Бул сораўға жуўапты алыстан емес, ал ата-бабаларымыз мың жыллар даўамында машақатлы селекция мийнети менен қәлиплестирген әйемги жергиликли сортларымыздан излейик.
Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстан жери мәдений егинлердиң дүньядағы бирлемши келип шығыў ҳәм ҳәр түрлилик орайларынан бири болып есапланады. Бул жер тек ғана дийқаншылық мәканы емес, ал тәбияттың ең аўыр сынақлары – қыстың аязлы, саратанның қурғақ ыссылы ҳәм шор топырағына шыдам берген бийбаҳа генетикалық инженерия бесиги болып есапланады.
Уллы сәркарда ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабур "Бабурнама" шығармасында елимиздиң мийўе ҳәм қаўынларын мақтаныш пенен еслеген. Ол Ҳиндстан тахтында отырганында да Ферғана, Самарқанд ҳәм Бухара қаўынларын, Андижанның әнжир ҳәм алмуртларын аңсап, оларға тең келетуғын нәсият дүньяда жоқлығын атап өткен. Шығармада тилге алынған Исмайыл шайхый қаўыны, Самарқандтың көкше ҳәм әмири, мырзаий қаўынлар халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен жоқары аграр мәдениятының тымсалы еди.
Бирақ "Бабурнама"да тилге алынған, жүзлеген жыллар даўамында ата-бабаларымыз дастурханының көрки болған сортларымыз бүгин реал дийқаншылық майданларынан қысып шығарылмақта. Қаўынның "Ишиқызыл", "Көкше", "Шакарпалак", "Бөригелле", "Көк гулобий", "Ақ набат", "Амири", ғарбыздың "Ҳайитқора", "Қара ғарбыз", алманың "Карвак", "Муз алма", "Ҳазорасп алмасы", ериктиң "Қантак", "Субҳони", "Қабақ ерик", "Ақ ерик", шабдалдың "Самарқанд қар шабдалы" сыяқлы сортлары, яғный ҳақыйқый миллий брендлеримиз бүгин дийқан атызларында, бағларда барған сайын азайып бармақта.
Халық селекциясының және бир бийбаҳа әжайыбаты әсирлер даўамында жаратылып, бүгин дүньяға белгили болған жергиликли жүзим сортлары болып есапланады. Ата-бабаларымыздың жоқары шеберлигиниң жемиси болған "Хусайни", "Ишкемер", "Қара таяқ", "Қара жәнжел", "Ақ кишмиш", "Қара кишмиш", "Кеппен сабы", "Сояки", "Паркент", "Каттақорған", "Нимранг" сыяқлы сортлар тек ғана бийтәкирар мазалылығы емес, ал жергиликли ықлымға бейимлесиўшеңлиги менен де ажыралып турады.
Елимиз жүзим сортларына оғада бай екенин институтымыз илимпазлары тәрепинен жыйналған ҳәм дала генбанкинде сақланып атырған 1812 үлгиден ибарат үлкен ампелографиялық коллекциядан да билиў мүмкин. Бирақ бүгин шеттен алып келинип атырған, суўға ҳәм дәри-дәрмаққа тойымайтуғын сырт ел гибридлериниң изинен қуўыў ақыбетинде мине усындай сийрек ушырасатуғын жүзим сортлары да санаатқа қолайлы жүзим атызларында аз қалды.
Көпшилик билмеўи мүмкин: бүгин далаларымыздан жойтылып, тек ғана Өсимликлер генетикалық ресурслары илимий-изертлеў институты (ӨГРИИ) миллий генбанкинде ғана сақланып қалған жүзлеген сийрек ушырасатуғын сорт ҳәм түрлер бар.
Миллий генбанк тек ғана илимий мәкеме емес. Ол мәмлекетимиздиң азық-аўқат суверенитетин ҳәм биологиялық қәўипсизлигин қорғайтуғын стратегиялық қалқан болып есапланады. Онда бир әсирден аслам ўақыт даўамында, яғный, 1908-жылы елимизден жыйналған ең әйемги бийдай үлгисинен баслап, 153 түрдеги егинниң 43 мың 874 генетикалық үлгиси сақланбақта. Бул генофондтың 3719 ын әйне миллий жеримизде жетистирилген сийрек ушырасатуғын жергиликли сортлар ҳәм жабайы өтмиштегилер қурайды.
Бүгин туқым миллий генбанкинде 116 түрдеги зүрәәттиң 38 мың 789 үлгиси (соннан 2714 и жергиликли сорт), атыз генбанкинде болса 37 түрдеги мийўели ҳәм жемис тереклери, жүзим ҳәм вегетативлик зүрәәттиң 5001 тири түби (соннан 1005 и жергиликли сорт) келешек әўлад ушын қәстерлеп сақланбақта. Егер бул туқым ҳәм дала генбанклериндеги жергиликли үлгилер болмағанда, бул сийрек ушырасатуғын генотиплер пүткиллей тарийх бетлерине көмилип кеткен болар еди.
Соңғы он жыллықларда елимиздиң базары ҳәм атызларын шет елден алып келинип атырған шырайлы, сыртқы көриниси жылтырақ F1 гибрид туқымлары ийеледи. Дурыс, олар дәслеп белгили товар көриниси ҳәм узақ аралыққа шыдамлылығы менен фермерлерди тартты. Бирақ бул жағдайдың артында үлкен азық-аўқат қәўипи жасырынғанын көпшилик аңламай атыр.
Сырт ел гибридлери көп суў, шексиз минерал төгин ҳәм жумсақ климат шараяты ушын жаратылған. Олар Өзбекстанның жазғы 45 дәреже ыссысына, суў жетиспеўшилигине ҳәм жердиң шорланыўына шыдам бере алмайды. Аномал қурғақшылық жүз берген жылы сырт ел гибридлери шаңы күйип, гүлин таслайды ҳәм өним демде набыт болады. Бул болса фермердиң қыйналыўына, ишки базарда баҳаның кескин көтерилиўине алып келеди.
Жергиликли сортлар болса әсирлер даўамында мине усындай экстремал шараятларда шынықтырылған. Олардың терең кететуғын күшли тамыр системасы, суўды үнемлейтуғын физиологиялық өзгешеликлери ҳәм ыссыға шыдамлы ферментлери ең аўыр қурғақшылық шараятында да турақлы өним пайда етиў имканиятын береди.
Импорт сортлар қаншелли шырайлы болмасын, дәми, мазалылығы ҳәм пайдалы элементлери менен жергиликли сортлар менен ҳеш теңлесе алмайды. Өзимиздиң қаўынларда қант муғдары 14-18 процентке жетсе, импорт гибридлерде бул көрсеткиш 8-9 проценттен артпайды. Геширимиздиң витаминлерге байлығы, "Юсупов" сортлы помидордың ликопин ҳәм қурғақ заты, ерик ҳәм жүзимлеримиздиң шыпалы микроэлементлери — миллий байлығымыз. Азық-аўқат қәўипсизлиги тек ғана қарын тойдырыў емес, ал халықты сапалы, тәбийғый ҳәм тойымлы өним менен тәмийинлеў дегени.
Гибрид туқымлардан алынған өнимниң туқымын қайта егиўге болмайды. Ол кейинги әўләдта өним бермейди ямаса белгилери ажыралып кетеди. Демек, биз ҳәр жылы туқым сатып алыў ушын сырт ел компанияларына миллионлаған доллар валюта төлеўге мәжбүр боламыз. Егер шегаралар жабылса ямаса геосиясий жағдай өзгерсе, туқымсыз қалыў қәўпи туўылады.
Елимизде жаратылып атырған заманагөй жаңа сортлардың дерлик 90 проценти мине усы миллий генофонд үлгилери тийкарында алынбақта. Мысал ушын, 2010-жылға шекем республикамызда егилген дәстүрий мәш сортларының пақалы жатып қалатуғын, собықлары пискенде жарылып кететуғын ҳәм оларды техникада орып алыўдың имканияты болмайтуғын еди. Миллий генбанктеги сийрек ушырасатуғын үлгилер тийкарында илимпазларымыз собығы ашылмайтуғын, пақалы тик өсиўши "Дурдона", "Турон", "Барқарор" сыяқлы жаңа сортларды жаратты. Нәтийжеде мәш жетистириў 100 процент механизацияластырылып, елимиздиң мәш экспортының көлеми 2010-жылдағыға салыстырғанда 50 есеге артты. Егер сол ўақытта генбанкте мәштиң генетикалық донорларын сақлап қалмағанында, бундай экономикалық жетискенликке ерисип болмас еди.
Тап сол сыяқлы, бүгин илимпазларымыз жаратқан асқабақтың "Гигант" ҳәм "Баҳадыр" сортлары етиниң қалыңлығы ҳәм сақланыў мүддети бойынша АҚШ ҳәм Канададан алып келинген "Биг Макс" сыяқлы сортларды артта қалдырды. Олардың ети "Биг Макс"тики нен 4-5 есе қалың. Бул жергиликли генофондымыздың жеңилмес күшинен дәрек береди. Егер биз бүгин ески жергиликли сортларымызды сақлап қалмасақ, ертең кеш болады. Бүгин жоқ етилген бир сорт ертең мыңлаған гектар майданның қурғақшылық алдында әззи қалыўы дегени.
Сонлықтан, бәринен бурын, ӨГРИИ миллий ген банкин республикалық әҳмийетке ийе, сийрек ушырасатуғын илимий объект сыпатында мәмлекетлик бюджеттен базалық қаржыландырыў системасына қайтарыў, оның инфраструктурасы ҳәм маман илимий хызметкерлерин зәрүр штатлар менен тәмийинлеў зәрүр.
Таўлы аймақлар, шетки оазислер ҳәм кексе дийқанлардың қыйтақ жерлеринде сақланып қалған сийрек ушырасатуғын, әйемги сортларды, сондай-ақ, жабайы ата-бабаларымыз – таў пиязлары, жабайы алма ҳәм жоңышқаны жыйнаў бойынша турақлы илимий экспедициялар системасын тиклеў ҳәм қаржыландырыў зәрүр.
Санлы ДНК паспортластырыў арқалы "биоқарақшылық"тан қорғаў, яғный миллий сортларымыздың ДНК паспортларын жаратыў арқалы оларды халықаралық патент системаларында Өзбекстанның авторлық ҳуқықы сыпатында беккемлеў зәрүр. Басқалар бизиң "Юсупов" сортлы помидорымызды ямаса "Шакарпалак" қаўынымызды өзлестирип, өзимизге сырт ел аты менен қайта сатпасын!
Жергиликли элита туқымгершилигин тиклеў бүгин жүдә әҳмийетли мәселе. Сорт сынаў критерияларына тек ғана өнимдарлықты емес, ал дәм, биологиялық сапа ҳәм жергиликли ықлымға шыдамлылық көрсеткишлерин тийкарғы талап етип киргизиў ҳәм жергиликли сорт туқымларын көбейтиўши фермерлерге мәмлекетлик субсидиялар ажыратыў керек.
Әйемги жергиликли сортлар бизиң өтмишимиз, миллий мақтанышымыз ҳәм ең әҳмийетлиси, глобал климат өзгерислери дәўиринде келешек әўладларымыздың тоқ ҳәм абадан жасаўын тәмийинлейтуғын бирден-бир ҳәм исенимли азық-аўқат кепиллиги болып есапланады. Бул ғәзийнени қәстерлеп сақлаў ҳәм келешекке жеткериў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болыўы керек.
Ҳамидулло ҲАСАНОВ,
Өсимликлер генетикалық ресурслары
илимий-изертлеў институты миллий генбанкиниң баслығы