Дүньяның қайсы мүйешине бармаң, қайсы цивилизацияның тарийхын алып қарамаң, ҳәммесинде бир ҳақыйқат бар: жәмийет ҳәм мәмлекеттиң күш-қүдирети шаңарақтан басланады. Усы киши мәканда үлкен дөретиўшилик идеялар туўылады, келешек ийелери камалға келеди. Демек, мәмлекеттиң ертеңги күни усы кишкене қорғанның ийелери менен тығыз байланыслы.

Шаңарақ — әўладлар арасында беккем көпир, қәдириятлар сақланатуғын алтын қорған, әҳмийетли социаллық институт. Сол себепли, ҳеш бир мәмлекет бул әсирлик структураға итибарсыз қарай алмайды. Жаңа Өзбекстанда болса бул мәселеде анық ҳәм избе-из сиясат жүргизилмекте.

Ҳәр жылы май айы пүткил жанажан Ўатанымыз ушын және бир жаңа мәниске ийе болады: 15-май — Халықаралық шаңарақ күни. Әйне усы сәне мүнәсибети менен мәмлекетимизде "Шаңарағымыз — келешегимиз" айлығы жәрияланған. Айлықтың мақсети терең, мазмуны кең: абадан ҳәм турақлы шаңарақлардың тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў, жаслардың шаңарақлық турмысқа жуўапкершилигин арттырыў ҳәм шаңарақ институтын және де жоқарылатыў.

Усы мәниде Министрлер Кабинетиниң тийисли мәжилис протоколы менен белгиленген бул айлық шаңарақ институтына стратегиялық қатнас сыпатында Өзбекстанның жаңаланған Конституциясы, әмелдеги нызамшылық ҳәм социаллық сиясатты да өзинде жәмлейди.

Өзгерислер ҳәм реформалар, алынып атырған жоқары шеклер бүгин 10 миллионнан аслам шаңарақтың бәринде өз көринисин таппақта. Жыл сайын шаңарақлық кәрханалардың саны артып атырғаны, исбилермен ҳәм искер шаңарақлардың қатары кеңейип атырғаны, дүньяның жетекши жоқары оқыў орынларында оқып, илим тараўында шыңларды ийелеп атырған ағартыўшылығы жоқары перзентлеримиз зыялы шаңарақларда тәрбияланып атырғаны пикиримизди және бир мәрте дәлиллейди.

"Шаңарағымыз - келешегимиз" айлығы шеңберинде ибратлы шаңарақларды излеп табыў, хошаметлеў ҳәм бай турмыслық тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў мақсет етилген. Узақ жыллар даўамында татыў жасап, перзентлерин ўатансүйиўши ҳәм ағартыўшы инсанлар етип тәрбиялаған шаңарақлар - мәмлекеттиң ең үлкен байлығы. Олардың өмир жолы жас әўладқа жол шырағы ўазыйпасын атқарады.

Сонлықтан, "Жаңа Өзбекстанның ибратлы шаңарағы" таңлаўы аймақларда үлкен қызығыўшылық пенен өткерилмекте. Таңлаў китапқумарлық, өнерментшилик, исбилерменлик, саламат турмыс тәризи, қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў, ең әҳмийетлиси, перзент тәрбиясына жуўапкершилик сыяқлы бағдарларды қамтып алады. Бул бағдарлардың ҳәр биринде елимиздиң раўажланыўы ушын әҳмийетли есапланған социаллық мәселелер орын алған. Таңлаў шеңберинде шаңарақлардың турмыслық тәжирийбеси, перзент тәрбиясына қатнасы, шаңарақтағы руўхый орталық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт дәстүрлерине итибар қаратылады.

Әскерий хызметкерлердиң шаңарақларында саламат руўхый орталық, ўатансүйиўшилик, садықлық ҳәм шаңарақлық аўызбиршиликти кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде "Жаңа Өзбекстанның ибратлы әскерий шаңарақлары" таңлаўын шөлкемлестириў белгиленген. Бул баслама ўатан қорғаўшылары шаңарақларындағы пидайылық, сабыр-тақат ҳәм ибратлы тәрбия орталығын кең жәмийетшиликке жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе.

Айлық шеңберинде садықлық, өз-ара ҳүрмет, перзент тәрбиясында жуўапкершилик, мәҳәлле ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик, миллий қәдириятларға садықлық сыяқлы пазыйлетлери менен үлги болып атырған шаңарақларды "Ибратлы шаңарақ" көкирек белгиси менен сыйлықлаў мәресимин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Өткен жылы көкирек белгисине мүнәсип көрилген еки мың пайызлы шаңарақтың дәрўазасын усы белги безеп тур. Ибратлы шаңарақлар көшесинен өткен ҳәр бир адам сыйлыққа ҳәўес пенен қарайды, өзиниң шаңарағы да бул ҳүрметке мүнәсип болыўы ушын жаңа қәдемлер таслайды. Усы жылы да еки мың шаңарақ усы жоқары сыйлық пенен сыйлықланады.

Бүгин шаңарақты қәстерлеп сақлаўшы, барлық үлкен-кишини өз әтирапында бирлестириўши ҳаял-қызлардың мийнети де мүнәсип баҳаланбақта. Быйыл билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият, исбилерменлик ҳәм социаллық тараўларда пидайы хызмет еткен 351 ҳаял-қызға "Мўътабар аёл" көкирек белгиси тапсырылды. Орайлық қалалардан баслап шетки аўылларға шекем — шаңарақ ҳәм жәмийет турақлылығына мүнәсип үлес қосып атырған бул пидайы ҳаял-қызлардың қатарында мәҳәллениң ҳүжданы, шаңарақлардың татыўлығының тымсалы болған апа-қарындасларымыз бар. Президентимиздиң "Ағартыўшы жәмийетти ағартыўшы аналарсыз қурып болмайды!" деген идеясы мине усы белгиниң мәнисинде жәмленген. Сыйлықланған ҳәр бир ҳаял-қыз тымсалында шаңарақтың, мәҳәллениң, елдиң мақтанышын көргендей боламыз.

Жаңа ғана аяққа турып киятырған, алдына үлкен шеклерди қойып, кеше ғана жаңа турмыс баслаған жас шаңарақлар шетте қалмаған. Бундай шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларда саламат шаңарақлық орталық, жуўапкершиликли ата-ана, өз-ара исеним ҳәм мийрим-шәпәәт принциплерин беккемлеў мақсетинде "Ең үлгили жас шаңарақ" таңлаўы өткериледи. Бул таңлаў болса мүнәсиплерди жәмийетте белсенди, руўхый, ўатансүйиўши ҳәм перзент тәрбиясына жуўапкершилик пенен қатнас жасайтуғын шаңарақ сыпатында көрсетиўге хызмет етеди.

Ҳәр қандай реформалардың адамлардың турмыс тәризине тәсири, жетискенликлери, кемшиликлери ҳәм перспективаларын баҳалаўшы өз барометрлери болады. Шаңарақ ҳәм гендер илимий-изертлеў институты менен биргеликте "Жаңа Өзбекстанда абадан шаңарақ модели: миллий тәжирийбе, илимий таллаў ҳәм инновациялық қатнаслар" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериледи. Әнжуманда шаңарақ институтын беккемлеў, заманагөй шаңарақ моделин қәлиплестириў, миллий қәдириятлар ҳәм илимий көзқараслардың үйлесимлилигин тәмийинлеў, сондай-ақ, шаңарақлық қатнасықларда турақлылық ҳәм абаданлықты арттырыў мәселелери додаланады.

Бүгин заманагөй жәмийетлерде шаңарақлық ажырасыўлар, жаслар арасында некеге итибарсызлық, перзент тәрбиясындағы бослықлар сыяқлы мәселелер ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Себеби олар регионаллық емес, глобал машқалаларға айланып үлгерди. Оларды сапластырыўда миллий ҳәм жәҳән тәжирийбеси үйлесиўи шәрт.

Әнжуман мине усындай платформа ўазыйпасын атқарады: илимпазлар ҳәм әмелиятшылар, сиясатшы ҳәм тәрбияшылар, мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм нураныйлар бир топар болып, ҳәзирги жағдайды таллайды, ең альтернатив усынысларды алға қояды.

"Бахытлы шаңарақлар сейили" сыяқлы сейиллерде бир неше әўлад ўәкиллери бирге жасап атырған шаңарақлар, көп жыллық шаңарақлық турмыс тәжирийбесине ийе нураныйлар, үлгили келин-күйеўлер, жас шаңарақлар ҳәм мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында қызғын пикирлесиўлер шөлкемлестириледи. Оларда шаңарақлық татыўлық, сабыр-қанаат, өз-ара түсинисиў, перзент тәрбиясы, келин-қәйин ене қатнасықлары, шаңарақта руўхый орталықты саламат сақлаў сыяқлы темалар турмыслық мысаллар тийкарында сәўлелендириледи.

Илажлар шеңберинде "Шаңарақ — муқаддес қорған", "Шаңарақлық дәстүрлер — руўхый мийрас", "Ата ҳәм ана — шаңарақ таянышы", "Перзент тәрбиясы — келешек тийкары", "Шаңарақта саламат орталық ҳәм өз-ара ҳүрмет" сыяқлы темаларда ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм руўхый-ағартыўшылық сөйлесиўлер өткерилиўи үлкен әҳмийетке ийе. Әсиресе, билимлендириў мәкемелеринде жаслар менен шаңараққа таярлық, жуўапкершиликли неке, шаңарақта өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет, ата-аналық миннети, миллий қәдириятлар ҳәм заманагөй турмыс үнлеслиги ҳаққында ашық пикирлесиўлерди шөлкемлестириў мақсетке муўапық.

Мәҳәллелерде болса "Аўызбиршиликли шаңарақ күнлери" шеңберинде шаңарақлық ажырасыўға байланыслы машқалаларды ерте анықлаў, тартыслы шаңарақлар менен индивидуал ислесиў, ҳуқықый, психологиялық, медициналық ҳәм педагогикалық мәсләҳәтлер бериў, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған әмелий илажлар өткериледи. Бул — профилактикалық қатнас. Шаңарақтағы қатнасықлар бузылыўынан алдын ерте анықлаў ҳәм альтернатив шешимлерди табыў ақыллы ҳәм әдалатлы жол.

Ҳаял-қызлар ҳәм аналардың руўхый-ағартыўшылық белсендилигин арттырыўға қаратылған "Китапқумар аналар күни" жойбары шеңберинде китапқумарлық илажлары, шаңарақлық китапқумарлық кешелери, аналар ҳәм қызлардың қатнасыўында әдебий ушырасыўлар шөлкемлестириледи. Ата-ана ҳәм перзентлерди бир китап әтирапында бирлестиретуғын бундай илажлар шаңарақта руўхый орталықты байытыўға хызмет етеди. Себеби, китапқумар шаңарақта ағартыўшы перзентлер камалға келеди. Ағартыўшы әўлад болса миллеттиң келешеги, ертеңги күни.

Шаңарақлық қатнасықларды саламатландырыўға қаратылған "Шаңарақ квести", "Сүйген аўқатты биргеликте таярлаў", "Шаңарақ дөгерегинде көремиз", "Бар болғаныңыз ушын рахмет!" сыяқлы ағартыўшылық илажлар да айрықша әҳмийетке ийе. Бул басламалар шаңарақ ағзалары арасында меҳир-муҳаббатты күшейтиў, бир-бирин қәдирлеў, ата-анаға ҳүрмет ҳәм перзентлерге итибарды және де арттырыўға хызмет етеди.

Саламат шаңарақ — саламат жәмийеттиң тийкары. Ҳәзирги күнлерде мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған "Ҳаял-қызлар спорт олимпиадасы", бир-биринен қызықлы спорт илажлары, шаңарақлық жүрислер, марафонлар, стол тенниси, шахмат, шашка ҳәм жеңил атлетика бойынша жарыслар өз әтирапында жүзлеген, мыңлаған ҳаял-қызларды бирлестире алды. Бизиң апаларымыз таўып айтқан: саламат анадан саламат перзент дүньяға келеди. Демек, ҳәр қандай раўажланыўдың басында денсаўлығы үстин. Сонлықтан, бул жарыслар аналар, шаңарақлар арасында да спортты ғалаба ен жайдырыў, турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Бул ийгиликли басламалардың тийкарын беккемлеў ҳәм шаңарақ институтын қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик сиясаттың узақ мүддетли бағдарларын белгилеў мақсетинде "2026-2036-жылларда Өзбекстанда шаңарақ абаданлығы" концепциясының жойбары ислеп шығылды. Бул жойбарды шаңарақты жәмийеттиң басланғыш буўыны, қәдириятлар, социаллық нормалар ҳәм инсан капиталын қәлиплестириўши бас институт сыпатында тән алатуғын, мәмлекетимиздиң келешектеги он жылға мөлшерленген стратегиялық картасы, деп айтыў мүмкин.

Концепцияның мазмуны терең ҳәм кең көлемли. Оған бола, 2036-жылға барып жәмийетимизде некеге кириў бойынша мәденият орнаўы, ажырасыўлар коэффициенти турақлы түрде төменлеп, шаңарақлық татыўлық және де беккемлениўи нәзерде тутылмақта. Шаңарақтағы зорлықтың ҳәр қандай көринисиниң системалы алды алынып, жәбирлениўшилер ушын мәнзилли, оператив ҳәм өз ўақтында қорғаў механизми толық иске қосылады. Шаңарақ қурамына қарамастан — толық ямаса толық емес — балалар қәўипсиз ҳәм раўажландырыўшы орталықта ержетеди.

Шаңарақлар турақлы дәрамат дәреклерине ийе болып, жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетилип атырған жәрдем оларды экономикалық жақтан еркин субъектке айландырыўға бағдарланады. Ҳәр бир шаңарақ ағзасына медициналық ҳәм психологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылады, қыйын турмыслық жағдайға түсип қалғанлар болса өз мәҳәллесинде ямаса ең жақын хызмет орнында комплексли жәрдем ала алады.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, концепцияда балалардың абаданлығы, қәўипсизлиги, физикалық ҳәм интеллектуаллық раўажланыўы тийкарғы әҳмийетке ийе. Заманымыздың жаңа глобаллық мәселелери - мийнет миграциясы, санлы мәкандағы қәўип-қәтерлер, санлы зорлық, танысыў платформаларының тәртипсизлиги сыяқлы әҳмийетли мәселелерге де анық шешимлер усыныс етилмекте.

Соның ишинде, трансшегаралық ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем көрсететуғын көп тармақлы "исеним телефоны" ҳәм онлайн мәсләҳәтлесиў системасы, аралықтан медиация хызметлери, сондай-ақ, "Шаңараққа жақын жумыс бериўши" стандарты тийкарында жеке өмир ҳәм мийнет тең салмақлығын қорғаў механизмлери басқышпа-басқыш енгизиледи.

Соның менен бирге, концепция шаңарақты экономикалық ямаса социаллық бирлик емес, бәринен бурын, халқымыздың руўхый-әдеп-икрамлылық, мәдений ҳәм тарийхый қәдириятларын қәстерлеп сақлаўшы муқаддес дәргай сыпатында тән алады. Өйткени, абадан шаңарақ материаллық турақлы болыўы менен бирге, ўатанға муҳаббат, әўладлар арасындағы өз-ара ҳүрмет, ана тилине садықлық, миллий өзликти аңлаў сыяқлы пазыйлетлерди перзентлерине тәбийғый сиңдире алатуғын орын болып есапланады. Атап айтқанда, шаңарақ қәдириятлар әўладтан-әўладқа үзликсиз өткерилетуғын, орнын басқа бирде-бир институт пенен толтырып болмайтуғын бирден-бир мәкан болып есапланады.

"Бахытлы шаңарақ" модели машқалалардан пүткиллей жырақ идеал структураны емес, ал жүзеге келип атырған социаллық, экономикалық ҳәм психологиялық қыйыншылықларды өз бетинше жеңип өте алатуғын, жетерли ишки ресурслар ҳәм системалы қоллап-қуўатлаўға сүйенген шаңарақты нәзерде тутады. Мәмлекет бул жерде шаңарақтың орнын баспайды, оның ишки жуўапкершилигин мойнына алмайды, ал шаңарақ өз қәдириятларын беккемлеп, кейинги әўладларға мүнәсип мийрас қалдырыўы ушын зәрүр шараятты жаратып береди. Әҳмийетлиси, бул концепция БМШтың тийисли конвенциялары, Турақлы раўажланыў мақсетлери ҳәм халықаралық мийнет стандартлары менен үнлес ҳалда әмелге асырылады. Бул болса елимиз шаңарақ сиясатының да миллий, қалаберди, глобал талаплар дәрежесинде екенин және бир мәрте тастыйықлайды.

Бүгин елимиздеги ҳәр бир жәмийетлик-сиясий реформа орайында инсан ҳәм оның қәдири турыпты. Ҳәр бир инсан шаңарақта өседи, шаңарақта камал табады. Шаңарақ қаншелли беккем болса, жәмийет соншелли турақлы болады. Шаңарағымыз бизиң ертеңимиз, келешегимиз. Келешек бүгиннен басланар екен, демек, бүгин шаңарақлар бахытлы жасаўы керек. Өз шаңарағымызды сақлаў ҳәм беккемлеў болса ҳәр биримиз ушын жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы миннет.

Зулайҳо МАҲКАМОВА,

Бас министр орынбасары — 

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы