Елимизде балықшылық тармағын раўажландырыў, тараўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул процессте жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, интенсив усылларды қолланыў арқалы киши майданлардан жоқары зүрәәт алыўға айрықша әҳмийет берилмекте.

Бундай заманагөй система «Chinobod real biznes» кәрханасында да енгизилген. Жойбар мәмлекетимиз басшысының усы жыл 2-июльдеги балықшылықты раўажландырыўға қаратылған пәрманына муўапық әмелге асырылған. Кәрхана Ферғана ойпатлығы хожалықларының форел балықларына болған талабын қанаатландырыўға хызмет етеди.

Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллиард сум. Кәрханада 30 жумыс орны жаратылған.

Еки гектар майданда жайласқан заманагөй комплексте жылына 200 тонна балық гөши жетистирилип, 2,5 миллион дана шабақ жетистирилмекте. Жыллық өндирис көлеми 50 миллиард сумды қурайды.

Интенсив технологиялардың қолланылыўы нәтийжесинде 100 гектардағы дәстүрий усылдағы өнимге тең муғдарда тек ғана еки гектар майданда өним алыў имканияты жаратылды.

Комплексте 2 миллион литрге шекемги суўды тәбийғый усылда тазалаў имканиятын беретуғын лаборатория да шөлкемлестирилген. Бул жерде суўдың сапасын жақсылаўға хызмет ететуғын суў оты - хлорелла жетистириледи. Бул екологиялық таза система балықшылық нәтийжелилигин және 15-20 процентке арттырыў имканиятын береди.

Кәрхананың электр энергиясына болған талабы қуяш панельлери есабынан толық қапланбақта. Балықшылық ҳәўизлеринен шығып атырған суў да ысырап болмайды - фосфор, аммиак ҳәм кальцийге бай суў аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўға жумсалады. Солай етип, комплексте ресурслардан қайта пайдаланыўдың жабық системасы жаратылды.

Кәрхана ҳәр жылы 2 миллион дана форел шабағын Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстанға экспорт етеди. Жыллық экспорт көлеми 2 миллион доллар, бюджетке түсимлер 5 миллиард сумды қурамақта.

Жойбар халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге де хызмет етеди. Балықшы районы “Сарвул” мәҳәллесиндеги 20 шаңарақ кәрхана менен кооперация тийкарында форел жетистирип, қосымша дәрамат таппақта.

Комплексте билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы да жолға қойылған. Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты менен биргеликте "Балықшылық ҳәм қусшылық әмелият орайы" шөлкемлестирилди. Студентлер бул жерде теориялық билимлерин тиккелей өндирис процесинде беккемлейди ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болады.

Мәмлекетимиз басшысы бундай жоқары нәтийжели жойбарлар халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Жуўапкерлерге бул тәжирийбени кеңнен ен жайдырыў, киши майданларда интенсив усылларды қолланыў арқалы өндирис көлемин бир неше есеге арттырыўды нәзерде тутатуғын жаңа жойбарларды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.