Сапар шеңберинде Өзбекстан-Аўғанстан арасындағы
байланыс беккемленип атырғаны, сондай-ақ, экономикалық байланысларды
раўажландырыў, инвестициялық жойбарлар үстинде бирге ислеў мәселелери
талқыланды.
Қарақалпақстан өнимлерин Аўғанстанда сатыўды жолға
қойыў ҳәм бул регионымыз ушын жаңа базар екенлигине айрықша итибар қаратылды.
Буннан соң еки тәреп исбилермен орталықлары арасында
бизнес-форум өткерилип, онда бир қатар әҳмийетли бағдарлар бойынша әмелий бирге
ислесиў жойбарларын әмелге асырыў, жақын шериклик қатнасықларын еледе беккемлеў
мәселелери көрип шығылды.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан ҳәм Аўғанстанның
регионлары арасында байланысларды кеңейтиў, бар болған потенциалдан нәтийжели
пайдаланыў керек екенлиги айрықша тилге алынды.
Ушырасыўлар даўамында түрли жөнелислерди қамтып алған
улыўма баҳасы 340 миллион доллардан артық 31 келисимге, соның ишинде 27
экспорт, 4 инвестициялық келисимлерге ерисилди.
Соны айрықша айтыў керек, ушырасыўларда жақын шериклик
мүнәсибетилериниң беккемлениўи ҳәр еки тәреп ушын да әҳмийетли, соның менен
бирге, пайдалы болатуғынлығы айрықша атап өтилди.