Қоршаған орталықты қорғаў, турақлы раўажланыў ҳәм климат
қәўиплерине қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары
көрип шығылды.
Бирге ислесиў, соның ишинде, миллий экологиялық баянатлар
таярлаў, қоршаған орталықты мониторинг етиў системасын жетилистириў ҳәм
институционаллық потенциалды беккемлеў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.
Атқарыўшы директор Өзбекстанда әмелге асырылып атырған
"Жасыл мәкан", "Биологиялық мийрас", "Таза ҳаўа",
"Шығындыдан жырақ аймақ" ҳәм "Эко мәденият" миллий
жойбарларына жоқары баҳа берди. Олардың экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм
халықтың турмыс сапасын арттырыўдағы әҳмийети атап өтилди.
Ингер Андерсен, сондай-ақ, Өзбекстан Президентиниң усы
саммитте билдирген басламаларын әмелге асырыў бойынша әмелий шерикликти
кеңейтиўге таяр екенин билдирди.