Миллий раўажланыўдың жаңа жоқарылаў басқышына көтерилдик, турмысымыз, жумысымыз жаңа сиясат, жаңа пикирлеў, жаңа имканиятлар шараятында өтпекте. Өзбекстан дүньяның избе-из раўажланып атырған мәмлекетлеринен бирине айланды. Елимиздиң халықаралық, социаллық-экономикалық, илимий, мәдений-ағартыўшылық байланыслары өз мәплеримизге сәйкес түрде жолға қойылды.
Бул салмақлы нәтийжелер соңғы он жыллықтың жоқары қырманлары болып есапланады. Солай болса да, дүнья пәтинен артта қалмастан, раўажланыўда избе-из даўам етпектемиз. Алдымызда және бир жуўапкершиликли дәўир – он жыллық жаңа раўажланыў басқышы тур. Бул басқыш мийрим-шәпәәтли елимиз, сақаўатлы халқымызға тән жақсы пазыйлетлерди дүнья жәмийетшилигине және де айқын, ҳәўес ҳәм ибрат үлгиси сыпатында көрсететуғыны сөзсиз.
Бундай статусқа ерисиў аңсат болмайды, әлбетте. Себеби, биз биреўден таяр үлги алып атырғанымыз жоқ, оны өзимиз, өз мийнетимиз, исенимимиз, ақыл-ойымыз, халқымыздың уллы потенциалы менен жаратамыз. Өзбекстанды өзимиз өзгертемиз. Онда өзлеримиз жасаймыз. Соның ушын, бүгин бир жағдайда турған, кешеги күн менен жасап атырған тараўдың өзи дерлик жоқ. Жәмийет турмысының барлық винтлери ҳәрекетте. Раўажланыўға қарай улыўма миллий умтылыс бар. Бул ҳәрекет басында мәмлекетимиз жетекшиси турыпты.
Жәҳән мәмлекетшилиги тарийхынан белгили, жәмийет аўыр сынақларға дус келгенинде, бүгинги Өзбекстан мысалында айтатуғын болсақ, миллий раўажланыўдың бир басқышынан екинши басқышына өтип атырғанында халықтың бир мақсет жолындағы бирлиги, зыялылардың шақырыўшы сөзи ҳәм ибратлы ҳәрекетлери шешиўши әҳмийетке ийе. Өткен әсирдиң сексенинши жылларының ақырында әдебият газетасында "Зиялы қашан оянады?" деген сораў ортаға тасланған еди. Ҳәзир ояў зыялының бүгинги, жақын келешектеги ўазыйпалары ҳаққында пикирлесип атырмыз. Себеби – жаңа шараят, дүнья жәмийетшилиги қатарында өзимиздиң тең орнымызды ийелеў, халқымыз ушын мүнәсип турмыс тәризин жаратыўдай уллы мақсет жәмийеттиң пикирлейтуғын, жанкүйер ҳәм пидайы қатламы – зыялылар алдына және де жуўапкершиликли ўазыйпаны қоймақта. Бүгин жаңа Өзбекстанда болып атырған, күн сайын руўхый тамырлары беккемленип атырған раўажланыў процеси ушын беккем сүйениш әйне зыялылар болады. Бул ўазыйпаны орынлаў аңсат болмайды, себеби тәрбияшының өзи тәрбиялы болыўы керек дегениндей, жаңа шараятта зиялы болыў да аңсат ис емес. Бирақ тарийхта уллы ата-бабаларымыз бул ўазыйпаны қалай орынлағаны, олардың бай илимий, руўхый-ағартыўшылық мийрасы тек ғана бир мәмлекеттиң раўажланыўына емес, ал Шығыс ҳәм Батыс дүньясына да унамлы тәсир көрсеткени бизди және де жигерлендиреди. Жаңа он жыллық пенен байланыслы реформалар оғада күшли логикалық-социаллық тийкарға ийе екени, жеделлигимиз мәўсимлик емес екенинен күш аламыз. Мәмлекетимиз басшысының сырт ел сапарлары ўақтында қол қойылып атырған жаңа оғада әҳмийетли келисим ҳәм шәртнамалар кеўилге қәтержамлық бағышлайды.
Жәмийеттиң раўажланыўында әўладлар алмасыўы, мийрасхорлық барлық заманларда үлкен әҳмийетке ийе болған. Ҳәр бир дәўир жәмийет, миллет алдына жаңадан-жаңа машқалаларды да қояды. Илимий пикирлеўдиң өсиўи, илим-техниканың раўажланыўы, ел-журттағы тынышлық-татыўлық, аўызбиршилик, пуқаралардың социаллық белсендилиги бул ўазыйпаларды әҳмийетли дәрежеге көтереди. Жәмийет басқышпа-басқыш раўажланар екен, адамларда жаңа тилек-өтиниш, арзыў-нийет, өмирин және де мазмунлы өткериў майыллары да оянады. Бул тәбийғый, әлбетте. Себеби инсан бәрқулла кешегиден жақсырақ жасаўды қәлейди. Бул процесс бүгин Өзбекстан көлеминде кең ен жаймақта, турмысымыздың мәнис-мазмунын қурамақта. Жаңаланыў, жаңа шеклерди ийелеў, дүнья мәмлекетлери менен тең түрде бирге ислесиў улыўма халықлық ҳәрекетке айланбақта.
Тарийхтан белгили, муғаллим Шығыстың илим-ағартыўшылығы, руўхый-әдеп-икрамлылығы көп мәрте қатаңға ушыраған. Сондай болған, бул нурдан шексиз рәҳәтленгенлер, майын жалағанлар ҳақыйқатты тән алыўдың орнына ашықтан-ашық жаўызлық жолына өткен. Италиялы белгили илимпаз Франко Кардинидиң "Бабурнама"ның итальян тилиндеги басылымына жазған "Сөз өнерине меҳир қойған уллы ҳүкимдар" атлы мақаласында Батыс дүньясы узақ ўақыт Шығыстың шексиз илимий потенциалын, Батыс цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлесин, руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларын оғада төмен дәрежеде баҳалап келгени ҳаққында былай дейди: "Биз – Батыс халқының дүньядағы басқа халықлар мәденияты алдындағы қарызымыз, сөзсиз, оғада үлкен, биз өзгелердиң журтына бастырып киргенбиз, олардың мүлкин талан-тараж еткенбиз, өзимизге бойсындырғанбыз... Бул бағдарда дәлиллеўди талап етпейтуғын бир ҳақыйқатты атап өтиў керек: бизиң басқа халықлардың мал-мүлкин тартып алыўдан да, оларды еркинен, өмиринен айырыўдан да аяўсыз ислеримиз болған. Өзге халықлардың илим, көркем өнер, гөззаллық бағдарындағы қәдириятларын биз ҳеш қашан, ҳәттеки жақын-жақынға шекем де менсинбегенбиз. Мине енди сабақтың ушын жоғалтып, биз өкиниш пенен мойынлаймыз, егер басқа халықлардың турмысы ҳәм пикирлеў усылын өз ўақтында аңлағанымызда, биз бүгин олар менен бирге жасаўымызды аңсатластырған болар едик".
Шығыс илими, мәденияты, руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларын менсинбеў менен байланыслы және көплеген мысаллар келтириў мүмкин. Жаўыз крестлилердиң Шығыс мәмлекетлерине басқыншылық жүрислери пикиримизге мысал бола алады. Тек ғана Триполиде мусылман алымлардың неше мыңлап теберик китаплары жоқ етилген. Шығыс ой-пикири менен жәннет тәризли үлкеге айландырылған Андалусияга уйымластырылған басқыншылық ўақтында Ғарнота майданында бир миллионнан артық китап жағып жиберилген.
Уллы Британия патшасы Карл III 1993-жылы Оксфорд университети жанындағы Ислам изертлеўлери орайында шығып сөйлеген атақлы "Ислам ҳәм Батыс" темасындағы шығып сөйлеген сөзинде мусылман илимпазларының дүнья цивилизациясына қосқан уллы үлесин ҳүрмет пенен тилге алады. "Ислам тәбияты ҳаққында бизде тарқалған түсинбеўшиликлер менен бирге, Батыс мәденияты, цивилизациямыз ислам дүньясы алдында қаншелли қарыздар екенин жақсы билмеймиз, – дейди ол. - Биз исламды Батыстың душпаны, душпан ҳәм жат мәденият, жәмийет ҳәм исеним системасы сыпатында көриўге умтылып, бул динниң тарийхымызға көрсеткен тәсирин умытып кеттик. Мысал ушын, сегизинши ҳәм он бесинши әсирлер аралығында Испанияда бар болған ислам жәмийети ҳәм оның жоқары мәденияты (Европа ушын) қаншелли әҳмийетли болғанын бәрқулла кемситип келгенбиз".
Уллы жазыўшы Шыңғыс Айтматов белгили сәўбетлериниң биринде бул пикирди және де айқынластырады: "Инсаният уллы сынақлар дәўирине жетип келди. Бурынғы идеялық үлгилер қулады, жаңа нормалар болса бүгинги басбошылық дәўиринде енди ғана бой көрсетпекте. Узақ ўақыт бирге қатар жүрип келген Батыс ҳәм Шығыс бүгин бул бағдардағы руўхый тәжирийбелерин бирлестириўи керек. Басқа жол жоқ. Мәденият басқа мәдениятлардан ажыралған ҳалда жасай алмайды: инсан тек ғана өз халқы, соның менен бирге, дүнья алдындағы инсаныйлық миннетин аңлаған жерде ғана ҳақыйқый гуманизм жүзеге келеди".
Буннан түсиниледи, инсан өзин, өзлигин аңлаўы, көрсетиўи, руўхый тамырларынан хабардар болыўы керек. Мәмлекетимиз басшысының бүгин дүнья тән алып, үйренип атырған жаңа сиясатында инсанның өзине тән көплеген тәреплерин көриў мүмкин. Бул сиясат, бәринен бурын, тарийх сынақларынан данышпанлық пенен өтип киятырған өзбек деп аталған миллеттиң пәк кеўлин, ийгиликли мақсетлерин әмелде ашып бермекте. Бул сиясат:
- тарийхый жақын-жақын қоңсылар менен шын жүректен бирге ислесиў байланысларын орнатыў, ата-бабаларымыз мың жыллар даўамында бирге қәдем басқан, теберик излери қалған жоллардағы жасалма тосқынлықларды тазалаўдан;
- халықты тыңлаў, мүтәжликлерин шешиў, жәмийетти бир мақсет жолында бирлестириў, жаңа әўладты тәрбиялаўдан;
- "Халық мәмлекетке емес, мәмлекет халыққа хызмет етиўи зәрүр" деген оғада әҳмийетли, тарийхый сүренди мәртлик пенен ортаға таслаўдан;
- жәмийетте пикир еркинлигин жүзеге келтириўден, пикир жәмийетти раўажланыў ҳалатында услап турыўын, ол мүлгий басласа, жәмийет турмысында да мүлгиў басланыўын адамлар санасына терең сиңдириўден;
- адамлар өз турмысынан бүгинниң өзинде разы болып жасаўы кереклигин мойынлаўдан басланды.
Бул мақсет жолында зәрүр болған барлық жумыслар исленбекте. Өзбекстан бүгинги жаңа руўхый келбети менен данышпан Шығыстың толық даўамшысы – руўхый мийрасхоры екенин көрсетпекте.
Ҳәрбир миллеттиң өзине тән үрп-әдетлери, дәстүрлери, руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятлары болады. Заманлар өзгереди, дәўирлер өтеди, бирақ олар турмыстың түрли кризислерине қарамастан, елдиң бийбаҳа ғәзийнеси сыпатында жасап қала береди. Бундай қәдириятларда миллеттиң ишки дүньясы, руўхый дүньясы, мақсет-мақсетлери айнадағыдай анық сәўлеленеди. Оларды қәдирлеў, келешек әўладларға пүткиллей жеткериў зыялылардың әҳмийетли миннети болып есапланады.
Өзбекстанның жаңа келбети көз алдымызда қәлиплеспекте. Мәмлекетимиз дүнья жәмийетшилигиниң айрықша белсенди, ҳәрекетшең, мақсети анық ағзасына айланып бармақта ҳәм бул жолдан ҳасла артқа қайтпайды. Бурынғы дүзимнен қалған ыдыраған экономика, басқарыў системасы, шахс – жәмийет – мәмлекет қатнасықлары изге түсти. Мәмлекет турмысының барлық тараўларына итибар күшейди. Усы өзгерислер арасында мәдений-ағартыўшылық тәрбия айрықша ажыралып турады.
Жаңа Өзбекстанды жаратыў жолындағы реформалар басқа тараўлар қатарында әдебият ҳәм көркем өнерде де жаңа дөретиўшилик орталықты жүзеге келтирди. Мәмлекет көлеминде өткерилип атырған китапқумарлық таңлаўлары, Жазыўшылар аўқамы, жаслар шөлкеминиң қәўендерлигинде басып шығарылып, мектеплер, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары, мәҳәллелер, әскерий бөлим китапханаларына бийпул тарқатылып атырған китаплар, дөретиўшилер менен ушырасыўлар, пикир-таласлар, дөгерек сәўбетлери бүгинги турмысымыздың жаңа руўхый бети, десек асыра айтқан болмаймыз.
Бүгин мәмлекетте китап басып шығарыў соншелли жеделлести, енди биз оларды таңлап, парықлап-түсинип, руўхый зәрүрликтиң шөлин, пикирлеўдиң шөлин қанаатландырамыз, пикиримизди айқынластырамыз, мәнилерин санамызға нағыслап оқыймыз, саўға-сәлемге қосамыз. Уллы бабаларымыздың сийрек ушырасатуғын шығармалары той саўғасы дәрежесине көтерилди. Шын китаплар руўхый жолдасымыз, дос-қәдирданымыз, данышпан мәсләҳәтшимиз, жолымызды, кеўлимизди жақтыландырыўшы факел болып қалды. Бүгин ҳәр бир мәмлекеттиң руўхый-әдеп-икрамлылық дүньясын әдебиятқа, демек, дөретиўши зыялыларға мүнәсибети, китапқумарлық дәрежесине қарап та анықлаў мүмкин.
Дүньяның үлкен мәмлекетлери түрли кризислерге дус келип, "қәпелимде дрон ушып келип қалса, қандай жол тутыў кереклиги" ҳаққында халыққа инструкция тарқатып атырған бир ўақытта жаңа Өзбекстанда саўлатлы билим дәргайы – китапхана қурылып атырғаны, әдебият әлемине кирип киятырған жас дөретиўшилер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны, аўдармашылардың мийнети айрықша қәдирленип атырғаны бийкарға емес. Себеби әзелден илим-ағартыўшылыққа, зыялылыққа умтылған ҳәм бул бағдарда елеге шекем дүньяны таң қалдырып атырған, Европаға, олардың өзлери тән алғанындай, устазлық еткен уллы ата-бабалар мийрасхорларымыз. Солай екен, зыялылар алдына қойылып атырған бүгинги жаңа ўазыйпаларды шын кеўилден ҳәм қәлбимиз бенен орынлаў толық мәнисиндеги мәнаўий миннетимиз. Бул ўазыйпа өзимиз, перзентлеримиз, келешек әўладлар ушын өзгерип, қайта тикленип атырған жаңа Өзбекстанның уллы келешеги менен байланыслы.
Аҳмаджон МЕЛИБОЕВ,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист