Өзбекстан менен Қытай арасындағы жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Орайдың мәмлекетимиздиң Қытай менен көп қырлы бирге ислесиўин беккемлеўге қосып атырған үлкен үлеси атап өтилди. Биргеликте инфраструктураны раўажландырыў, инвестициялар ҳәм "жасыл" санаат тараўларында бир қатар жойбарлар әмелге асырылды.

«JDB Group» компаниясының Өзбекстандағы жумысының тийкарғы бағдарлары сыпатында заманагөй қала, транспорт ҳәм санаат инфраструктурасын, сондай-ақ, геология тараўын раўажландырыў белгиленген.

Ушырасыў жуўмағында усы компания қатнасыўында әмелдеги ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириўге келисип алынды.