Бухара халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды мәмлекетимиз басшысы күтип алды.

Салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти, миллий қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды. Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий оркестр атқарыўында гимнлер жаңлады.

Бүгин жетекшилер еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди. Сондай-ақ, әййемги Бухараның дыққатқа ылайық орынларына барыў, санаат кәрханаларының жумысы менен танысыў ҳәм басқа да илажлар режелестирилген.