Усы күнлерде Өзбекстанның барлық аймақларында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, мийнет ветеранлары ҳәм фашизм үстинен ерисилген Жеңиске үлес қосқанларды еслеў илажлары өткерилмекте.

Усындай ушырасыўлардың бири Ташкент қаласының Чиланзар районында жасайтуғын Ленинград блокадасының ветераны Тамара Соколованы барып көриў болды. Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Азиз Тошпўлатов мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўын тиккелей оқып еситтирди ҳәм естелик сыйлықларын тапсырды.

Урыс жылларындағы аўыр ўақыялар менен тәғдири үнлес болған Мария Дегтярева, Николай Петрунин, Анна Каримова, Мария Камарова, Наталя Спивак, Надежда Кудрицкая, Алла Фунтикова сыяқлы басқа да ветеранларға қутлықлаў ҳәм саўғалар тапсырылды.

Ушырасыўларда ветеранлар басынан өткен сынақлар ҳаққында өз еске алыўлары менен бөлисип, тынышлық-татыўлық, инсаныйлық айрықша қәдирленетуғынын атап өтти.

Ишки ислер министрлиги бундай илажлар мәмлекетимиздиң барлық аймақларында өткерилип атырғанын атап өтти. Ишки ислер уйымларының хызметкерлери ветеранларды зыяратлап, олардың мәртлиги, пидайылығы ҳәм елимиздиң тыныш келешегине қосып атырған үлеси ушын ҳүрмет-иззет, миннетдаршылық билдирмекте.