Өзиниң жарқын таланты, жоқары кәсиплик шеберлиги, креатив көзқарасы ҳәм
жемисли дөретиўшилиги менен елимизде кино көркем өнерин раўажландырыў ҳәм оны
дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў, халқымыздың көркем-эстетикалық ҳәм руўхый
потенциалын арттырыўға мүнәсип үлес қосып киятырғаны, "Қәдем. Қуяш
перзенти Юсуф" ҳәм Францияда өткерилген Канн халықаралық инклюзив
кинофестивалында Бас сыйлық - Гран-приди қолға киргизгени, сондай-ақ,
халқымыздың миллий қәдириятларын өзинде жәмлеген көркем образларды жаратыў, жас
әўлад қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин күшейтиў бағдарындағы
хызметлери ушын төмендегилер "Келажак бунёдкори" медалы менен
сыйлықлансын:
Кодиров Сухроб
Толмасович - еркин дөретиўши, сценарист, кинорежиссёр;
Усмонов Дилшодбек
Холмурод улы - С.А.Герасимов атындағы Пүткил Россия мәмлекетлик кинематография
институты Ташкент қалалық филиалы студенти, кинорежиссёр.
Өзбекстан Республикасы
Президенти
Ш.Мирзиёев