағдайда заманагөй суўғарыў технологиялары улыўма майданның салыстырмалы аз бөлегинде қолланылмақта. Бул болса үлкен нәтийжелилик резерви бар екенлигин аңлатады.

Үшиншиси - институционаллық өзгерислер. Суў ресурсларын басқарыўда орайласқан ҳәм жергиликли дәрежелер арасында жуўапкершилик бөлистирилиўи анық емес. Нәтийжеде "улыўма ресурс - жеке жуўапкершилик жоқ" модели қәлиплеседи. Бул болса нәтийжелиликти төменлетеди.

Соның менен бирге, аграр сиясаттың өзи де қайта көрип шығылыўы керек. Ҳәзирги моделде суў талапшылығы жоқары егинлер үстинлик етеди. Бул болса тәбийғый шеклеўлер менен қарама-қарсылыққа кирмекте. Демек, мәселе тек технологияда емес, ал қәнигелесиўде де.

Екинши бағдар - энергетика сиясаты. мәмлекетимиз экономикасы энергия сыйымлылығы жоқары болған экономикалар қатарына киреди. Яғный, ЖИӨ бирлигине салыстырғанда жумсалып атырған энергия көлеми жоқары. Бул болса еки нәрсени аңлатады: бириншиден, ресурслар артықша жумсалмақта, екиншиден, өнимниң өзине түсер баҳасы артпақта.

Есап-санақларға бола, энергия нәтийжелилигин 20-25 процентке арттырыў арқалы санаат қәрежетлерин сезилерли дәрежеде азайтыў мүмкин. Бул болса бәсекиге шыдамлылықты арттырыў менен бирге, экологиялық басымды да азайтады.

Бул жерде де трансформация еки басқышта әмелге асырылыўы керек.

Биринши басқыш - нәтийжелилик. Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў, ыссылық шығынларын азайтыў, модернизациялаў.

Екинши басқыш - структура. Қайта тиклениўши энергия дереклерине өтиў. Өзбекстанда қуяш радиациясы жоқары болып, жыллық қуяшлы күнлер саны 300 ге жақын. Бул болса қуяш энергетикасы ушын үлкен потенциал бар екенлигин аңлатады.

Бирақ бул жерде әпиўайы қәтеликке жол қоймаў керек: қайта тиклениўши энергия "арзан алтернатив" емес, ал узақ мүддетли инвестиция. Егер тариф сиясаты, тармақ инфраструктурасы ҳәм резерв қуўатлықлар есапқа алынбаса, бул жойбарлар экономикалық жақтан нәтийжесиз болыўы мүмкин.

Үшинши бағдар - санаатты трансформациялаў. Экспортқа бағдарланған санааттың раўажланыўы әҳмийетли, бирақ бул процесс жоқары ресурс сыйымлылығы болған модель тийкарында даўам етсе, узақ мүддетли машқалаларды күшейтеди.

Усы көзқарастан, санаат сиясатында еки тийкарғы бағдар анық болыўы керек: энергия ҳәм ресурс нәтийжелилиги және қосымша қунды арттырыў зәрүрлиги.

Егер экономика шийки зат ҳәм энергияга таянып раўажланса, ол экологиялық ҳәм экономикалық жақтан турақлы болмайды. Бул үш бағдарды қаржыландырыў болса өз алдына машқала. Себеби экологиялық трансформация үлкен инвестиция талап етеди. Мәмлекетлик бюджет болса шекленген.

Сол себепли "жасыл" финанслық инструментлер үлкен әҳмийетке ийе. Жәҳән әмелиятында "жасыл" облигациялар, ESG стандартлары ҳәм халықаралық финанс институтлары арқалы үлкен қаржы тартылмақта.

Экологиялық турақлылық таңлаў емес, ал экономикалық қәўипсизлик шәрти. Тәбиятты есапқа алмаған экономика белгили бир мүддет ислеўи мүмкин, бирақ турақлы бола алмайды. Соның ушын тийкарғы мәселе өсиў бар-жоқлығы емес, ал қандай баҳа есабынан екени болып табылады.

Бүгинги шараятта бул сораўға анық сиясий қарарлар арқалы жуўап табылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2026-жыл 25-марттағы "Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарары экологиялық тараўдағы гезектеги бағдарлама емес, ал қатнас өзгериўиниң белгиси сыпатында баҳаланыўы керек.

Қарардағы ең әҳмийетли тәрепи сонда, экология өз алдына сектор сыпатында емес, ал экономика, билимлендириў ҳәм жәмийет қамтып алынатуғын система сыпатында көриледи. Яғный машқала тәбиятта емес, ал инсан капиталы, билим ҳәм басқарыў сыпатында екени ашық тән алынбақта.

Ҳүжжетте экологиялық мәдениятты қәлиплестириў, халықаралық стандартларға сай кадрлар таярлаў ҳәм билимлендириў системасын қайта қурыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленгени бийкарға емес. Бул экологиялық сиясатты қадағалаў ҳәм шеклеўлерден билим ҳәм компетенцияға өткериўге урыныў болып табылады.

Мәселен, ҳәр бир аймақта "жасыл техникумлар" шөлкемлестириў басламасы үлкен көлемдеги институционаллық өзгеристи аңлатады. Бул экологиялық билимди орайдан аймақларға тарқатыў, оны элита тараўынан ғалаба компетенцияға айландырыў дегени.

Тап усындай жағдай билимлендириў ҳәм илим интеграциясында да бақланыўы мүмкин. Теория ҳәм әмелият арасындағы қатнасты өзгертиў, әмелият үлесин 70-80 процентке шекем арттырыў сыяқлы қарарлар дурыс, бирақ оларды әмелге асырыў ушын инфраструктура ҳәм кадрлар таярлығы жетерли болыўы шәрт.

Және бир әҳмийетли тәрепи экологиялық сиясаттың экономикалық мазмун менен толықтырылыўы. "Жасыл" экономика, айланбалы экономика ҳәм турақлы қаржы сыяқлы бағдарлардың енгизилип атырғаны бул тараўға енди қәрежет емес, инвестиция сыпатында қаралып атырғанын көрсетеди. Бирақ бул түсиниклер әмелиятта ислемесе, тек термин сыпатында қалып кетиўи мүмкин.

Экологиялық ҳәм экономикалық сиясат арасындағы қатнасты қайта көрип шығыў мәселеси бүгин таңлаў емес, ал зәрүрликке айланды. Себеби өсиў модели өзиниң ишки шеклеўлерине жақынласпақта. Ресурсларға таянған раўажланыў қысқа мүддетте нәтийже береди, бирақ узақ мүддетте экономикалық системаның өзине басым жасайды.

Бул жағдайды әпиўайы мысал менен түсиндириў мүмкин: егер экономика тәбийий капитал есабынан өссе, онда бул өсиў қарыз есабынан әмелге асырылып атырғандай болады. Парқы сонда, бул қарыз финанслық есабатларда көринбейди, бирақ оның проценти жүдә жоқары болады.

Усы көзқарастан қарағанда, тийкарғы мәселе "экономикалық өсиў ямаса экология" таңлаўы емес. Тийкарғы сораў басқаша қойылыўы керек: қандай өсиў ҳәм қайсы баҳа есабынан?

Егер өсиў ресурслар сарпланыўы, суў жетиспеўшилиги, жер деградациясы ҳәм денсаўлыққа тәсир есабынан тәмийинленсе, онда бул өсиў турақлы емес. Ол экономикалық көрсеткишлерде сәўлеленсе де, реал абаданлықты асырмайды.

Сол себепли экономикалық сиясаттың орайында сапа мәселеси турыўы керек. Яғный өсиў тезлиги емес, ал оның қурамы ҳәм дәреклери шешиўши әҳмийетке ийе.

Бүгинги шараятта экологиялық факторларды есапқа алмаў надурыс есап-санақ емес, ал стратегиялық қәтелик болып табылады. Себеби экологиялық шеклеўлер әллеқашан экономикалық шеклеўлерге айланбақта. Суў ресурслары, энергия нәтийжелилиги, жер жағдайы - булар экономикалық өсиўдиң келешектеги шегараларын белгилеп береди.

Усы көзқарастан, экологиялық-экономикалық трансформация үш тийкарғы принципке сүйениўи керек.

Бириншиси - тәбийий капиталды тән алыў. Тәбиятқа ресурс емес, актив сыпатында қараў керек. Оның баҳасы есапқа алынбаса, экономикалық қарарлар да надурыс болады.

Екиншиси - нәтийжелиликти арттырыў. Суў, энергия ҳәм жер ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги экономикалық сиясаттың орайлық көрсеткишине айланыўы керек. Бул жерде гәп тек ғана үнемлеў ҳаққында емес, ал бәсекиге шыдамлылық ҳаққында бармақта.

Үшинши - институционаллық сыпат. Ең дурыс стратегия да, егер оны әмелге асыратуғын институтлар әззи болса, нәтийже бермейди. Мағлыўматлардың ашық-айдынлығы, есап бериў ҳәм муўапықластырыў экологиялық сиясаттың техникалық емес, тийкарғы шәрти болып есапланады.

Соның менен бирге, трансформация процесинде және бир әҳмийетли факторды умытпаў керек - бул ўақыт. Экологиялық машқалалар кешиктириўди кеширмейди. Артқа қалдырылған ҳәр бир қарар кейин ала әдеўир жоқары экономикалық ҳәм социаллық қәрежетлерге алып келеди. Бул жерде және бир әҳмийетли ҳақыйқат бар: ең қымбат сценарий - ҳеш нәрсе ислемеў.

Себеби инерциялық раўажланыў сыртқы көзқарастан турақлы көрингени менен ишки машқалаларды жыйнап барады. Бир ўақыт келип бул машқалалар экономикалық өсиўди төменлетеди ямаса тоқтатады.

Керисинше, экологиялық трансформация қысқа мүддетте қыйын ҳәм қәрежетли көриниси мүмкин. Бирақ ол узақ мүддетли экономикалық турақлылықты тәмийинлейди.

Усы көзқарастан қарағанда, таңлаў тийкарында үш сценарий ортасында емес. Таңлаў биреў: қадағаланған трансформация ямаса қадағаланбаған ақыбетлер.

Мәмлекетимиз раўажланыўының кейинги басқышы мине усы қарарға байланыслы болады.

Жуўмағында бир әпиўайы, бирақ шешиўши сораў қалады: экономика тәбиятты есапқа алған ҳалда өзгереме ямаса тәбияттың шеклеўлери оны мәжбүрлейме?

Бул сораўға жуўап бүгин қабыл етилип атырған қарарларда жәмленген.

Фарида ҚОЛДАШЕВА,

Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин

үйрениў университетиниң доценти