Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Жеңистиң 81 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын алдынғы жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Саўда көлеми турақлы артып атырғаны, санаат, энергетика, металлургия ҳәм басқа да тармақларда жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў ҳәм тийкарғы тармақларда кооперация жойбарларын жеделлестириўге қаратылған өз-ара муўапықласқан илажларды көриў, сондай-ақ, аймақлар дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды буннан былай да тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.