Кәрханада жергиликли базальт шийки затынан заманагөй ыссылық өткермейтуғын материаллар ислеп шығарылады. Қарақалпақстанның бай тәбийғый ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған бул жойбар аймақта қурылыс материаллары санаатының раўажланыўына хызмет етпекте.

Жойбар мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 9-февральдағы "Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына муўапық әмелге асырылды.

Улыўма баҳасы 50 миллион доллар болған кәрханаға заманагөй Европа үскенелери орнатылған. Бул жергиликли шийки заттан халықаралық стандартларға сәйкес өнимлер таярлаў имканиятын береди.

Кәрхана жылына 300 миллиард сумлық 50 мың тонна ыссылық өткермейтуғын материаллар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. 150 жаңа жумыс орны жаратылған.

Базальт тийкарында таярланған изоляциялаўшы материаллар өртке шыдамлылығы, ыссылықтан изоляциялаў қәсийетлери ҳәм узақ мүддет ислеўи менен ажыралып турады. Оларды қурылыста қолланыў имарат ҳәм объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў, ысытыў ҳәм суўытыў қәрежетлерин азайтыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы өндирис процеси ҳәм өнимлерди көзден өткерди, жәмәәт пенен қызғын сәўбетлести.

Усы жерде Қарақалпақстан районларына бириктирилген ўәлаят ҳәкимлери өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

Президентимиз ўәлаятларда бул районларды қоллап-қуўатлаў ҳәм абаданластырыў бойынша жумыслардың көлемин буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Аймақлар арасындағы байланыслар ҳәм өндирис кооперациясын беккемлеў, бар имканиятларды биргеликте иске қосыў, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жойбарларды көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.