Усы қутлы әййямда өз өмирин инсан саламатлығын сақлаўдай уллы иске бағышлаған денсаўлықты сақлаў тараўының барлық жанкүйер ҳәм мийнеткеш хызметкерлерине өзимниң жоқары ҳүрметимди билдирип, пидәкерлик мийнети ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Соңғы жыллары “Жаңа Өзбекстанға – жаңа ҳәм заманагөй медицина” деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырып атырған реформаларымыз себепли тараўға ажыратылып атырған қаржылардың көлеми 7 есеге көбейтилип, усы жылы 49 триллион сумға жеткерилди. Медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы беккемленип, олардың жумысына ең заманагөй диагностика ҳәм емлеў технологиялары, инновациялық қатнаслар кеңнен енгизилмекте.

Орынларда бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў бойынша жаңа модель басқышпа-басқыш енгизилмекте.

Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў, онкологиялық ҳәм гематологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, паллиатив жәрдемди раўажландырыў бағдарында биринши мәрте өз миллий системамыздың жаратылғаны да дыққатқа ылайық.

Поликлиника ҳәм емлеўханалар, жеке меншик клиника ҳәм дәриханаларды бирден-бир санлы системаға бирлестиргенимиз, DMED электрон мәлимлеме тармағы арқалы 38 миллионнан аслам халықтың медициналық картасы жаратылғаны, “Электрон поликлиника,” “Электрон емлеўхана,” “Электрон рецепт” тармақлары жолға қойылып атырғаны хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжесин түп-тийкарынан арттырмақта. Енди, жасалма интеллектти шыпакер ҳәм мийирбийкелерге хызмет ететуғын жәрдемшиге айландырып, бул системаның имканиятларын және де күшейтемиз.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде “Қарежет наўқас изинен барады” принципи енгизилгени, қаржыландырыўда жаңа механизмлер қәлиплестирилгени, реимбурсация бағдарламасы тийкарында халыққа бийпул берилетуғын дәри қуралларының көлеми кеңейтилгени де әҳмийетли өзгерислер қатарына киреди. Усы жылдың ақырына шекем барлық аймақларда қамсызландырыў механизмлерин толық жолға қойып, халықты кепилленген медициналық жәрдем менен қамтып алыўды режелестиргенбиз.

Тийкарғы мақсетимиз – қай жерде жасайтуғынына ҳәм социаллық жағдайына қарамастан, ҳәр бир инсан ўақтында сапалы ҳәм қәнигели медициналық жәрдем алыў имканиятына ийе болыўына ерисиўден ибарат.

Билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўына қаратылып атырған итибар себепли 2017-жылдан берли медицина жоқары оқыў орынларына қабыллаў квотасы 4,5 есеге көбейди. Олардың 40 билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан өткерилди. Бурын бул жоқары оқыў орынларына 4 мәмлекеттен студентлер келип оқыған болса, ҳәзир бул сан 41 ге жетти, сырт елли студентлердиң саны болса 15 мыңнан асты.

Келеси жылдан медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин халықаралық стандартларға муўапық мәмлекетлик дизимнен өткериў системасы жолға қойылады. 2027-2028-оқыў жылынан баслап медицина қәнигелерин таярлаў толық резидентура бағдарламалары арқалы әмелге асырылады.

Жеке меншик медицина тармағы жедел раўажланып, тараўда саламат бәсеки, таңлаў имканияты пайда болмақта. Буны елимиздеги жеке меншик клиникалардың саны соңғы он жылда 3 мың 500 ден 9 мыңнан асламға артқаны, оларға руқсат етилген қәнигелестирилген медициналық хызметлердиң түри 50 ден 213 ке жеткени мысалында айқын көриў мүмкин.

Фармацевтика санаатында өндирис, экспорт ҳәм инвестициялар көлеми кеңеймекте. Жергиликли кәрханаларда 6 мың 800 ден аслам түрдеги дәри қураллары таярланбақта. Фармацевтика өнимлери 50 ден аслам мәмлекетке экспорт етилмекте.

Елимизде орташа өмир сүриў даўамлылығы 73,8 жастан 75,4 жасқа жеткени биз ушын ең әҳмийетли көрсеткиш болып есапланады. Алдымызда бул санды 78 жасқа жеткериў, кеселликлердиң алдын алыў, ерте диагноз қойыў ҳәм нәтийжели емлеў тараўындағы жумысларымызды жаңа басқышқа көтериў бойынша үлкен ўазыйпалар тур.

Жақында тараў ўәкиллери менен болған ушырасыўда мине усы мәселелер ҳаққында, медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў ҳаққында ҳәр тәреплеме сөйлесип алдық.

Бундай әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде сизлер және де жоқары нәтийже менен мийнет етип, тараўды жедел раўажландырыўға буннан былай да мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.

Қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлайман. Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық ҳәм мақтанышлы жумысыңызда табыслар тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти