Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Сербия Президенти Александр Вучичтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

2025-жыл октябрь айында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде еки мәмлекеттиң көп қырлы бирге ислесиўин және де беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

Ҳүкиметлер, парламентлер, исбилермен топарлар дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлер, гуманитарлық алмасыўлар кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыўды көбейтиў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы, туризм ҳәм көплеген басқа да әҳмийетли тармақларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаўға тийкарғы итибар қаратылды.

Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде усы жылы Белград қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.

Шөлкемлескен мийнет миграциясы, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар режесин додалады.