Мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Баҳауддин Нақшбанд мақбарасын зыярат етти.

Әййемги Бухарадан 12 километр узақлықта жайласқан комплекс регионымыздағы ең әҳмийетли мусылман зыяратханаларынан бири болып есапланады. Бул жерге XIV әсирдиң уллы теологи, "Нақшбандия" тариқатының тийкарын салыўшы Баҳоуддин Нақшбанд жерленген.

Өзбек ҳәм қазақ халықларының дини бир, руўхый қәдириятлары уқсас. Елимизде жасаған улама ҳәм ойшыллар Қазақстанда да бирдей қәдирленеди. Уллы бабамыз Баҳаўаддин Нақшбанд усылардың қатарына киреди.

Ансамбль әсирлер даўамында қәлиплескен болып, бүгинги күнде мақбара, Абдулазиз хан қурдырған зыяратшылар ушын имарат, 2 мешит, шайбанийлер, аштарханийлер, маңғытлар династиясы әмирлери жерленген некропол, суфизм тарийхына бағышланған музейди өз ишине алады.

Өзбекстан Президентиниң басламасы менен комплекс және де абаданластырылып, тарийхый көриниси тикленди. Бәринен бурын, Тоқы Миёна дәрўазасынан мақбараға шекемги тарийхый жол қайта ашылды. Тоқы Миёна дәрўазасының еки қапталында бағлар жаратылған. Музей, таҳоратханалар қурылған. Бул жерде Бухара ханлығының ҳүкимдары, маңғытлар династиясынан болгған Даниёлбий қурдырған медресе қайта тикленбекте.

Сапар даўамында Қуран оқылып, дос халықларымыздың тынышлығы ҳәм раўажланыўы ушын пәтия етилди.