Ғарезсизлик, С.Камалов ҳәм Г.Шеразиева көшелериниң абаданластырылыўы
нәтийжесинде қала халқы ҳәм мийманларының дем алыўы ушын қолайлы орталық
жаратылды, саўда ҳәм кеўилашар объектлердиң күни-түни ислеўи ушын шараят
жаратылды.
Бул жумысларға 2,2 миллиард сум қаржы ажыратылды. Улыўма узынлығы 2,5
километр болған көшелердиң бир бөлеги оңланып, инфраструктурасы жаңаланды.
Пиядалар жоллары шөлкемлестирилип, орынлық ҳәм шығынды қутылары
орнатылған. Аймақты түнги ўақытлары жақтыландырыў ушын қуяш панельлери жәрдеминде
ислейтуғын энергия үнемлейтуғын жақтыландырғышлар орнатылған. Жаўын-шашын суўын
шығарып жибериў ҳәм суў топланыўының алдын алыў мақсетинде 1,5 километр дренаж
тармағы жаңадан қурылды, бар системалар модернизацияланды.
Жаратылған
шараятлар исбилерменлик жумысын да жанландырды. Аймақта 8 жаңа исбилерменлик
субъекти жумыс баслады, және 10ы өз жумысын кеңейтти. Нәтийжеде 75 жаңа жумыс
орны жаратылды.
Мәмлекетимиз
басшысы көше бойлап жүрип адамлар менен қызғын сәўбетлести, елимиздеги тынышлық
ең бийбаҳа байлық екенин атап өтип, жақсы тилеклерин билдирди.