Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан
Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңестиң комитет
баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы Спорт министри орынбасары
Ш.Махмудовлар қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде
ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға,
жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия спорт түрлери менен бир қатарда
миллий спорт түрлерин де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда
кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.
Әлбетте, усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде гүрес
спорт түрин және де ғалабаластырыўда ҳәм оны халықаралық көлемде еле де кеңнен
танытыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында өткерилген Азия кубоги
жарысына Өзбекстан, Сингапур, Саудия Арабия, Түркменстан, Ҳиндстан, Қырғызстан,
Қытай Тайпейи ҳәм Тәжикстан мәмлекетлеринен 100ге шамалас спортшылар 9 салмақ
категориясында жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Кескин өткен жекпе-жек беллесиўлерде 66 кг салмақ
категориясында мәмлекетемиз сайланды командасы ағзасы Бахрамбек Атаев барлық
қарсыласларын жеңип шығып, Азия кубогиниң жеңимпазына айланды.
Ал, екинши орынды тәжикстанлы Абдулфаиз Мустафои,
үшинши орынды қытай тайпейи палўаны Чан Ҳао-Ченг ҳәм республикамыз ўәкили Дамир
Атаниязовларға несип етти.
73 кг да болса, тәжикстанлы Муҳаммадисо Ражабов алтын,
республикамыз спортшылары Өткирбек Оразғалиев гүмис, Акбар Уралов ҳәм Қытай
Тайпейи палўаны Пан Ссу-Ченглер қола медалына ылайық деп табылды.
81 кг да Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Аҳрор
Зиёдуллаев биринши, республикамыз ўәкили Санжар Шеримбетов екинши, Саудия
Арабстанынан Абдулазиз Алгалиде ҳәм Тәжикстаннан Сайрахман Қодировлар үшинши
орынларды жеңип алды.
Ал, -90 кг да болса, мәмлекетимиз спортшысы Самандар
Садинов алтын, түркменстанлы Агамурат Башимов гүмис, және бир усы республика
ўәкили Илҳам Кемалов ҳәм Қытай Тайпейи палўаны Ўу Чин-Ченглер қола медалын
қолға киргизди.
Ерлер арасында ең аўыр салмақта Өзбекстан сайланды
командасы ағзасы Шохруҳхон Бахтиёров биринши, сингапурлы Аарон Нг екинши,
республикамыз ўәкили Захиритдин Зайтов ҳәм ҳиндстанлы Чауҳан Яш Кумарлар үшинши
орынға мүнәсип деп табылды.
Сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында өткерилген
беллесиўлерде оғада кескин болып өтип, онда 57 кг салмақта Қытай Тайпейи ўәкили
Ли Ван-Тинг алтын, мәмлекетимиз спортшысы Ибодатхон Агажанова гүмис,
түркменстанлы Розименили Мейманова ҳәм республикамыз палўаны Гүлзабира
Тилеўимбетовалар қола медалына жеңип алды. 70 кг салмақта болса, республикамыз
палўаны Азада Медетбаева барлық қарсыларын жеңип шығып, Азия кубоги ийесине
айланды. Ал, 78 кг да Шохиста Назарова
чемпионлықты қолға киргизген болса, ҳиндстанлы Балҳара Пинцкй гүмис,
республикамыз ўәкили Айгүл Адилбаева ҳәм Қытай Тайпейи спортшысы Чоа Йи-Ченлер
қола медальлары жеңип алыўға еристи.
Ең аўыр салмақта болса, республикамыз ўәкили Санеайим
Еркинбаева финалға шекем жетип келип, чемпионлық ушын беллесиўде Дурдона
Абдужаббороваға жеңилип қалды.
Қола медальлары Қытай Тайпейинен келген палўанлар Янг
Я-Чун ҳәм Шин Лиу-Нинглерге несип етти.
Соның менен қатар, өткерилген жарыста командалық
беллесиўлерде де болып өтип, онда Өзбекстан Республикасы сайланды командасы
биринши,Тәжикстан Республикасы сайланды командасы екинши Түркменстан
Республикасы ҳәм Ҳиндстан сайланды командалары үшинши орынларды жеңип алыўға
еристи.
Соны айтып өтиўимиз керек, командалық беллесиўде
Өзбекстан сайланды командасы қурамында, қарақалпақстанлы Захриддин Зайтов,
Азада Медетбаева ҳәм Лариса Төрежановалар қатнасып, чемпионлыққа өзлериниң
салмақлы үлесин қосты.
Республикамыздың жеңимпаз спортшыларын жарысқа
Ш.Бийимбетов, О.Халиков, Б.Биманов, Б.Жүсипбеков, Н.Данияров, С.Қыдырбаевалар
таярлады.
Өткерилген жарыс соңында, жеңимпазлар
шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған медаль ҳәм естелик саўғалар мененсыйлықланды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.