Өткен жылы Өзбекстанның ЖСШға қосылыў процеси шеңберинде өткерилген көп тәреплеме ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлерде салмақлы нәтийжелерге ерисилди.
Атап айтқанда, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша Жумысшы топардың еки мәжилиси өткерилди. Олар даўамында Жәҳән саўда шөлкеминиң ағзаларына 200 ден аслам сораўларға жуўаплар, сондай-ақ, сыртқы саўдаға байланыслы 30 дан аслам ҳүжжет усынылды.
Соның менен бирге, еки тәреплеме сөйлесиўлердиң 40 тан аслам дөгереклери өткерилди, 2025-жылы 11 мәмлекет пенен сөйлесиўлер жуўмақланды ҳәм сөйлесиўлер процеси жуўмақланған мәмлекетлердиң улыўма саны 33 ке жетти.
БМШ ағзалары Өзбекстанда базар экономикасына өтиў бойынша алып барылып атырған жедел реформаларды унамлы баҳалайды. Атап айтқанда, өткен жылы 68 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет Жәҳән саўда шөлкеминиң талаплары ҳәм халықаралық нормаларға муўапықластырылды.
Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдаларына бейимлестириў шеңберинде интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылғаны ҳәм бул тараўда ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилгени, экспорт шеклеўлери бийкар етилип, ашық-айдын механизм менен экспорт бажылары енгизилгени, айырым өнимлерге минимал экспорт баҳаларын белгилеў әмелияты бийкар етилгени атап өтилди.
Сондай-ақ, техникалық саўда тосқынлықларын, санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды қысқартыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар шеңберинде қәўиплилик дәрежеси жоқары болған өнимлерди мәжбүрий мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша бюрократиялық тәртиптиң орнына сертификатлаў системасы енгизилди. Азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлигин қадағалаў Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетине өткерилип, азық-аўқат өнимлерине байланыслы 14 техникалық регламент бийкар етилди, 747 товар позициясы бойынша мәжбүрий сертификатлаў талабы бийкар етилип, бул дизим 27 процентке қысқартылды.
Презентацияда азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм саўданы қорғаў илажлары ҳаққындағы жаңа нызамлардың қабыл етилиўи, санитариялық, ветеринариялық ҳәм карантин тараўларында қәўип-қәтерди таллаў, бақлаў ҳәм илимий тийкарланғанлық тәртип-қағыйдаларын енгизиў жағдайы көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы 2026-жылы Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине толық ағзалығын рәсмийлестириўге қаратылған комплексли илажларды сапалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.
Сыртқы экономикалық жумыс тараўындағы нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеминиң қағыйдалары ҳәм халықаралық саўда стандартларына толық муўапықластырыў, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў ҳәм оны рәсмийлестириў бойынша еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў жумысларын системалы даўам еттириў бойынша зәрүр илажлар белгиленди.