Бул жер Ферғана ойпатындағы экотуризм ҳәм жедел дем алыў ушын ең тартымлы бағдарлардан бирине айланыўы күтилмекте.
Президентимиздиң 2025-жыл 1-апрельдеги қарарына муўапық, бул жерде баҳасы 635 миллиард сум болған заманагөй туризм комплекси қәлиплестирилмекте. Аймақта жол инфраструктурасы жақсыланып, абаданластырыў жумыслары даўам еттирилмекте.
508 гектар майданды ийелеген комплекс агротуризм, экотуризм ҳәм экстремал туризм имканиятларын өзинде жәмлеген. Бул жерде 45 шале, 57 заманагөй мийман үйлери, агротуризм комплекси, гүллер парки, лаванда атызлары, экобозор, тыныш орынлар, ресторанлар қурылған.
Мәмлекетимиз басшысы жаратылған шараятлар менен танысыў ўақтында бундай жойбарлар халықтың абаданлығын арттырыў, ўәлаяттың экономикасын ҳәм туристлик потенциалын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Туризм елимизди халықаралық майданда танытыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм хызметлер экспортын кеңейтиўдиң нәтийжели бағдарларынан бири екени атап өтилди.
Жойбар шеңберинде жүзден аслам исбилерменлик субъекти ҳәм 2 мыңға шамалас жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў режелестирилген. Комплекс жылына 750 мың туристти қабыл етип, бюджетке 3 миллиард сум түсим ҳәм 5 миллион долларлық хызметлер экспортын тәмийинлеўи күтилмекте. Комплекс 2027-жылы толық иске қосылыўы режелестирилген.
Келешекте бул жерде мотокросс жоллары, 2 километрлик аспа жол, картинг ҳәм гольф майданшалары қурылады. Бул имканиятлар "Каркидон" комплексин жедел туризмниң флагман орайларынан бирине айландырыў имканиятын береди.
Жуўапкерлерге туризм ҳәм хызметлер тараўын буннан былай да раўажландырыў, жергиликли ҳәм сырт ел туристлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў, халықтың мәпине хызмет ететуғын турақлы системаны қәлиплестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа мийманхана ҳәм саўда комплекслериниң жумысы менен де танысты. Усы жерде туризм тараўындағы перспективада режелестирилген жойбарлар да таныстырылды.
Атап айтқанда, Тахтакөпир районындағы Қаратерең, Ханабад районындағы жасалма көл, Хатирчи районындағы "Көксарай", Поп районындағы Арашан, Нурабад районындағы "Сабырсай", Каттақорған районындағы Каттақорған суў сақлағышлары әтирапында да ири туризм комплекслерин қурыў режелестирилген.
Бундай жойбарлар мәмлекетимиздиң туризм потенциалын кеңейтиў, аймақларда хызметлер тараўын раўажландырыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўға хызмет етеди.