Илаж шеңберинде киши исбилерменлик жумысын жолға қойыў
ушын арналған мийнет қураллары ярмаркасы шөлкемлестирилди. Көргизбеге келгенлер
өз бизнесин баслаў ушын зәрүр болған заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм мийнет
қуралларының имканиятлары менен жақыннан танысты.
Сондай-ақ, бул павильонда коммерциялық банклер
тәрепинен өз исбилерменлик жумысын жолға қоймақшы болған пуқаралар ушын
жеңиллетилген кредитлер ажыратыў ҳәм мәмлекетлик субсидияларды алыў тәртиби
бойынша қәнигелер мағлыўматлар берди.
Соның менен бирге, бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы
арқалы қатнасыўшыларға мийнет базарындағы бар бос жумыс орынлары усынылып,
билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жергиликли кәрханаларда бәнтлигин
тәмийинлеў бойынша тараў қәнигелеринен зәрүр усыныс ҳәм мәсләҳәтлер алынды.